Get Mystery Box with random crypto!

Paziyletuz | Рәсмий канал

Telegram арнасының логотипі paziyletuz — Paziyletuz | Рәсмий канал P
Арнадағы тақырыптар:
Жума
Жаңалықлар
Дуа
Архив
Әҳмийетли
Ихлас
تانگی
Мағлыўмат
Қутлықлаў
Мақала
All tags
Telegram арнасының логотипі paziyletuz — Paziyletuz | Рәсмий канал
Арнадағы тақырыптар:
Жума
Жаңалықлар
Дуа
Архив
Әҳмийетли
Ихлас
تانگی
Мағлыўмат
Қутлықлаў
Мақала
All tags
Арна мекенжайы: @paziyletuz
Санаттар: Дін
Тіл: қазақ
Жазылушылар: 72.05K
Арнадан сипаттама

Қарақалпақстан мусылманлары қазыятының рәсмий сайты
https://www.facebook.com/groups/1393604727481912/
https://instagram.com/paziylet.uz?igshid=9ipx3fosdr4e
https://www.youtube.com/channel/UCrMPXuoyl0Wh3wUmka5pxHg

Ratings & Reviews

4.67

3 reviews

Reviews can be left only by registered users. All reviews are moderated by admins.

5 stars

2

4 stars

1

3 stars

0

2 stars

0

1 stars

0


Соңғы хабарлар 969

2021-04-12 15:05:05
#дуўа #ораза #рамазан_2021 #рамазанның_пазыйлети

АЎЫЗ ЖАБЫЎ ДУЎАСЫ

Нәўәйту ән әсуўмә саўмә шәҳри ромәдоонә минәл фәжри иләл мәғриби, холисан лилләҳи таъааләә Аллооҳу Әкбар.

Мәниси: Рамазан айының оразасын таң атқаннан қуяш батқанша тутыўды нийет еттим. Қалыс Аллаҳ ушын, Аллаҳ Уллы.

 
   АЎЫЗ АШЫЎ ДУЎАСЫ

Аллооҳуммә ләкә сумту ўә бикә әәмәнту ўә аълайкә тәўәккәлту ўә аъләә ризқикә әфтарту, фәғфирлий мәә қоддәмту ўә мәә аххарту бироҳмәтика я арҳамар рооҳимийн.

Мәниси: Аллаҳым, усы оразамды Сен ушын туттым ҳәм Саған ийман келтирдим ҳәм Саған тәўекел қылдым ҳәм берген ырысқың менен аўыз аштым. Ҳәй, меҳрийбанлардың ең Меҳрийбаны, мениң алдынғы ҳәм кейинги гүналарымды мәғфират қыл.




Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

Интернет сайтымыз: paziylet.uz
33.9K viewsАдмин, 12:05
Ашу / Түсініктеме
2021-04-12 14:16:04 #рамазан_кирип_келмекте
#оразаның_пазыйлети

ОРАЗА ТУТҚАН АДАМНЫҢ ДЕНЕСИНДЕ НЕЛЕР ЖҮЗ БЕРЕДИ?

https://t.me/joinchat/AAAAAEUZPAm6wk-2LZebeQ
22.6K viewsАдмин, 11:16
Ашу / Түсініктеме
2021-04-12 13:00:01 #рамазан_2021 #мағлыўмат #динимизди_үйренемиз

ОРАЗА ТУТҚАН АДАМҒА МӘКРУҲ БОЛҒАН ӘМЕЛЛЕР

Мәкруҳ әмел – шәрията жаман көрилген, мақулланбаған ҳәм унамсыз ис саналады. Ораза тутыўшыға мәкруҳ болған әмеллер делингенде, оразаны бузбайтуғын, бирақ саўабын кемейтетуғын, бузыўға жақын болған ислер түсиниледи.

1. Ораза тутыўшы саққыз шайнаўы мәкруҳ. Себеби, көрген адам ораза тутпаған екен деген жуўмақ шығарады. Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: «Ким Аллаҳқа ҳәм ақырет күнине ийман келтирген болса, өзин гүманлы орынға тасламасын» деген.

2. Ораза тутыўшы ҳаял кишкене баласына аўқатты шайнап берсе болады. Бунда перзент ана сүтине тоймайтуғын болса ҳәм шайнап берилетуғын тағам болса дурыс. Шайнамай да жедириўге болатуғын тағам болса, шайнап бериў шәрт емес.

3. Ҳаял адам тағамның дәмин көриўи мәкруҳ. Бул парыз оразасында үзирсиз болса. Егер үзир себепли татып көретуғын болса, мәкруҳ есапланбайды. Ериниң қулқы, пейили жаман болса, үзир есапланады. Парыздан басқа, мысалы нәпил оразада мейли үзир болсын, я үзир болмасын, тағамды татып көриў дурыс. «Фатҳул қодийр» деген китапта «ким бир нәрсени татып көрсе, аўызы ашылмайды, бирақ мәкруҳ болады», делинген. Жуўмақ шығарылса, парыз ораза тутып атырған ҳаял ериниң қулқы жаман болмаса, тағамның мазасын, дузын татып көриўи жақсы емес.

4. Адам май ямаса пал сатып алып атырғанда жақсысын таңлап алыў ушын оны татып көриўи мәкруҳ.

5. Сүйиў, услаў ҳәм қушақлаў егер ғусылды ўәжип қылыўшы иске себеп болса мәкруҳ. Егер оразаны бузыўшы ис болыўынан қорқпаса, дурыс болады деген.

6. Күндиз болса да, кешки ўақыт болса да, ораза услаўшы ығал ямаса қурғақ мисўакты ислетсе болады. Көп уламалар күшли итияж ҳәм зәрүрлик болмаса, мисўак қылыў мәкруҳ, егер алқымға мазасы келсе, оразаны бузады деген. Биз айтамыз: мисўак қурғақ болса да, ығал болса да, күндиз болса да, аўыз ашарға жақын болса да оны ислетиў дурыс. Себеби ҳәдисте Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа саллам Айша анамыздан қылынған рәўиятта: «Үмметиме машақат болмағанында, оларды ҳәр намазда мисўак қылыўға буйыратуғын едим», деген. Саҳабалар да Пайғамбарымыз алайҳиссаламды ораза тутқан жагдайда көп мәрте мисўак ислеткенин рәўият қылған.

7. Алқымға жутпай басы ҳәм жүзине салқынланыў мақсетинде суў қуйыў дурыс, ығал таўарға оранып алыў дурыс. Таҳәраттан басқа орында аўызға суў алып шайыў мәкруҳ.

8. Таҳәрат барысында аўыз ғарғара қылып ҳәм мурыннан қаттырақ суў тартып шайыў мәкруҳ.

9. Зүлүк ҳәм соған уқсас нәрсе менен көп қан алдырып денени ҳәлсизлетиў мәкруҳ.

10. Еки-үш күн ифтарлықсыз ораза тутыў мәкруҳ.

Көзге сүрме қойыў мәкруҳ емес. Яғный оразаға зыян бермейди.


«Фатаўа Сирожия» ҳәм «Фатҳу бәби инәя» китаплары тийкарында

https://t.me/joinchat/AAAAAEUZPAm6wk-2LZebeQ
13.8K viewsАдмин, 10:00
Ашу / Түсініктеме
2021-04-12 11:01:07
#рамазан_кирип_келмекте
#рамазан_2021

Рамазаннан ўәде етилген саўапларға ҳәм сыйлықларға молдан ийе болып шығыўымызды несип етсин!

Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

Интернет сайтымыз: paziylet.uz
15.9K viewsАдмин, 08:01
Ашу / Түсініктеме
2021-04-12 10:13:10
https://t.me/joinchat/AAAAAEUZPAm6wk-2LZebeQ
24.7K viewsАдмин, 07:13
Ашу / Түсініктеме
2021-04-12 10:12:02 #рамазан_2021 #рамазанның_пазыйлети #мәнили_қосықлар

АЙЛАРДЫҢ СУЛТАНЫ КЕЛДИ РАМАЗАН

Кисенлеп шайтанларды, тутқын етип,
Не жаманлық бар болса, бәри кетип,
Сағындырдып бендени, мине жетип,
Айлардың султаны - келди Рамазан.

Жәннеттеги "Раййан" есигин ашып,
Жыл, он еки айлық жолларды басып,
Меҳир-мүриўбеттиң дүрлерин шашып,
Айлардың султаны - келди Рамазан.

Сәҳәрлик жегенге берекет берип,
Ифтарлық қылғанға саўап жеткерип,
Ҳижрий Шаъбан айдың соңына ерип,
Айлардың султаны - келди Рамазан.

Тараўеҳ намазы бағышлап рәҳәт,
Оқылар жәмәәтте жигирма ракат,
Ҳадаллап малыңды берилип зәкәт,
Айлардың султаны - келди Рамазан.

Узақлатыў ушын гүнадан бизди,
Сақлаў ушын дозақ отынан сизди,
Қараң, қуўандырып қаншама көзди,
Айлардың султаны - келди Рамазан.


Сағынбай Қурбанов
Хожели районы.
Милодий 12-апрель 2021-жыл.
Ҳижрий 29-Шаъбан 1442-жыл.

*Раййан - ораза тутқан адамлар киретуғын жәннеттиң бир дәрўазасы.
*Шаъбан - мусылманша ай аты.

https://t.me/joinchat/AAAAAEUZPAm6wk-2LZebeQ
25.0K viewsАдмин, 07:12
Ашу / Түсініктеме
2021-04-12 10:05:16
https://t.me/joinchat/AAAAAEUZPAm6wk-2LZebeQ
13.0K viewsАдмин, 07:05
Ашу / Түсініктеме
2021-04-12 09:31:48 #мәнили_қосықлар

Я Рамазан

Муқаддес ай, қәсийетли Рамазан,
Мың айдың саўабы бар, қут дарыған,
“Жас тилеги қабыл” дер халқымызда,
Оразада, айта келдим я Рамазан.

Он еки айдың султаны - Рамазан,
Оразаң қутлы болсын халқым саған,
Шын жүректен айтылған тилегимди,
Аллаҳым қабыл етсин я Рамазан.

Мына үйде ағам бар бағ-дәўлетли,
Елине сыйлы ҳәм де алп қәўметли,
Оңынан келсин исиң ҳәм әўметли,
Мәртебең аса берсин я Рамазан.

Мийўели терек басын ийип турған,
Шайқалып жерге ушы тийип турған,
Күн бурын мийуе-шийўеге толтырып,
Жеңгем бар орамалды түйип турған.

Ошақ басың аман болсын аға-жеңге,
Татыў боп, барыспаңыз сеңге-меңге,
Ул-қыздан ақлық ҳәм де шаўлық сүйип,
Перзентлердиң рәҳәтин көриң бирге.

Айтаман я Рамазан толғай-толғай,
Ырысқы-несийбеңиз молдан болғай,
Ул-қызың өмирден өз жолын таўып,
Шаңараққа бахыт қусы келип қонғай.

Ақ бесик, нәрестеден арылмасын,
Өрисиң кеңейип ҳеш тарылмасын,
Аўыз-бирлик тилеймен от-басыңа,
Аллаҳым узағына жарылқасын.

Жеңгежан ақ жаўлықлы аппақ ғана,
Бере ғой қойғаныңды сақлап ғана,
Қолы ашық, кеўили бай екен деп,
Барайын аўылыма мақтап ғана.

Ораза тутсаң ақлап парызыңды,
Аллаҳтан өтейсең сен қарызыңды,
Отыз күн оразасын баслайтуғын,
Мухаммед үмметине я Рамазан.

Дин ислам - Аллаҳыма сыйынғанлар,
Отыз күн нәпсисинен тыйылғанлар,
Рамазан - шарапаты буйырғанлар,
Ден-саўлық беккем болсын, я Рамазан.

Аспанымыз мудам бизиң ашық болсын,
Жаманлық мәңги бизден қашық болсын,
Қыз ийбели, ал келин басық болсын,
Сақлап, дәстүр-салтымды я Рамазан.

Я Рамазан мен айтаман бәриңизге,
Қәдир түни, Қыдыр енсин түсиңизге,
Тапқаныңа қут-берекет дарытып,
Периште ҳәр күн жүрсин үйиңизде.

Ел тоқшылық ҳәм де абат болсын деп,
Душпан иши күйип, жүзи солсын деп
Дуўаға қол ашқан, Арал толсын деп,
Мухаммед үмметине я Рамазан.

Тынышлық мәңги болсын елимизде,
Өнимдар ҳасыл болсын жеримизде,
Отыз күн оразада, аўыз тутқан,
Аллаҳтың нуры жаўсын бәримизге.


Ақшолпан Аманияз 05.05.2019

https://t.me/joinchat/AAAAAEUZPAm6wk-2LZebeQ
14.9K viewsАдмин, 06:31
Ашу / Түсініктеме
2021-04-09 19:46:19
#дуўа

ДҮНЬЯ ҲӘМ АҚЫРЕТ ЖАҚСЫЛЫҚЛАРЫН ЖӘМЛЕП БЕРЕТУҒЫН КӘЛИМАЛАР

Ториқ ибн Ашям Ашжаъий разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады:
"Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа салламның алдына бир адам келип: "Рәббиме дуўа қылажақ болсам, не деймен?", дегенинде:
"Аллооҳуммәғфирлий, ўәрҳамний, ўәҳдиний, ўә ъаафиний, ўәрзуқний," деп айт" деди. Усы кәлималар дүнья ҳәм ақырет ислерин жәмлеп береди".
Имам Муслим рәўият қылған;

Дуўаның мәниси: "Аллаҳым мениң гүналарымды кешир, мийримиңе ал, ҳидаят жолына басла, тынышлық бер, ырысқымды кең қылып қой".


https://t.me/joinchat/AAAAAEUZPAm6wk-2LZebeQ
20.0K viewsАдмин, 16:46
Ашу / Түсініктеме
2021-04-09 18:31:13
#ҳикмет

Ең шырайлы ҳикметлер:

Артықша мүләйимлик – әззилик.

Артықша күлки – жеңил тәбиятлылық.

Артықша рәҳәтлениў – ериншеклик.

Мал-дүньяны артықша сарплаў – ысырап.

Артықша итиятлылық – ўасўаса.

Ең қыйын сөз – кәмиллик.

Өш ҳәм кектиң абзалы – кеширим.

Ең үлкен ғәзийне – пазыйлет.

Ең қатты азап – ҳүждан азабы.

Ең гөззал муҳаббат – ерли-зайыптың муҳаббаты.

Турақлы муҳаббат – анаға муҳаббат.

Бүгинги күниңнен өрнек ал.

Өткен күниңнен тәжирийбе ал!




Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

Интернет сайтымыз: paziylet.uz
9.0K viewsАдмин, 15:31
Ашу / Түсініктеме