Get Mystery Box with random crypto!

Tilepov's Channel

Telegram арнасының логотипі tilepov_channel — Tilepov's Channel T
Telegram арнасының логотипі tilepov_channel — Tilepov's Channel
Арна мекенжайы: @tilepov_channel
Санаттар: Тілдер
Тіл: қазақ
Жазылушылар: 549
Арнадан сипаттама

Do what you love. Without wondering its result.

Ratings & Reviews

4.00

2 reviews

Reviews can be left only by registered users. All reviews are moderated by admins.

5 stars

0

4 stars

2

3 stars

0

2 stars

0

1 stars

0


Соңғы хабарлар 3

2021-06-30 12:28:53 ​​Видео дегени бир ўақытты ямман алатын жумыс екен қаттыға. Бир алдыннан ескертип қоймайсызба.

Сонда да кеше биринши сабакларды тусирдик. Еш камера алдында сойлемегендикиме уйрениспеген екенмен. Бырақ, 1-2 видеодан кейин уйренисип, дым жақсы боп кетти.

Сонда-да монтаж жумыслары бар. Соларды ислеўге азгантай ўақыт кететкен. Соның ушын онлайн тайарлық сәл кешлеў - усы хәпте ахырында яки ендиги хәпте басларында басланыўы мүмкин. Ботка, тайарлыкка косыламан дегенлерге, меншик группанын арнаўлы силтемеси (ссилка) жибериледи хәм солар биринши күнниң өзинде сабақтың 3-4 видеосын көре алады.

Алдын бир сабагынды корейк, кейин қосыламыз дегенлерге усы каналғада тек бир теманың видеосы тасланады.

Онлайн тайарлык оффлайннан қыйынлаў екен. Буны креатив шөлкемлестирмесек хәммени зериктирип қойамыз яки ешким ессайт уйренбейди.

Биз хәм көрип отырғанда уйқлайп қалмайтын хәм расында да бир нәрсе уйренитин курс ислеп атырмыз. Бәлким усы арқалы айрым педагогларды да уйретиўге стеротиплер арқалы емес жаңа перспектива менен қараўға рухлантырармыз.

P.S. Видео блог азмаз унап баслады. Келешекте инстаграмда да қызық видеолар ислеўим мүмкин. Ким инстаграмға киреди?
374 views09:28
Ашу / Түсініктеме
2021-06-29 10:48:42 Мектепте бахалаў системасы туўралы.

Билесизлерме мектепте оқыўшыларды әдалатлы бахаламайды. Мысалы, еки класс бар. Биринде күшли оқыўшылар оқыйды хәм екиншисинде күшсизлер. Күшлилер оқыйтын класста, әлбетте оқымайтын биреў болады. Егер сол оқымайтын биреўди, екинши күшсизлер оқыйтын класқа алып кирсеңиз - ол бала ең күшлилерден бирине айланады. Яғный, сиздиң бахаңыз - қасыңыстағыларға салыстырмалы қойылады, қандай хәрекет еткениңизге қарап емес. Себеби Пәленше қыйналмай күнде 5 алып атырған болса, Төленше 4 баха ушын түни менен кытап оқып шыққан болыўы мүмкин.

Сондай тәжрийбе бар, Америка мектептериниң биринде қадағалаў тести мүғаллимлер қатнасысыз, компютерлер арқалы алынады. Нәтийжелер, улыўма басқаша болып шығады, алдын журналда төмен баха алып жүргенлер ең көп балл алған ал оқып жүретинлер болса төмен баха алған. Кейин мүғаллимлер бурын өзлери билимсиз деп жүрген оқыўшыларда жасырын қәбилет бар екенин билип өз үстинде еледе ислеп сол балларға дыққатты қаратады.

Алты айлардан соң, тестти тексерген программа қәте ислегени билинип қалады. Бырақ буны оқыўшылар хәм оқытыўшыларға айтпай, қайттан қосымша тест алынады. Хайран қаларлысы, мүғаллимлер өткен тесттағы нәтийжелерди көрип оқымайтынларға дыққат қаратқан соң - олар хақыйқатында да оқыйтын балларға айланған. Ал, негизи оқып жүретинлер балы төменлеп кеткен.

Жуўмақ сондай, тестлер, мүғаллим сениң ким екениңди шешип бермейди. Сен өзиңди ким деп есаплайсаң - сол барлығын өзгерте алады. Мүғаллимлер оқыўшының потенциалын, қәбилетлерин хәрдайым жоқары бахалаўы керек хәм оларды басқа оқыўшылар менен салыстырып болмайды.
416 views07:48
Ашу / Түсініктеме
2021-06-28 20:12:26 Ата-ананың айтқанын қылыў туўралы.

Итибар бергенсизба, ата-анаңыс исле деген жумысты ислеў жақпайды. Мәнисиз, керек еместей көринеди.
Тайарлыққа баратын ўақытларда сондай еди, мамам бердақ уйди тазала десе, қойш мен тайарланайн, айелтс тапсырыўым керек - уй тазалаў екинши дәрежели дейтин едим. Кин, уйди тазалап басласам Алла исимди хәртүрли жоллар менен жеңил қылатын еди. Мысалы, түсинбеген затымды түсинип кетемен, кайтип ислеуди тусинемен - қулласы бахыт ейфориясын сезетин едим.

Вот, сизлерде не жумыс ислесенизда ата-ананыздын айткан жумысларын толык ислен. Оларды айтканлары сенин максетлерине улыума байланыслы болмауы мумкин, бырак резултат улыума баскаша болады. Ягный, олар исле деген зат тубинде, сен ислей алмайаткан жумысты жениллетеди. Бунын ата-ананыздын озида билмейди, бырак елеге дейин бул нарсе маган пәнт бермеген.

Так что, маман ыдыс-табакты жуыўып кой десе, сен ыдыс табакты жуўаман деп емес, инглиз-тилин уйренемен деп баравер. Ен кеминде, аманат дунияда ата-анаңның ностроениясын көтерип жүр. Бәри жақсы болады.

P.S. Ботка жазганлар менен озим байланысаман. Хазирше онга жакын адам агза болды, кабыллау дауам етпекте. Айткандай, курстин биринши сабагы группамызда болады. Хамме катнасып корип, кейин курсты дауам етиу яки косылмайтын болыуы мумкин. Одан алдын ешкимнен төлем талап етпеймиз.
433 views17:12
Ашу / Түсініктеме
2021-06-28 13:05:56 Демек. Төменде барлық шәртлерин оқысаңыз болады. Бисмиллаҳ деп баслаймыз, 1-июль дан. Байланыс : @tilepovreklama_bot https://telegra.ph/Effortless-English-06-28
417 views10:05
Ашу / Түсініктеме
2021-06-28 11:19:58 Демек. Төменде барлық шәртлерин оқысаңыз болады.

Бисмиллаҳ деп баслаймыз, 1-июль дан.
Байланыс : @tilepovreklama_bot

https://telegra.ph/Effortless-English-06-28
399 views08:19
Ашу / Түсініктеме
2021-06-28 10:16:52 Балким, айелтсдан тажрийбели мугаллим болса бирге ислесип корермен. Бир озиме айелтс кыйын. Егер группада сондай адамлар болса канал (@tilepov_channel) описаниясындагы ботка жазын. Талап, кеминде C1 болыуы хам опыты болыуы керек.
388 views07:16
Ашу / Түсініктеме
2021-06-28 08:05:59 Тил уйрениўде музыканың орны.

Комментариялар, маған көп жәрдем берип атыр. Кеше каналға қосық қойыўым туўралы сораған екен.

Жүда жақсы пикир. Бырақ ондай каналлар барда, мысалы @Songs_Lyrics_in_English

Тил уйрениўде қосық жүда пайдалы. Егер тек қосықты еситеверсеңиз, қулағыңыз сол тилге уйрениседи. Вот, кеше комментария корейскый, руский да уйретиң дейтинерге мәслахат. Мен онша көп тиллерди билмеймен, но егер уйренип басласам сол тилдеги 10-15 поп или хип-хоп жөнелисиндеги қосықты тартатын едим.
Қосықты мен @lybot арқалы тартаман, бул бот инлайн режимде ислейди хәмде реклама жоқ. Текстин @ilyricsbot тан табаман. Булда инлайн ислейди.

Егер қосықты айтсаңыз, онда ол pronunciation ға тәсир етеди. Сөзлерди дурыс, без акцент оқыйтын боласыз. Ўақтында think (синк) ты тхинк деп оқыйтын ўақытларымда усы зат қатты пайда берген. Бунда әхмийетлиси қосықтың сизге жағыўы, себеби тек өзиңизге жаққан қосықты миллион мәрте еситсеңизде сол емоцияны алавересиз. Хәмде тек өзиңизге жаққан қосықты - айтқыңыз келеди.

Так, сизге қандай жанрдағы яки кимниң қосықлары унайды?
403 views05:05
Ашу / Түсініктеме
2021-06-27 21:50:25 Келатырған хәпте ахырына дейин бул канал толық өшириледи. Кейиншелли, тек мен Инстаграмда бар боламан. Линк : https://www.instagram.com/tilepov_official/ Оған дейин каналымда өзиңизге керекли материал болса өзиңизге алып қалың. Хәммеңизге көп-көп рәхмет.…
404 views18:50
Ашу / Түсініктеме
2021-06-27 20:50:07 Егер блогер болсаңыз мен ислеген мына қәтелерди қылмаң.

1. Адамларды өзгертиүге хәрекет етпең.

Быр жыл бурын жеке-раўажланыўға байланыслы каналым болатын еди. Сол каналда қалай ерте турыў, ериншекликтен қутылыўға уқсайтын темаларда постлар жазғанман. 3 ай тынбай пост жазғаннан кейинги түсинген бир затым - адамларды өзгертиргеннен өзиңди өзгертиргениң жақсы. Өзиң тур азанда ерте, өзиң миллионер бол - өзиң өмирде оларға өрнек болмағанша сениң гәпиң бир тыйын.

2. Аудиторияға керек затты бериң.

Оларға мынаў қызық яқ анаў қызық деп отырма, сорап көр. Мысалы мына каналдағыларға спикинг бойынша постлар хәмде уйрениўге байланыслы мәслахатлар қызық. Ең көп тархалатын постлар - булар материаллар. Каналыңда адам 50 ден көп болса уже сенде статистикалар шығып турады, бир көрип анализ етип алсаң өзиңе пайда.

3. Реклама болмаса болмайды.

Сениң постың егер жаңалық яки дағаза болмаса, басқа адамларға үлесилмейди. Соның ушын, реклама алабериўиң керек. Бул шәрт. Баста, аудиториясы азлаў каналларда көр. Ең көп аудиторияны, өзиңдикине уқсайтын каналлардан жыйнайсаң.

4. Контент план менен исле.

Мен дерлик сол жолдан бардым, бырақ ўақтыма салыстырмалы бул кем пайдалы болып шықты. Бастан постларың қандай кетиўин көз-алдыңа келтире алсаң, бүгин не жазсам екен деп отырмайсаң.

5. Монетизатция аңсат емес.

Каналыңда реклама алыў фриланс каналларда айтылғанындай аңсат емес. Аңсат - бырақ баста рекламаға пулың болса. Макан.уз да үш жылдан кейин ақша таўып баслаған, темболее жаңалық канал. Яғный блогерликти тыйкарғы жумысың етип алыўға асықпа.


6. Тематиканы өзгертпең.

Бул қағыйданы айтып атырып өзим бузып атырман. Себеби каналим инглиз-тилине байланыслы, мен болса блогерлерге мәслахат берип атырман:) Просто менде тематика басқа тәрепке аўып атыр.

7. Блогерлер менен нетворкинг орнатып алың. Прямо мени реклама етип бериң демең, оларға керек зат тайарлап бериң. Бир рет макан.узға контент ислеп беремен деп, Лалагүл Қаллиханова (@makan_uz) менен, Интервью ислеймен деп Бахтияр Қадирбергенов (@bkadirbergenov) пенен, Кастингге қатнасаман деп Искандар Юсупов(@kruzuz) бенен танысқанман. Барлығы бир-биринен жақсы адамлар, каналын көриң, оларға қандай контент керек болса соны быйпулға ислеп бериң. Ислеп болып өзлерине жазың.

Болды. Сизде қарақалпақша каналлар барма?
435 views17:50
Ашу / Түсініктеме