Get Mystery Box with random crypto!

Paziyletuz | Рәсмий канал

Telegram арнасының логотипі paziyletuz — Paziyletuz | Рәсмий канал P
Арнадағы тақырыптар:
Тілек
تانگی
Еслетпе
سعل
Аўыз
Намаз
Дуа
Мақала
Пикирлеў
Кун
All tags
Telegram арнасының логотипі paziyletuz — Paziyletuz | Рәсмий канал
Арнадағы тақырыптар:
Тілек
تانگی
Еслетпе
سعل
Аўыз
Намаз
Дуа
Мақала
Пикирлеў
Кун
All tags
Арна мекенжайы: @paziyletuz
Санаттар: Дін
Тіл: қазақ
Жазылушылар: 73.94K
Арнадан сипаттама

Қарақалпақстан мусылманлары қазыятының рәсмий сайты
https://www.facebook.com/groups/1393604727481912/
https://instagram.com/paziylet.uz?igshid=9ipx3fosdr4e
https://www.youtube.com/channel/UCrMPXuoyl0Wh3wUmka5pxHg

Ratings & Reviews

4.67

3 reviews

Reviews can be left only by registered users. All reviews are moderated by admins.

5 stars

2

4 stars

1

3 stars

0

2 stars

0

1 stars

0


Соңғы хабарлар 970

2021-03-30 19:58:59
#хош_хабар

ЖУРТЫМЫЗ МЕШИТЛЕРИНДЕ РАМАЗАН АЙЫ ҲӘМ ТАРАЎИҲ НАМАЗЛАРЫНА ТАЯРЛЫҚ БАСЛАНДЫ

Ѳзбекстан мусылманлары басқармасы тǝрепинен мүбǝрек Рамазан айын мүнǝсип тǝризде күтип алыў, оны жоқары дǝрежеде ѳткериў ҳǝм Тарўиҳ намазларында мѳмин-мусылманларға қолай шǝрт-шǝраятлар жаратыў мақсетинде мешитлерде таярлық жумыслары басланды.
Атап айтқанда, мешитлерде Тараўиҳ намазларына қолай шǝрт-шǝраятларды таярлаў мақсетинде, усы жылдың 10-апрель, шемби күни “Азадалық күни” ѳткериледи.
Коронавирус кеселлиги менен байланыслы қурамалы жағдай даўам етип атырғанын инабатқа алған ҳалда тароўиҳ намазларында санитария-эпидемиологиялық қадағалаў күшейтириледи. Атап айтқанда, намаз оқыўшылар медициналық нықапта болыў, аралықты сақлаў, келиўшилер дене температурасын ѳлшеў, антисептикалық қураллардан пайдаланыў сыяқлы карантин тǝртип-қағыйдаларына ǝмел етиледи.


Толық танысыў ушын

Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

Интернет сайтымыз: paziylet.uz
8.5K viewsАдмин, 16:58
Ашу / Түсініктеме
2021-03-30 18:01:13
#рамазан_кирип_келмекте #аят

«Рамазан айы, адамларға ҳидаят, туўры жол ҳәм (ҳақ пенен наҳақты) ажыратыўшы ҳүжжетлерден ибарат Қуран нәзил етилген (ай). Енди сизлерден ким ол айға жетсе, ораза тутсын».

Бақара сүреси, 185-аят



Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

Интернет сайтымыз: paziylet.uz
9.2K viewsАдмин, 15:01
Ашу / Түсініктеме
2021-03-30 17:16:08
#тәрбия

САҚЫЙЛЫҚТЫ ГЕРБИШТЕН ҮЙРЕНДИМ

– Сақыйлықты кимнен үйрендиң? деп соралды бир қолы ашық инсаннан.
– Гербиштен үйрендим, деп жуўап берди.
– Ҳеш заманда адам гербиштен бир нәрсе үйрене ала ма екен?!
– Адамлардың қатар турып бир-бирине гербиш узатқанын көрдиңиз бе? Мен бир ўақытлары сондай көмекке қатнасып едим. Әжайып бир жағдайды көрип, өзим ушын керекли жуўмақ шығардым. Қашан қолымдағы гербишти берсем, олар да маған гербиш қайтаратуғын еди. Қолымдағы гербишти кейингиге созбай турсам, қолыма гербиш келмей қалатуғын еди.
– Бир ой жүритип көрдим, деди сақый бай. Ойланып қарасам, мал-дүнья да тап сондай екен. Мал-мүлкиңнен садақа қылып турсаң, Аллаҳ таала да бириңе он береди. Егер қызғаншақлық қылсаң, қолыңдағы нәрсеңнен де берекет кетеди.



https://t.me/joinchat/AAAAAEUZPAm6wk-2LZebeQ
10.9K viewsАдмин, 14:16
Ашу / Түсініктеме
2021-03-30 16:01:14 #тәрбия

ЗӘЙИД ИБН ӘЛИЙДИҢ НӘСИЯТЛАРЫ!

Тилек ҳәм қалеўлериңизди сақлаң. Аллаҳ таала берген немъатлардан гүна ислерде пайдаланбаң!

Жақсы қоңсы үйиңе берекет алып келеди.

Жасырын садақа мал-мүлкиңизди көбейтеди.

Жалқаў болма. Егер сондай қылсаң, желкеңдеги жүкти умытасаң.

Турпайы болма, Аллаҳ тааланың буйырған ҳүкмине сабырсызлық қылған боласаң.

Саған душпан болғаны ушын ақыллы инсаннан узақласқаның киби саған дос болған наданнан да узақлас. Надан адам күнлер келип саған пәнт береди. Ал, ақыллы душпан саған дузақ таслайды.

Инсанлар менен жағаласыўдан узақ жүр. Бул исиң менен бир келиспеўшиликтиң алдын алған боласаң.

Саған гүналардан тыйылыўды кеңес беремен. Аллаҳ таала да тақўалы бенделерин жақсы көреди ҳәм олар ырысқысын таба алмай жүргенде, олардың ырысқысын күтпегенде мол қылып береди.

Илим үйренип атырғанда, сол алған илимиңиздиң нурынан басқалар да пайдаланыўына руқсат бериң.

Илим ҳәр дайым итибар беретуғын нәрсеңиз болсын. Себеби, ибадаттың басы ҳәм динниң сүтини илим есапланады.


https://t.me/paziyletuz
9.0K viewsАдмин, 13:01
Ашу / Түсініктеме
2021-03-30 14:31:07
#ҳәдис #тәрбия

Күлимсиреў ҳәм шыпа

Көплеген шыпакерлер күлимлеўдиң шыпа табыўға тәсири бар екенин додалап, базы бир изертлеўлер "Шыпакердиң күлимлеўи - емлеўдиң бир бөлеги есапланады", деп келтирмекте.
Демек, сиз достыңызға яки ҳаялыңызға яки бир инсанға күлки инам етсеңиз, тап оған (өзине сездирмей) ешейин емлеў рецептин жиберип атырған боласыз. Бул да, үлкен саўғаның түрлеринен бири.
Сол ҳәм басқа себеплерге көре күлимлеў сый-саўға ҳәм садақаның түрлеринен бири есапланады.
Достым, Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа саллам не ушын “Бирәдарыңның жүзине күлимсиреп қараўың да садақа" дегенин енди түсинген шығарсыз?!


https://t.me/joinchat/AAAAAEUZPAm6wk-2LZebeQ
10.3K viewsАдмин, 11:31
Ашу / Түсініктеме
2021-03-30 13:16:08 #тәрбия

Неге күле шырай берип қараў садақа, делинген?!

Психологлар күле шырай бериўдиң тәсирин үйренип шықты ҳәм «Күле шырай бериў – өзи менен күшли мағлыўматларды алып жүреди ҳәм ол мағлыўматлар инсанның ишки дүньясына ҳәм ақылына тәсир етеди», деген шешимге келди. Олар тексериўлер даўамында ҳәр бир инсанның өзине тән күле шырайы болып, басқалардикине уқсамаўы, ҳәр бир инсанның күле шырай бериўи ҳәр түрли тәсир күшине ийе екени анықлады. Ҳәр түрли инсанлардың күле шырай бериўин сүўретке түсирип, алынған кадрларды әстенлестирип көрилгенде, ҳәр бир күле шырай бериўге мас тәризде жүздиң белгили тәризде ҳәрекетлерин көрди.
Бир инсанның өзинде бир неше түрдеги күлиў бар болып, бул күлкилер сол инсанның руўхый ҳалаты, айтқан сөзи ҳәм алдында турған адамға қарап өзгерер екен.
Бул тексериўдиң әҳмийетли шешимлеринен бири, адам күле шырай бериў арқалы басқаларға саўға берер екен. Соның ушын да, күле шырай төмендеги себеплерге көре материаллық нәрселерден үстин турар екен:
Сиз күлимлеў арқалы басқалардың қәлбине қуўаныш киргизе аласыз. Бул болса, саўғаның бир түри. Бәлким, саўғадан да әҳмийетли. Себеби, излениўлер соны көрсетеди, инсанның қуўанышқа, шадлыққа болған итияжы гейде тағам ҳәм ишимликке болған итияжынан да үстин турады. Өйткени, шадлық көплеп кеселликлерге ем болады. Ал, бул қәстеликлердиң басында болса, жүрек кеселликлери тур.
Сиз күлимсиреў арқалы мағлыўматты басқаларға жеткере аласыз. Күлимлеў арқалы жеткерилетуғын мағлыўматлар мийге қатты тәсир көрсетеди.
Магнит резонанс томография (МРТ)ның анықлаўынша, күлимлеў арқалы жеткерилетуғын хабар мийге ҳәр түрли көринисте тәсир етеди. Күлимсиреўдиң муғдарына, әлпайым яки қәлпекилигине қарап, оның мийге тәсири түрлише болар екен.
Күлимсиреў – қолайсыз жағдай себепли пайда болған ортадағы келиспеўшиликти жумсартады. Бул исти пул қыла алмаўы мүмкин. Соның ушын да, күлимлеў затлық нәрселерден әҳмийетли.


https://t.me/paziyletuz
11.0K viewsАдмин, 10:16
Ашу / Түсініктеме
2021-03-30 10:31:04 #рәўият

Топырақ ҳәм жапырақ Аллаҳ тааланың бар екенлигин билдиреди



Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

Интернет сайтымыз: paziylet.uz
10.1K viewsАдмин, 07:31
Ашу / Түсініктеме
2021-03-30 09:15:30
#ҳикмет

Ең шырайлы ҳикметлер:

Артықша мүләйимлик – әззилик.

Артықша күлки – жеңил тәбиятлылық.

Артықша рәҳәтлениў – ериншеклик.

Мал-дүньяны артықша сарплаў – ысырап.

Артықша итиятлылық – ўасўаса.

Ең қыйын сөз – кәмиллик.

Өш ҳәм кектиң абзалы – кеширим.

Ең үлкен ғәзийне – пазыйлет.

Ең қатты азап – ҳүждан азабы.

Ең гөззал муҳаббат – ерли-зайыптың муҳаббаты.

Турақлы муҳаббат – анаға муҳаббат.

Бүгинги күниңнен өрнек ал.

Өткен күниңнен тәжирийбе ал!




Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

Интернет сайтымыз: paziylet.uz
12.4K viewsАдмин, 06:15
Ашу / Түсініктеме