Get Mystery Box with random crypto!

БУРХАНОВ Телеграм

Telegram арнасының логотипі akhmetburkhanov — БУРХАНОВ Телеграм Б
Telegram арнасының логотипі akhmetburkhanov — БУРХАНОВ Телеграм
Арна мекенжайы: @akhmetburkhanov
Санаттар: Блогтар , Саясат
Тіл: қазақ
Жазылушылар: 250
Арнадан сипаттама

Геополитика. Война империи за новый миропорядок. Будущее у тех, кто строит новый мир вместе.

Ratings & Reviews

2.67

3 reviews

Reviews can be left only by registered users. All reviews are moderated by admins.

5 stars

0

4 stars

0

3 stars

2

2 stars

1

1 stars

0


Соңғы хабарлар 68

2021-10-18 17:47:34 Хүрметли "ПИКИР" группасы қатнасушылары! Бул Группа, "БУРХАНОВ Телеграмм" каналының пикир билдириу шакапшасы. Биринши гезекте каналға жазылың. Канал контентлерименен бөлисиң. Пикир таласуға актив қатнасың. Катарымызды көбейтиуге улес қосың. https://t.me/AkhmetBurkhanov
48 viewsАхмет, 14:47
Ашу / Түсініктеме
2021-10-18 16:31:09 ӨЗБЕКСТАН НЕГЕ ЖАРЛЫ?

Бул сорауға жауап бериу ушын, ис жүзиндеги мысаллардан келтирип өтсек, гез келген адамға түсиникли болары анық. Мысалы: Өзбекстан автомашина шығарамыз деп мақтанады, негизинде "Узавтомоторс" сол машиналарды Кореядан запчасть күйинде әкелип Асака конвееринде жинайды.

Тапқан табысының негизги бөлиги, сол таяр запчастьларды импортлауга кетеди. Қалган табысы салық, коррупция, соныңменен пайданың орнына зиян (убыток) шығып, машинаны халқына еки есе бахаменен сатады. Бирақ машинасын қымбат бахада сыртқа сата алмайды, ал сатпайын десе импорт ислеу ушын валюта (рубль, тенге) керек. Сол ушында оларға аламан деген бахасында усынады.

Екинши жағынан бул үлкенлердиң майлы бизнеси, буны мәмлекет банкрот болмаса өзлигинен тоқтатуға ашкөзлиги жибермейди. Енди машинаданда майлы бизнеске келсек ол халық тутыну тауарларының импорт бизнеси: Турмыс техникаларын әкелип жинап сату, қурылыс материалларын импортлауға дейин усы «Жабық граница- импорт» схемасыменен исленеди.

Қысқаша айтқанда шет ел фирмалары өзлериниң гөне технологияларын Өзбекстан қусаған «коррупциясуйер» жарлы мәмлекетлерге арзан сатады (откат алуыда мүмкин). Олар оны Ташкент, Самаркандка акелип жинап Өзбекстанның брендименен халыққа қымбат бахада сатады. Сөйтип булар өзинше санаат мекемелери болып есапланып мәмлекеттиң кауендерлигин алады. Таможныйда «жасыл коридор» дан пайдаланады. Бирақ олар паразит карханалар, қып қызыл дел-далшы спекулянтлар.

Енди көз алдыңызга келтирип көриң, 35 млн халық жылына қанша турмыс техникаларын, ускенелер қурылыс материалларын сатып алады! «Узавтотранспорт» Айсбергтиң төбеси болса, үлкен бөлиги су астында көринбей тур. Әне сол ушында границамыздың тез арада ашылуынан үмит жоқ.

Енди ондай нәрсе басқа еллерде де бар ғо, сата бермейме деген сорау туыуы мүмкин. Бириншиден импорт мафиясы халыққа шет елде шығаруы тоқтатылған, технологиясы гөнерген техникаларды арзанға запчасть кылып алып келип, жинап, халыққа еселеп қымбатка сатады. Екиншиден халықтын ақшасы негизинен соларды байытуға жумсалып, ишки бизнести рауажландыруга акшасы калмайды, ол халық турмысының нашарлауына әкеледи. Үшиншиден олар паразит карханалар, Өзбекстанның экспорттан тапқан, мигрантлар жиберген валютасын сумга ауыстырып, импортқа жумсап қуртады.

Өзбекстан неге жарлы? Деген сорауга жауабымыз, баслы себеп миллий элитаның рэкетирлик бизнес схемасы. Егер Өзбекстан элитасы, базар экономикасына әмел қылып заманға сай бизнес жасаса өзлери буннанда бай, халқыда буншама жарлы болмас еди. Бирақ олар аңсат байыу жолында, халық байыса бизде байыймыз деген, Президент айтқан принципти ойлап та жүрген жоқ. Хүрметли "ПИКИР" қатнасушылары! Пикир билдируге актив қатнасың. Группаға Адам қосуға жәрдем етиң. Унаған темаларменен бөлисиң.
https://t.me/AkhmetBurkhanov
Ахмет Бурханов
171 viewsАхмет, edited  13:31
Ашу / Түсініктеме
2021-10-18 12:24:40 Почему сделанное тобой, к тебе же и вернётся.

В начале 20-го века один шотландский фермер возвращался домой. Проходя мимо болота, он вдруг услышал крик о помощи. Фермер побежал на голос, и увидел мальчика, пытавшегося выкарабкаться из трясины.

Фермер быстро срубил толстый сук, осторожно приблизился, и протянул ветку утопающему. Когда мальчик выбрался, он долго не мог унять слёзы, он весь дрожал.

- Пойдём ко мне в дом, - сказал фермер. -
Тебе надо успокоиться, и согреться.
- Нет-нет - мальчик покачал головой, -
Он, наверное, очень волнуется.

Поблагодарив своего спасителя, мальчик убежал. А утром фермер увидел, что к его дому подъехала карета, запряжённая породистыми скакунами.
Из кареты вышел хорошо одетый джентльмен, и спросил.

- Это вы вчера спасли жизнь моему сыну?
- Да, я, - ответил фермер.
- Сколько я вам должен?
- Не обижайте меня, господин. Вы мне ничего не должны. Я поступил так, как должен был поступить нормальный человек.
- Нет, я не могу оставить это просто так, потому что мой сын мне очень дорог.
Назовите любую сумму, - настаивал посетитель.
- Я больше не хочу говорить на эту тему.
До свидания. Фермер повернулся, чтобы уйти. И тут на крыльцо выскочил его сынишка.
- Это ваш сын - спросил гость.
- Да, - с гордостью ответил фермер, поглаживая мальчика по голове.
- Давайте сделаем так. Я возьму вашего сына с собой в Лондон, и оплачу его образование.

Если он так же благороден как его отец, то ни вы, ни я, не будем жалеть об этом решении.

Прошло несколько лет. Сын фермера закончил школу, потом медицинский университет, и вскоре его имя стало всемирно известно, как имя человека, открывшего пенициллин. Его звали Александр Флеминг.

Перед самой войной, в одну из лондонских клиник, поступил с тяжёлой формой воспаления лёгких, сын того самого джентльмена. Как вы думаете, что спасло его жизнь в тот раз - Да пенициллин, открытый Александром Флемингом.

Имя джентльмена, давшего образование Флемингу было Рандольф Черчилль. А его сына звали Уинстон Черчилль, который впоследствии стал премьер-министром Англии.
Возможно, именно эти события вспоминал Уинстон Черчилль , говоря:
«Сделанное тобой, к тебе же и вернётся».
68 viewsАхмет, 09:24
Ашу / Түсініктеме
2021-10-18 12:03:22 ШЕГЕ ХӘМ ЖИГИТ

Өмирде бир қызбалау жас жигит болған екен. Өзин устай алмай ағайинлерине, жора жолдасларына ауыр сөз айтып ренжитип қоя береди екен. Әкеси баласына жаза ретинде, бир қалта шеге берип, хәр ашуың келгенде бағанаға (столб) бир шегеден қағасаң депти.

Жигит әкесиниң айтқаны бойынша, қызбалыққа салынған гезде үндемей барып бағанаға шеге қағады екен. Бир хәпте ишинде қызбалығыда азайып, қаққан шегесиде азайып барыпты.

Сөйтип бир күни минези дүзелип, шеге қаққандай себепте болмапты. Сонда әкеси, адамларменен өзиңди жақсы тұтқан сайын енди бир шегеден суырып бар депти. Баласы яхшы деп, кишипейиллик танытқан сайын бағанадан бир шегеден суырып отырыпты.

Бир күни шегеде таусылыпты. Сонда ол әкесине көрдиңизбе шеге қалмады бағанада депти. Сонда әкеси көрдим, бирақ сен қанша тесик қалдырдың бағанада, соны сездиңбе депти.

Әне балам көрдиңбе, биреудиң кеулин қалдырсаң қанша кеширим сорасаңда адамның кеулинде усындай тыртық қалады. Оны кеширим сорап бурынғыдай қылу мүмкин емес. Кеширседе кеулинде изи қалады, сол ушын сабырлы бол, ойланып сөйле деген екен.

Орысшадан аударған Ахмет Бурханов
36 viewsАхмет, 09:03
Ашу / Түсініктеме
2021-10-17 19:32:10 Халийла аға Дәўлетназаровтың қосығына тәсирленип.

БИЗ БӘРИНЕ ШЫДАЙ БЕРЕМИЗ

Келин мысал бардай енемиз,
Мейли деймиз текте көнемиз,
Тастан қатты сабыр денемиз,
Биз бәрине шыдай беремиз.

Жумыссызлар,.... суўсыз кемемиз,
Сырт еллерге барып келемиз,
Тийин-тебен сырттан теремиз,
Биз бәрине шыдай келемиз.

Аўылда жер егин егемиз,
Суўсыз қалып жәбир шегемиз,
Талпынсақта жетпей төбемиз,
Биз бәрине шыдай беремиз.

Бөлинбейтин татыў бөлемиз,
Хамелондай күнде дөнемиз,
Сабыр менен деймиз өнемиз,
Биз бәрине шыдай беремиз.

Төрди берди..бизлер көнемиз,
Жерди берди...бизлер көнемиз,
Тилди терди....бизлер көнемиз,
Биз бәрине шыдай беремиз.

Тарийхым бар..демес сөнемиз,
Уллылардан урпақ келемиз,
Келешекте еле-еле биз,
Жаңарады ески гөнемиз.


Жаңабай Анетеев.
13-октябрь 2021-жыл.

Канал @shejireqr
47 viewsАхмет, 16:32
Ашу / Түсініктеме
2021-10-17 12:50:59
Салыктан азат мигрантлар базми. Басланды димпалахштан
116 viewsАхмет, edited  09:50
Ашу / Түсініктеме
2021-10-17 09:47:51 Хүрметли "ПИКИР" группасы қатнасушылары! Бул Группа, "БУРХАНОВ Телеграмм" каналының пикир билдириу шакапшасы. Биринши гезекте каналға жазылың. Канал контентлерименен бөлисиң. Пикир таласуға актив қатнасың. Көкиреги ашық өмирдеги актив адамлар қатарымызды көбейтиуге улес қосың. https://t.me/AkhmetBurkhanov
9 viewsАхмет, 06:47
Ашу / Түсініктеме
2021-10-17 08:59:21
192 viewsАхмет, 05:59
Ашу / Түсініктеме
2021-10-17 08:38:51
Американский эртак, узбекский ҳақиқат буёғи

https://telegram.me/joinchat/AAAAAEC3FZ6kdZ99w4BwBg
113 viewsАхмет, 05:38
Ашу / Түсініктеме
2021-10-17 01:16:58 БАЛА ХӘМ АЛМА ТЕРЕГИ
Бир бала хәм Алма тереги болган екен. Бала, Алма агашына келуди, алмаларын жеп, саясында күни бойы ойнап, шакаларына минип тербелгенди хәм саясында күни бойы ойнаганды жаксы көреди екен. Ойыннан шаршап сол Алма теректиң саясында уйыклап калады екен. Алма агашыды озин жүда бахытлы сезип, баланың келуин хәр куни асыгып күтер екен.
Уакытлар өте берипти, Балада ержетип Алма агашына келмей кетипти. Алма агашы Баланы уайымлап сагынып күнлерин жалгыз откизер еди. Бир күни Бала Алма агашына келипти, сонда ол куанып кетип - мениңменен ойна, мен сени катты сагындым депти. Сонда бала оган - сениңменен ойнайтындай мен енди бала емеспен, менин кеуил көтергим, қыдыргым келеди, бирақ ақшам жок депти.
Өкинишли ақ депти Алма агашы, яхшы онда мениң алмаларымды алып кет, сатсаң акша болады, сол акшага кыдырып кеулинди көтер депти. Бала Алма агашынын барлык алмаларын терип акетипти. Алма агашыда балага көмек бергенине куанып озин жүда бахытлы сезипти.
Бир кунлери бала жигит болып Алма терегине келгенде, теректин куанышы койнына симай, Балага - Менинменен ойнауга келдинбе, шакаларымда тербелип ойнаса, баягыдай болып, сол гезлери кандай бахытлы едик депти. Бала Алма терегине - Менин уактым жок сенинменен ойнайтын, менин машқалам көп, үйлениуим керек, үй керек депти.
Менин үйим тогайда го депти Алма тереги, бирак сен мениң шакаларымды кесип әкетего үй салып аласан депти. Бала Алма терегинин барлык шақасын қырқып әкетипти сөйтип үй салып алган екен. Алмада бул реттеде жәрдем бергени ушын өзин жүда бахытлы сезипти.
Жаздын бир ыссы күнлеринде ересек киси болган Бала, Алма терегине кайта келипти. Алма тереги жане толкып қуанып кетип баладан сорапты: Мениңменен ойнауга келдинбе десе Бала: Як мен бираз жасасамда корген нарсем жок, омирден шаршадым, маган кеме керек, баска журтларга жүзип кетким келеди депти. Енди менин алмамда шакаларымда жок, дингегимди кесип алагой депти. Ересек киси (бала) Алма агашы дингегин түбиринен кесип алып, кеме жасап алысларга жузип кетипти.
Жыллар отип Бала абден картайган сон Алма терегине кайта келипти. Сонда Алма тереги Балага: Дым окинишли ак, менин саган беретин алмамда, шакамда хәм дингегимде жок депти. Сонда Бала (гарры), мен картайдым, менин тисимде жок алма жийтин десе - Алма агашы менде тек саган беретин түбиримнен, өли тамырымнан басқа нәрсем қалмады деп жылап жиберипти. Сонда гарры (бала) мен әбден картайдым, хеш нәрсе керек емес, шаршадым дингекте отырып дем алайын депти. Отыр балам, отыр демиңди ал депти бурынгы Алма тереги. Кесилген дингекте отырып гарры (бала) мызгып кетипти Алма тереги түбинен кесилген дингектен басқа нәрсеси қалмасада Баланын (гаррынын) устинде отырып дем алып отырганына, озин жүдә бахытлы сезипти дийди, айтушылар. Орысшадан аударган Ахмет Бурханов
4 viewsАхмет, 22:16
Ашу / Түсініктеме