Get Mystery Box with random crypto!

ЗАМАН КЕЛИПТИ ЕЛГЕ ӘЖАЙЫП Ел рауажланып халқымыз байып Дарья | БУРХАНОВ Телеграм

ЗАМАН КЕЛИПТИ ЕЛГЕ ӘЖАЙЫП

Ел рауажланып халқымыз байып
Дарьялар тасып, теңиз улғайып
Шаруалар сансыз малларын жайып
Заман келипти елге әжайып

Заводлар салынып жумыс көбейип
Сулыу имаратларга қала көркейип
Хәкимлери халқым деп жанып
Заман келипти елге әжайып

Егин атызлары ушы қиыры жоқ
Дийханлардың дым кеуили тоқ
Жайқалган салы, мәкке атызлары
Изей кебир деген атыменен жоқ
Заман келипти елге әжайып

Айлыгы мол екен мийнет еткенниң
Әсиресе қаниге, билими өскенниң
Машинасын жаңалап ауыстырар
Қалеген адам курортқа барып турар
Заман келипти елге әжайып

Балалар жарысып мектепке барар
Муғалимлер күйип жанып оқытар
Үкимет карежетин игиликке жумсар
Басшылар жасларға үлги болар
Заман келипти елге әжайып

Адам ауырса медиклер налып
Дәрхал емлейди екен сменге қалып
Операция парасыз, дәриси тегин
Билимли врачқа жетерли айлық
Заман келипти елге әжайып

Прокурор сотлар пара сорамас
Орны босаса адам табылмас
Милициялыққа да адам урынбас
Базаркомды көрдим ешким сыйламас
Заман келипти елге әжайып
https://t.me/AkhmetBurkhanov
Ахмет Бурханов