Көплеген шыпакерлер күлимлеўдиң шыпа табыўға тәсири бар екенин додалап, базы бир изертлеўлер "Шыпакердиң күлимлеўи - емлеўдиң бир бөлеги есапланады", деп келтирмекте. Демек, сиз достыңызға яки ҳаялыңызға яки бир инсанға күлки инам етсеңиз, тап оған (өзине сездирмей) ешейин емлеў рецептин жиберип атырған боласыз. Бул да, үлкен саўғаның түрлеринен бири. Сол ҳәм басқа себеплерге көре күлимлеў сый-саўға ҳәм садақаның түрлеринен бири есапланады. Достым, Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа саллам не ушын “Бирәдарыңның жүзине күлимсиреп қараўың да садақа" дегенин енди түсинген шығарсыз?!