Get Mystery Box with random crypto!

Paziyletuz | Рәсмий канал

Telegram арнасының логотипі paziyletuz — Paziyletuz | Рәсмий канал P
Арнадағы тақырыптар:
Жума
Жаңалықлар
Дуа
Архив
Әҳмийетли
Ихлас
تانگی
Мағлыўмат
Намаз
Қутлықлаў
All tags
Telegram арнасының логотипі paziyletuz — Paziyletuz | Рәсмий канал
Арнадағы тақырыптар:
Жума
Жаңалықлар
Дуа
Архив
Әҳмийетли
Ихлас
تانگی
Мағлыўмат
Намаз
Қутлықлаў
All tags
Арна мекенжайы: @paziyletuz
Санаттар: Дін
Тіл: қазақ
Жазылушылар: 72.16K
Арнадан сипаттама

Қарақалпақстан мусылманлары қазыятының рәсмий сайты
https://www.facebook.com/groups/1393604727481912/
https://instagram.com/paziylet.uz?igshid=9ipx3fosdr4e
https://www.youtube.com/channel/UCrMPXuoyl0Wh3wUmka5pxHg

Ratings & Reviews

4.67

3 reviews

Reviews can be left only by registered users. All reviews are moderated by admins.

5 stars

2

4 stars

1

3 stars

0

2 stars

0

1 stars

0


Соңғы хабарлар 973

2021-04-08 05:00:25 #күн_ҳәдиси

САЎАП ИСЛЕРДЕ ОЗЫП КЕТТИ

Әбиў Зар разыяллаҳу анҳудан рәўият етиледи:
Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа салламның саҳабаларынан айырымлары Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа салламға айтты:
"Я Расулуллаҳ, бай адамлар мал-дүньясы менен саўап ислерде бизлерден өтип кетти. Олар бизлер намаз оқығанымыздай намаз оқыйды, ораза тутқанымыздай ораза тутады ҳәм мал-дүньяларының артықшаларын садақа етеди".

Нәбий алайҳиссалам:
"Аллаҳ таала сизлерге садақа ететуғын нәрсени қылып қоймаған ба? Әлбетте ҳәр бир тәсбиҳ садақа, ҳәр бир тәкбир садақа, ҳәр бир тәмҳид садақа, ҳәр бир тәҳлил садақа, жақсылыққа буйырыў садақа, жаманлықтан қайтарыў садақа, ҳәттеки ҳаялларыңызға жақынлық қылыўыңыз да садақа", деди.

Саҳабалар:
"Я Расулуллаҳ! Сонда жупты ҳалалымызға шәҳўат пенен барсақ та, бизлерге саўап бола ма?", деп сорады.

Нәбий алайҳиссалам:
"Егер шәҳўат ҳарам жол менен қандырылса гүна бола ма? Сол киби ҳалал жол менен қандырылса, оның ушын саўап болады", деди.


Имам Муслим рәўияты.

Тәсбиҳ: Субҳаанәллооҳ!

Тәкбир: Аллооҳу әкбар!

Тәҳмид: Әлҳамду лилләәҳ!

Тәҳлил: Ләә иләәҳә илләллоооҳ!


https://t.me/joinchat/AAAAAEUZPAm6wk-2LZebeQ
16.4K viewsАдмин, 02:00
Ашу / Түсініктеме
2021-04-08 04:30:14
#зикир

Шайх Муҳаммад Ротиб Наблусий былай дейди:
"Мен сизлерге бир усыныс айтпақшыман, өзим буны ҳәр күни таң намазынан кейин айтып шығаман. Олар төмендегилер:

1. "Әстағфируллооҳәл ъазийм ўә әтуўбу иләйҳ" - 100 мәрте.

2. "Аллооҳуммә солли ъаләә сәййидинәә Муҳаммәдин ўә ъаләә әәлиҳи ўә соҳбиҳии ўә сәллим" - 100 мәрте.

3. "Субҳаанәллооҳи ўәлҳамдулилләәҳи ўә ләә иләәҳә илләллооҳу ўәллооҳу әкбар" - 100 мәрте.

4. "Субҳаанәллооҳи ўә биҳамдиҳии, субҳаанәллооҳил ъазиийм" - 100 мәрте.

5. "Ләә ҳаўлә ўә ләә қуўўәтә илләә билләәҳи" - 100 мәрте.

6. "Ҳасбияллооҳу ўә ниъмәл ўәкиийл" - 100 мәрте.

Бул зикирлерди айтыўға шама менен 20 минут яки бираз көбирек ўақыт кетеди. Егер сиз бул зикирлерди айтсаңыз, Аллаҳ таала сизди Өзи қоллайды.




Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

Интернет сайтымыз: paziylet.uz
8.8K viewsАдмин, 01:30
Ашу / Түсініктеме
2021-04-08 04:26:02
Ассаламу алайкум!

Бүгин Пийшемби күни



Пийшемби күниңиз қайырлы болсын!

8-Апрель 2021
25-Шаъбан 1442





Аллаҳ таала бүгинги күниңизди тынышлық ҳәм аманлықта, жақсы кейпиятта, саўаплы әмеллер менен толы болып өтиўин сизге несип етсин!


https://t.me/joinchat/AAAAAEUZPAm6wk-2LZebeQ
22.8K viewsАдмин, 01:26
Ашу / Түсініктеме
2021-04-07 20:23:22
https://t.me/paziyletuz
6.7K viewsАдмин, 17:23
Ашу / Түсініктеме
2021-04-07 18:16:17
#ҳикмет

Әтирапыңыздағы адамлар сизге тәсир етеди

Муҳаммад Ротиб Набулусий айтады:
Инсанға әтирапындағы адамлар тәсир көрсетеди. Саўдагерлер менен бирге жасасаң, исбилермен болыўды қалейсең. Тақўалы инсанлар менен жасасаң, сондай тақўалы инсан болыўға тырысасаң. Егер гүна қылыўшы, пасық адамлар менен бирге бослаң, оларға уқсаўды қәлеп қаласаң. Әтираптағылардың тәсири сен ушын қәтерли жағдай. Аллаҳ таала Қураны кәриймде:
"Ҳәй ийман келтиргенлер! Аллаҳқа тақўа қылың", деп айтып турып: "Ҳәм ийманда садықлар менен бирге болың" деп тақўа жолын бизлерге көрсетип атыр.
Демек, ийманлы, инсаплы адам менен бирге дос болыў, тақўаға баслаўшы себеплерден есаланады екен. Аллаҳ таала бәршемизди Өзине ғана ибадат қылыўшы, мүтәжликлеримизди тек ғана Өзинен сораўшы солиҳ бенделериниң қатарынан қылсын. Әмийн!



Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

Интернет сайтымыз: paziylet.uz
10.0K viewsАдмин, 15:16
Ашу / Түсініктеме
2021-04-07 17:01:19
#китаплар #ораза_пазыйлети

"ОРАЗА ПАЗЫЙЛЕТИ" китабы ораза тутыўды нийет еткен әзизлеримизге оқыўы усыныс етиледи. Бул китап оразаға тийисли билимлериңиз артыўына себепши болады.

Сиз бул китапта

-ораза ибадаты;
-оразаның ҳүкимлери;
-оразаның сүннет ҳәм мустаҳаблары;
-ораза тутыўды баслаў ҳәм жуўмақлаў;
-оразада қадаған етилген ислер;
-оразада қадаған етилмеген ислер;
-ораза дастурханы;
-тараўиҳ намазы;
-лайлатул қадр;
-питир садақасы;
-рамазан ҳайыты байрамы;
-рамазанның пазыйлети;
-нәпил оразалар;
-ораза тутыў мүмкин емес күнлер;
-оразаның пайдалары;
-қурбан ҳайыты байрамы;
ҳәм оразаға байланыслы сораў жуўаплар ҳаққында мағлыўмат аласыз.


Бул китапты Нөкистеги китап дүканымыздан сатып алыўыңыз мүмкин:
Мәнзил: Нөкис қаласы, Х. Абдамбетов көшеси. «Иймам Ийшан Муҳаммад» жаме мешити жанында.
Телефон: +998 97 474 51 68


https://t.me/joinchat/AAAAAEUZPAm6wk-2LZebeQ
17.6K viewsАдмин, 14:01
Ашу / Түсініктеме
2021-04-07 15:46:18 ​​     Базылар кеширимли болыўды қорқақлық, индемей қалыўды жеңилиў деп есаплайды. Негизи, өш алыўдан көре кеширимли болыў ушын көбирек күш, индемеслик болса ҳәр қандай сөзден күшли екенин билмейди. Әттең!

Үлесиң: @ahli_sunna_wal_jamaa
9.6K viewsАдмин, 12:46
Ашу / Түсініктеме
2021-04-07 14:31:10
#Қысқа_сораў_жуўаплар

СОРАЎ: Тис алдырса ораза бузыла ма?

ЖУЎАП: Бисмилләәҳир Роҳмәәнир Роҳийм.
Оразаның ашылыў-ашылмаўы тамағынан бир нәрсениң өтиў-өтпеўине байланыслы. Тис алдырып атырғанда тамағынан бир нәрсе өтип кетпесе, ораза ашылмайды.
Тислери арасынан қан шығып, алқымға кирсе, яғный алқымнан аржағына өтип кетпесе, ораза ашылмайды. Егер алқымнан өтип кетсе, қаны түпириктен көбирек ямаса барабар болса яки дәмин сезсе, оразасы ашылады. Түпириктен аз болса, ораза ашылмайды (Роддул Мухтар). Аллаҳ таала билиўширек.



Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

Интернет сайтымыз: paziylet.uz
11.4K viewsАдмин, 11:31
Ашу / Түсініктеме
2021-04-07 13:16:14
#рамазан_кирип_келмекте #ҳәдис

Ибн Aббас разыяллаҳу анҳу айтты: «Мeн Рaсулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: «Егер үмметлерим Рамазандағы пазыйлетлерди билгенде еди, жылдың ҳәммеси Рамазан болыўын әрман қылған болар еди», дeгенин еситтим».



Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

Интернет сайтымыз: paziylet.uz
10.4K viewsАдмин, 10:16
Ашу / Түсініктеме