2021-10-29 10:06:47
ӘЛЕМДЕ НЕ ГӘП? ДЕГЕН СОРАУҒА ЖУАП Гез келген ересек адамның хәзирги тәшиуиши, қымбатшылық хәуиж алып, азық-ауқат, тауарлардың күн сайын қымбатуы. Бирақ оның келип шығу себебин хәр кимде айыра алмайды, негизги себебин басшылардан көреди. Бирақ басшылардың да басшылары бар жоқарыда. Бугинги темамыз солар туралы қысқаша түсиник.
Дунья жүзиндеги үстемликке үлкен төбелестиң ғажжа ғаж қызып, енди ким күшейип, ким әлсиреп атырғаны, ким жеңетини де белгили болды. Бул қағидасыз төбелесте рингинде ең ауыр салмақтагы үш алып мәмлекет элиталары гүреспекте. Раунд қашан тамам болары белгисиз, бирақ Россияменен Қытайды бир қолыменен нокаут қылып журген АҚШ әлсирегени хәммеге аян болды.
Хәзирги пайытта дунья мамлекетлериниң АКШ, Россия хәм Кытайдын алма гезек рингке шыгып төбелесуин, «болельщиклердиң» екиге болинип, Европа бакырысып АКШ ты колласа, екинши болеги Азия, Латын Америкасы, қорыққанынан, тым тырыс отырганының гуасы болып отырмыз. Россия күшейген сайын оның битарап болельщиклериниң көбейгенин байкалады.
Енди соңғы раунда ким жеңеди деген сорауға айтарымыз; АҚШ тын компьютердиң клавишин басып (Қумыраны сипап жин шақырғандай) хәммени сатып ала беретин қағаз ақшасыда, цифрларыда, ашкөзликтен кобейип кетип, оган зат шыгарып бериуге казба байлыкларда, завод фабрикаларга электр куаты да жетиспей калды. Олар аш көзликпенен долларды печатлап изинен ноль косып шығара берди, шығара берди.
Сөйтип бурын Азияда 100 доллар бир айга жететин болса, енди ол бир таксидин пулына айнала баслады. Дунья мамлекетлери енди гана тусинип атыр АКШ, Европанын әсирлер дауамында өз жылтырағын (қағаз ақша, лицензия, сертификат, права на торговлю , халык-аралык уйымлар, бренды хәм т.б.) алтынға, кән байлықларына алмастырып отырғанын. Биринши гезекте соның аркасында, Батыс еллери билимли бай мамлекетлерге айланып, халкыменен де болисип қургын жасап келди.
Бирақ бул дегенимиз қалған дунья мамлекетлеринин гедейлигине олар айыплы деген келип шықпайды. Азия, Африка хәм Латын Америкасы еллериниң гедейлигине биринши гезекте олардың сауатсызлығы, қараңғылығы хәм дүньяпараз басшылары айыплы.
Хүрметли "Пикир билдиру" группасы қатнасушылары! Группага адам қосуға жәрдем бериң. Каналға жазылың https://t.me/Akhmetburkhanov
Telegram
Ахмет Бурханов
Қарақалпақстан каналы
51 viewsАхмет, 07:06