Get Mystery Box with random crypto!

БУРХАНОВ Телеграм

Telegram арнасының логотипі akhmetburkhanov — БУРХАНОВ Телеграм Б
Telegram арнасының логотипі akhmetburkhanov — БУРХАНОВ Телеграм
Арна мекенжайы: @akhmetburkhanov
Санаттар: Блогтар , Саясат
Тіл: қазақ
Жазылушылар: 250
Арнадан сипаттама

Геополитика. Война империи за новый миропорядок. Будущее у тех, кто строит новый мир вместе.

Ratings & Reviews

2.67

3 reviews

Reviews can be left only by registered users. All reviews are moderated by admins.

5 stars

0

4 stars

0

3 stars

2

2 stars

1

1 stars

0


Соңғы хабарлар 69

2021-10-16 14:50:14 Хүрметли "ПИКИР" группасы қатнасушылары! Бул Группа, "БУРХАНОВ Телеграмм" каналының пикир билдириу шакапшасы. Биринши гезекте каналға жазылың. Канал контентлерименен бөлисиң. Пикир таласуға актив қатнасың. Көкиреги ашық өмирдеги актив адамлар қатарымызды көбейтиуге улес қосың. https://t.me/AkhmetBurkhanov
99 viewsАхмет, edited  11:50
Ашу / Түсініктеме
2021-10-16 14:26:06 ХӘЗИРГИ ЗАМАН МӘМЛЕКЕТЛЕРИНИҢ КЕЛЕШЕГИ

1945 жылы дунья жүзинде 70 ке жақын мәмлекет болған болса, хәзирги күнде дунья картасында 200 ден аслам мәмлекет бар. Екинши дунья жузлик урысында СССР диң жеңиуи, Батыс колониялық империяларының тарқалуына әкеп соғып, Азия, Африкада көплеген еллер азатлық алып өз мәмлекетлерин қурыуга еристи.

Дегенменен олардың көпшилиги Батыс еллеринен тәуелсизлигине толық ерисе алмады. Елеге дейин олардың экономикасы долларға байланып Батыс еллерине қызмет етиуде. Қала берсе 70-80-90 жыллары АҚШ бөлиуге болатын мәмлекетлерди бөлшеклеп, майда шуйде атаудағы ел халықларға дейин, басқаруына қолайлығы ушын «гарезсизлик» алуға жәрдем бере баслады. Ақыр соңында СССР да тарқап «Номи нима еди?» деп Каримов айтқандай, майда шүйде мәмлекетлерде көбейип кетти.

Енди бүгинги күнде дүнья қайта бөлиниу дәуиринде кери (обратный) процесс басланып атыр. Енди кушли мамлекетлер дөгерегиндеги мәмлекетлерди өзиниң экономикалық, валюта хәм әскерий ауқамына киргизип сиясий экономикалық басқару тетиклерин бир орайға жинауға умтылмақта.

Соныңменен бирге ешбир экономикалық союзга кире алмай қалатын мамлекетлердиң ахуалы шатақ болатыны белгили болды. Себеби ешким қосқысы келмейтин, сауатсыз, халқы көп, жери, ресурсы аз; Пакистан, Бангладеш, Непал, Бутан қусаған сиңири шыққан гедей мамлекетлерде көп Оннанда басқа кимге қосыларын, я қосылмасын билмейтин, еки ортада жүрген, бирақ өз алдына күн көре алмайтын мәмлекетлер де аз емес.

Қулласы айта жағым, бул дунья уш төрт үлкен ауқамға бөлинери сөзсиз соган кире алмай, я кирмей, еки ортада калатын мамлекетлердин күни карап болары да анықлана баслады. Себеби таласушылар оларды Украина, Грузия, Ливия, Судан, Сириядай кылып бөлшеклеп тастауы мүмкин. Соның ушын хәзирден баслап қайсы "окопта" жататыныңды белгилемесең қарсы тәрептиң окопында «көп векторлы, еки жүзли» мәмлекетлерди киргизбей сатқынға теңеуиде хеш гәп емес.

https://t.me/AkhmetBurkhanov
261 viewsАхмет, edited  11:26
Ашу / Түсініктеме
2021-10-16 12:50:57
1 литр «АИ-91» бензин баҳасы 8100 сўмға шығыпты — Расул Кушербаев. Бул кетиўде ҳәммемиз (халық есабынан хызмет автомобилинде журетуғынлардан тысқары) автомобильге өмир ушын қәўпи жоқары болған газ баллонларын орнатыўға мәжбүр боламыз ямаса солайынша да алдынан ақшасын төлеп, айлап нәўбет күтип зорға жеткен автомобилимизден ўаз кешемиз. Себеби, бундай баҳалы жанылғыны көпшиликтиң қалтасы көтермейди. Маглумат ушын: АИ 92 бензинниң бахасы бүгин Россияда курс бойынша 6200 сум, Казахстанда 4350 сум. Ал 1 литр сжиженный автогаз Россияда 2900 сум, Казахстанда 2000 сум. https://t.me/AkhmetBurkhanov
Telegram
БУРХАНОВ Телеграмм
Қарақалпақстан каналы
105 viewsАхмет, 09:50
Ашу / Түсініктеме
2021-10-16 11:38:42
Алишер Қодировтың берген усынысына Шавкат Мирзиёев мүнәсибет билдирди

Ўәлаяттан шет елге кетип, мийнет етип атырған пуқараларымыз имкан излеп кеткен. Имкан излеген адам пидәйи адам болады.
Шетте жүретуғынларды дәрамат салығына тартыў ҳаққында гәп шықты. Бул улыўма тийкарсыз гәплер.
Мен, Қудай несип етсе, басшы болып ислесем, бундай болмайды.

Олар өзине ҳәм шаңарағына имкан жаратып атыр, өзин жумыс пенен тәмийинлеп атыр, шаңарағын бағып атыр.
Оларды мен өз перзентлерим деп билемен.

Makan.uz
112 viewsАхмет, edited  08:38
Ашу / Түсініктеме
2021-10-15 10:18:13 Егер өзгериуди мақсет қылсаң~японлардан өрнек алың.

Қандайда бир япон компаниясы ауыр аухалға түссе биринши орында сол компания басшысының айлығы қырқып қалынады.
Егер жағдай жәнеде қыйынласса ол жумыстан кетеди. Японияда жумыстан босатыуды төменги жумысшылардан басламайды, төбеден баслайды.

Японлардың айтыуынша "жаман әскер болмайды, жаман генерал болады!"

Р.S. Мениң еситиуим бойынша егер рас болса японияда қандайда бир техникама, үскенеме, қуллас бир нәрсе ислеп шығылса, сол дөретпениң ийеси (ойлап тапқан адам) хәр жылы сол ойлап тапқан затына ең болмаса кишкене бир өзгерис киргизбесе ол хәм патентинен айырылар екен, хәм айлықсыз қалады, және сол дөретпеси ушын атақ, сыйлық берилген болса олар бийкар етилер екен.
Сол себеп олар урыстан кейин жүдә қысқа уақыт ишинде тез рауажланып кетип СССРдан озып кетти.

Бизде де усыларды қолланса әдеуир тез рауажланар едик, сыпат дәрежемиз жақсыланар еди.
Мәселен, штат қысқартыу келсе техничкаларды емес хәмеллилерди қысқартыу керек. Шопан көбейип кетти расы.
Айлығы ең кем айлық болған (850) үш техничканы қысқартқаннан көре, айлығы 4, 5, 7, 10 миллионлық бир хәмеллини қысқартса бюджетке сол көбирек пайда.
Диссертацияны бир жақлап алып, атақ алып, мәмлекеттен пәленбай сом айлық алып, бирақ сол жақлаған иси бойынша дауамый излениулер алып бармаған алымлардан атақларын алып қойып, айлығын тоқтатсақ хақыйқый дөретиушилер, хақыйқый алымлар қалады. Сатып алғанлар болса шетке шығады.
Сонда дөретиушилик рауажланады.

@voyn13.
80 viewsАхмет, 07:18
Ашу / Түсініктеме
2021-10-15 07:28:01 «ПИКИР» группасынан «Сыйқырлы қалемге» сәлемнеме

Жансая ханым группаңа кирип
Қосық жазайын маржандай дизип
Мийманга келсең, есигимиз ашық
Бирақ, адам әкетпесе изиңе ертип

Билемен сизде көп, шайырлар өткир
Мисли сөз аспазы қолында кепкир
Пуын буркыратып, сөзлерин дизип
Мират етеди жымыйып, кеп тур

Қосықтың ийиси сизден бардыма,
Хәрредей ушып кетип қалдыма,
Дос таныслар жүрго араларыңда
Қалеминиздиң палы тамдыма?

Мен өзим, көп жүремен бүлдирип
Әдетим сол критикалау күйдирип
Жақпайды ол көп адамга, дегенмен
Мактаудыда мен билемен өлтирип

Жансая ханым группаңа кирип
Қосық жазайын маржандай дизип
Мийманга келсең, есигимиз ашық
Әкелсе адамларды изиңе ертип

Ахмет Бурханов
130 viewsАхмет, edited  04:28
Ашу / Түсініктеме
2021-10-14 23:20:18 Хүрметли "ПИКИР" группасы қатнасушылары! Бул Группа, "БУРХАНОВ Телеграмм" каналының пикир билдириу шакапшасы. Биринши гезекте каналға жазылың. Канал контентлерименен бөлисиң. Пикир таласуға актив қатнасың. Көкиреги ашық, өмирдеги актив адамлар қатарымызды көбейтиуге ұлес қосың. https://t.me/AkhmetBurkhanov
145 viewsАхмет, edited  20:20
Ашу / Түсініктеме
2021-10-14 21:58:53 МҮСӘПИРЛИК МЕНИ ШАРШАТТЫ БАЛАМ

Несийбемди ғайры еллерден тердим
Айтсам ада болмас көп азап көрдим
Бунша неге болған пешанам шор дым
Мүсәпирлик мени шаршатты балам

Сулыў шәҳәрди қалай аралайын
Сағыныштан жүрегимди жаралайын
Саў-саламат елиме оралайын
Аўылды дым ғана сағындым балам

Бес жыл болды оқыў питкергениңе
Шүкирлигим көп-аў жеткергенине
Неше миллионларды өткергениме
Ишимнен сарсылып жылайман балам

Жыллар бойы от басымнан айрылдым
Лашын едим,қанатымнан қайрылдым
Аўыр жүк көтерип белден майрылдым
Бул күнлерим умыт боларма балам

Оқытып едим өз елинде жүрсин деп
Халқым менен бирге ойнап күлсин деп
Жоқары мағлыўмат алып,жүрек дүрсилдеп
Дипломыңды көрип қуўандым балам

Көп жыл күттик еле саған жумыс жоқ
Жумыс тапсаң болар еди кеўил тоқ
Дым басылып қалдың,жигит едиң шоқ
Көзиң қуўаныштан жайнамас балам

Өзимди жубаттым табылып қалар
Күтпегенде бирден ығбалың жанар
Қайтқым келип бармақларым күн санар
Сизлерди дым ғана сағындым балам

Әрманладым,жақсы жумыс табар деп
Қартайғанда аўзыма ас салар деп
Ел-халқымның бир кәрине жарар деп
Үмитиңди ҳасла сөндирме,балам

Көп күнлерим өтип атыр қазақта
Аўыр жумыслардан жаным азапта
Тирилей-ақ жанғандайман дозақта
Үйиме дым қайтқым келип тур балам

Жасым келип қалды мине алпысқа
Давлениеге қосылып тур дем қыспа
Қорқаман өлигим қалмағай тыста
Күн көрис дым қыйын болды ғой балам

Дипломыңның шаңларын сен артып тур
Мүсәпирлик дым жаныма батып тур
Жумыссызлық көп бәлеге шатып тур
Бәрҳа үмит пенен жасадым балам

Жумыссызлық көп бәлеге шатып тур
Соны ойлап мениң басым қатып тур
Азлы-көпли жиберейин жол кирей
Билет алып қасыма келеғой,балам
........................................
Бул жер еле зор болады,көрермен
Қудайдың не жазғанына көнермен
Пенсионерлер пенсияға шыққанша
Өзге елде несийбемди терермен.

Аллекеева Перида
Қанлыкөл районы Қанлыкөл АПЖ
334 viewsАхмет, 18:58
Ашу / Түсініктеме
2021-10-14 11:48:26 Channel name was changed to «БУРХАНОВ»
08:48
Ашу / Түсініктеме
2021-10-13 09:47:51 БӘЛЕНТПӘРУАЗ ГӘПЛЕР МӘКАНЫ

Енди бизлер ғарезсизбиз деди трибунадан ел басшысы 30 жыл бурын. Әсирлер бойы әрман еткен ниетимизге жеттик, енди биз азат мәмлекетпиз деди телеэкраннан диктор. Қызыл Империяның қанлы пәнжесинен босадық, енди «экономикалық чудо» орнатамыз деди Сарай басшысы.

Сингапурдей мәмлекет боламыз деди бир уәзир, тап океанның дәрбент жолында отырған, хожайынның қызметкериндей. Орта Азия «жолбарысына» айналамыз деди, және бир уәзир, тап океанның ортасында хожайынның үлкен базарын ийелеп отыргандай.

Жыллар өткен сайын усы гәплер хәр қыйлы муқамға дөндирилип айтыла берди. Том-том китаплар, километрлеп косықлар жазылды. Жылда үлкен байрам, концертлер уйымластырып, усы азат болған күнди тойлау дәстүрге айланды. Уақыт өткен сайын бәлентпәруаз гәплер гүжип, хәуиж алып пүткил халықтың санасына сиңип кетти. Күнде концерт күнде тойдан халық шаршай баслады.

Аш қарынға мәслик қурыуға адамларды үйрету Сарай басшыларынада аңсатқа түспеди. Бурынғы бағып турған Қызыл Империя жоқ. Музыка шертип қосықпенен алдастырып, халық дастурханын омырмаса, сарай қызметкерлериниң басқа жийтин жериде қалмады. Енди бурын халықты қуллықта устаған, қанқор Қызыл Империядан қалған завод, фабрикалар жоқ, жабылып тоқтап қалды, үскенелери металлаломға сатылып, имаратларын меншикке өтип кетти.

Жумысшылары кими қайда, биразы базарға, биразы шет ел асып, талап излеп кетти. Совхозлар тарқатылып жумысшылары айлыққа күн көретин қуллықтан азат етилди. Шамасы барлары қалаға көшти, кете алмағанлары, мал асырап, огород егип күнин көруге тырысты. Жыллар өте берди, бирақ халықтың турмысы жақсарудың орнына ауырласа берди.

Ким айыпдар? Деди - Ел басшысы трибунадан. Әлбетте Қызыл Империя! Деди Сарай қызметкери. Олар бизиң сана сезимизди уулап оқыту ушын мектеплер, қуллық азабынан ауырмау ушын Больницалар салған. Байлықларымызды әкетиу ушын темир жол, асфальт жоллар төсеген. Хәмме шоғырланып жасап, жумсауға қолай болу ушын завод, фабрикалар, имарат, үйлер қурып, свет газ тартқан.
Айта берсең қанқор Қызыл Империяның зулымлықларында шек жоқ, оны хәзирги жасларымыз билу керек деди, атақлы профессор сарай тарихшысы.

Арадан және бираз жыл өтти. Бүгинги күнде не ислеймиз? Кимде кандай усыныс бар деп сорады жаңа басшы. Бурынғы басшымыз аузымызға қақпақ қойып айттырмай келди. Бәрине айыплы Қызыл Империя екени сөзсиз, бирақ ол, "Буйик келажак" буякта деп, бизди айланба жолдан ертип кетти деди Сарай уәзири. Енди биз хәммесин кайтадан баслауымыз керек деди, және бир Сарай ақылгөйи.

Оо Эврика! Таптым, таптым. Ренесанс жасаймыз, Жаңа Ел қурамыз, деди Сарай ақылгөйи. Жасларымыз сауатсыз болып қалды деди, және бир Сарай қызметкери. Бизиң келешегимиз жаслар, бизге сауатлы, Уатан ушын жан беретин оқытушылар, муғалимлер керек деди және биреуи. Сөйтип жиналыс қызып кетти, шаппатлар урылып, том-том китаплар, километр қосықлар жазыла баслады... Концерт дауам ете берди... Халық бурынғыдай өз машқаласыменен бир жақта қалды.

Хүрметли "Пикир билдиру" группасы қатнасушылары! Группага адам қосуға жәрдем бериң. Каналға жазылың https://t.me/Akhmetburkhanov

Telegram
Ахмет Бурханов
Қарақалпақстан каналы
296 viewsАхмет, edited  06:47
Ашу / Түсініктеме