Get Mystery Box with random crypto!

Tilepov's Channel

Telegram арнасының логотипі tilepov_channel — Tilepov's Channel T
Telegram арнасының логотипі tilepov_channel — Tilepov's Channel
Арна мекенжайы: @tilepov_channel
Санаттар: Тілдер
Тіл: қазақ
Жазылушылар: 549
Арнадан сипаттама

Do what you love. Without wondering its result.

Ratings & Reviews

4.00

2 reviews

Reviews can be left only by registered users. All reviews are moderated by admins.

5 stars

0

4 stars

2

3 stars

0

2 stars

0

1 stars

0


Соңғы хабарлар

2021-07-25 19:33:51
Қайсы бирине кеткен жақсы?

@tilepov_channel
179 viewsedited  16:33
Ашу / Түсініктеме
2021-07-22 06:01:04 Адамның қәлеўлериниң тарихилығы туўралы.

Инстаграмда сағатлап отырып қаласаңба? Бул таза аўырыўдай көрингени менен буның тыйкарғы жүда аййемги даўирлерге барып тахалады. Жүз мың жыллар алдында адамлар статус болыўын қәлеген. Себеби статус, хүрмет сизди аш қалдырмайды. Яғный, қыйыншылықтағы халықтан көре лаўазымлы яки патша нәзериндеги адамлар жақсылаў жасаған.

Кока-кола яки фаст-фудларды жақсы көресиз хәм көп жеп қойасызба? Буның да тыйкарғы себеби Саваннада жасаған ата-бабаларымызға барып тақалады. Олар ушын мазалы тағамлар шеңде-шең болған хәм бар ойы тек жемтик болып қалмаў яки аш болып өлип кетпеўде болған. Аш өлип кетпеў ушын ең жақсы техника илажы барынша көплеў жеў болған. Яғный, сиз жегенлериңиздиң бир бөлегин май көринисинде жыйнап жүресиз.

Мийнет аз ислегиңиз келема? Булда тарихий қәлеў. Алдынлары адамлар өзлерин қаўипсизликте сезсе илажы барынша енергияны тежеўге хәрекет еткен. Ериншеклик хәммеде тең муғдарда болады - Илон Масктада, сенде да.

Сизиң денеңиз еле бурыңғы қәлеўлер менен жасайды хәм ол раўажланбаған. Денеңиздиң мийи жоқ, ол химиялық қумшекер, фаст-фудларды танымайды. Ол еле қатты, узақ даўам етиўши ашлықтағы суўықларға тайарланып жүревереди.

@tilepov_channel
115 views03:01
Ашу / Түсініктеме
2021-07-21 19:45:36 Мен кытапларды рейтингларға қарап емес, өзим хүрмет еткен адамларымның рекомендатциясына қарап оқыўды дурыслаў көремен.

Сондай адамлардан бири Андрей Дороничев. Google да Product Manager. YouTube тың Android ушын мобил бағдарламасын тап сол адам басшылығындағы команда жаратқан. Ол туўралы биринши рет Юрий Дудьтың Кремный үлкеси туўралы фильминде көрген едим. Кейин өзи менен телеграмда байланысып, усыныс ететин кытаплары туўралы сорап инглиз-тилинде хабар жаздым. Маған док-силтеме живерди, мен ол арқалы усы кытаплар дизимин жүклеп алдым. Енди қандай кытап оқысам екен деп отырған болсаңыз, усыдан пайдаланып көриң. Пәнт бермеген.

P.S. Оның инстаграмы мына жерде.

@tilepov_channel
126 views16:45
Ашу / Түсініктеме
2021-07-21 15:55:21 Висконсин Университетиндеги Infant Learning Lab усыныс етиўи бойынша "бөпелер сойлеў қәбилетин - сойленген сөзлерден (spoken speech) көре намаға салып айтылған (sung speech) ўақтында тезлеў уйренеди". Буны аналарымыздың айтатын ҳаййиўлериненде аңласақ болады.

Музыка таза тил уйренип атырғанларда үлкен пайдалар береди. Музыканың айрым түрлери, мысалы поп жанрындағы қосықлар инглиз-тилин уйрениўде жақсы пайда береди. Тим Мёрфи буның себебин былай түсиндирген : Поп музыкаларда тез қолланылатуғын сөзлердиң комбинациясы бар хәм олар биринши хәм екинши шахслар тәрепинен қайта-қайта тәкирарланады. Нәтийжеде, тыңлаўшылар жеке хәмде емоциолық түрде өзлерин қосықтың ишинде қатнасып атырғандай сезеди.

Сондай-ақ, ересек адамлар шаўқымлы ресторан яки байрам кешелеринде қасындағының даўысын түсиниўде қыйыншылық сезеди. Ал, музыка еситип жүрген ересеклерде бул машқала салыстырмалы жүда аз болады. Шаўқымлы жерден даүысты түсине алыў жаңа тил уйренип атыранлар ушын айнықса әхмийетли.

Хешкимке сыр емес, 20-жыллардың екинши ярмында аудио-лингуал метод ең тыйкарғылардан бири болып келген. Бахытқа қарсы, хақыйқый дүния бундай емес - бизлер тилди хәрқандай шаўқым ишинде да пайдалана алыўымыз керек. Менимше Booknomy да искуственный шаўқым жоқ шығар? Барма-я?

P.S. YouTube қа "Pop Songs" деп жазың.

@tilepov_channel
189 viewsedited  12:55
Ашу / Түсініктеме
2021-07-19 09:35:14 Қабақбаслар теоремасы. Яки олар неге сабақларды өзлестире алмайды?

Класта топ 5 оқыўшының бири едим. Класта сондай ессатты түсинбейтинлер, бир куплет тахмақ айта алмайтынлар баршылық еди. Менде хәрдайым сораў болатын еди: неге олар ондай? Олар сондай ериншекпе или басқа себеп барма?

7-класс ахырларынан Алгебра бирдениге қурамаласып кеткендей болды. Себеби тарихтан олимпияда себепли сабақларға қатнаса алмай қалдым. Усы қатнаса алмаў репетиторға барғанда да айақтан тартты.

Кейин менда өзимди таярлықта бара-бара қабақбастай сезе басладым. Не болды өзи? Доскадағылар неге буншелли түсиниксиз?

Барлығы опытқа байланыслы екен. Егер мектептен алдын оқыўды билсеңиз, мектепте қыйналмайсыз. Егер университеттен алдын тайарлыққа барсаңыз, репетиторда қыйналмайсыз...

Егер басқалар қыйын деп есаплайтын пәнде, сизде опыт болса - онда ол пән автоматик сизге қызық көринип баслайды хәм үлкен итимал менен сен незатқа қызығасаң деген сораўға жуўап болады.

Мектепте оқымайтынлардың айрымлары хәзир диний билимлерге "қызығып" кетти. Себеби ол ўақтын математикадан көплеў, диний лекциялар көриўге сарыплады. Басқаларда сондай. Демек қызығыў - көбинесе сиз басқалардан көплеў ислеген жумысыңызға байланыслы. Қызыққан жумысыңды исле дегени - опытың бар жумысты исле дегени.

Опыт болса бир нәрсени қайта, қайта ислеўден келеди. Демек теорическый - сизиң талантыңыз переоценен. Тек басқалардан көбирек шуғыллансаңыз болды. Соның ушында қабақбаслар - опыты барлардан өтип кетиўың орнына, опыты барлар еле араласпаған затларға көбирек қызығады. Демек, олар тупой емес ал гений болып шығып атырма?

@tilepov_channel
276 views06:35
Ашу / Түсініктеме
2021-07-17 09:34:15 17-18 жас үке-сиңлилериңизге өз өмир тәжрийбеңизден келип шығып қандай мәслахатлер берген болар едиңиз?

@tilepov_channel
140 views06:34
Ашу / Түсініктеме
2021-07-16 13:05:33
Stative Verbs

Көпшилик таслап кететин грамматик тема. Фейллер еки түрли болады : stative яки action.

Action - бул хәрекет. Acting - хәрекетлениў. Егер фейл көзге көринетин ис-хәрекетти билдирсе бул экшн. Мысалы, жазыў, жуўырыў, аўқатланыў х.т.б.

Егер фейл сөз ис-хәрекетти билдирмесе бул стейт (state). Мысалы, жақсы көриў, түсиниу, кешигиў х.т.б

Булардың неге билиу керек? Stative фейллер -ing қосымтасын алмайды. Яғный "I am understanding you" кате.

Спорный жери, айрым фейллер еки мәниде болыўы мүмкин. Мысалы : Look

1) Look - қараў. (~Басты бурып қараў) бул хәрекет демек. I am looking at you. Бул дурыс.

2) Look - көриниў.
It looks like so delicious. Бул мазалыға уқсап тур. Уксап турыўды хәрекет деп болмайды. Бул жағдай. Яғный стейт.

Университетке тапыражақ абитурент яки айелтс спикинг тапсыражақ болсаңыз, бундай елементар қәте ислемең.

@tilepov_channel
279 views10:05
Ашу / Түсініктеме
2021-07-15 05:02:10 Қалайынша спикингды шериксиз раўажландырыў мүмкин?

Хәмме тилде төрт түрли бөлим бар - жаза алыў, оқып түсине алыў, еситип түсине алыў хәм сойлей алыў. Усының екеўи input skills делинеди булар - listening хәмде reading. Буларда тек мағлуўматты қабыл етесиз. Ал output skills - булар райтинг хәмде спикинг. Булар сиз мағлуўмат бересиз хәм сол ушын көпшилик усы еки бөлимде қыйналады.

Демек, қалайынша уйде, спикингды жалғыз раўажландырыў мүмкин? - write. Егер сиз жаза алсаңыз, сиз сойлей аласыз.

Сиз негизи спикингды практика ислемейсиз - сиз белгили тема туралы пикринизди билдириуди уйренесиз. Пикр билдириу ушын сиз ол тема турал билетин болыўыңыз керек. Көбинесе, айелтсқа тайарланватқанлар спикингдағы сораўларға қарақалпақ тилинде де адекват жуўап бере алмайды.

P.S. Мына видеоныда бир көриң полный тусинесиз :



@tilepov_channel
21 views02:02
Ашу / Түсініктеме
2021-07-11 16:19:15 8-класта инглиз-тилин уйренип баслаған болсам мен инглиз-тилин билемен деген түсиник 9-класта келген. Просто сабақлықты аштым и уже билдим - барлық тема, упражнениялар жүда аңсат.

Но, бул салыстырмалы жетискенлик еди. Содан баслап мектеп или лицейде инглиз-тили менен улыўма проблема болмады. Хақыйқый тил билиў не екенин кейин түсинип басладым.

Просто Стив Джобс туўралы биринши еситкен, успех туўралы биринши кытаплар қолымда болған ўақыт. Гуглға жаздым "habits of steve jobs" или "success rules of pavel durov" резултатлар мыңлаған еди. Биринши мақалада кейинги мақалаға ссилка бар, ода басқасына - ең қызықғы бул мақалаларды түсиниў проблема емес. Просто Вау!

Кейин поиск сәл қурамаласты "favourite books of steve jobs" типиндағы излеўлер арқалы зор кытаплар туўралы билип алдым. Любой ўақыт мен таймс рейтинглеринен көре өзиме унаған адамлардың рекомендатциясына исенемен и бул ешқашан пәнт бермеген. Усыдан кейин пиратцкий сайтлардан топ кытапларды скачать етип алавердим. Бенжамин Франклин, Илон Маск, Джобс туўралы биографиялар, Flow, Zero to One и.т.к - Бул мақала оқыўдан да артықлаў еди. Уже Ура деп бахырса болатын ўақыт. Себеби дүнияның 90% информациясына енди сен ийелик ете аласаң - просто ал и оқы.

Кейин тед талкслар, курсера булардан пайдалана алғаным ушын қайта-қайта шүкир айтқым келеди. Любой момент бундай имканиятларды университеттеги бакалвр дипломы менен теңлестирип болмайды. Бул оннан жоқары нәрсе. Себеби бакалврда өтетин затларың уже интернеттен тайын.

Бул имканиятлар хәммениң қолы астында. Бул интернет. Буннан пайдаланыў ушын - тил билиў керек. И сюрпризно кейинги күнлери түсинген нәрсем буған грамматика вопше особый нәрсе емес. Еситип түсиниў яки оқыў ушын саған ең кереги сөз байлығы. Грамматиканың орны тек сойлеў хәм жазыў арасында - булда оншелли үлкен емес. Тек - 20-25%

2 жыл алдыңғы өзиме айтатын қысқа мәслахатлер :
- Инглиз-тилинде тек өзиңе растанда қызық темалар бойынша оқы.
- Субтитрды өшир и есит. Просто тилди қулағыңа таныс затқа айлатыр. Переводын түсиниў улыўма шәрт емес.
- Сөзлерди емес фразаларды уйрен: want емес - I want to формасында ядлап қал.
- Сөз ядлайжақ болсаң - пайдалан. Сойлейжақ болсаң сойле. Жазажақ болсаң жаз. Оқыйжақ болсаң оқы. Еситежақ болсаң есит. Бырақ тек өзиңе қызығатынын. Репетитор саған көрсеткенин яки кимдур содан пайдаланғаны ушын емес.

Ахырғысы, инглиз-тилинде уйренген биринши күниңизден уйренген затыңызды (интернетте) пайдаланың.
193 views13:19
Ашу / Түсініктеме
2021-07-09 17:04:34 Креатив адамлардың прокростинатор болыўы туўралы.

Сиз бирнәрсени ислеўиңиз керек екенин билсеңизда оны ислемей жүреверсизба? - онда сиз ериншек емес прокростинаторсыз. Бундай адамлар күнделикли жумыслардан қашады - хәм хақыйқатында бир әхмийетли максималл резултат беретин жумысты ислегиси келеди. Хәм буны таппағаншы, ессат ислемейди. Бул қәншелли жаман әдет болсын - бундайлар креативлеў, инноватор хәмде көп жағдайларда перфекционист болады.

Бундайлар өмирде ең дурыс затты ислегиси келгени ушын - басқалардан көре азлаў көринерли затқа ериседи. Себеби өмирде жетискенликли адамлар бул қәншелли дурыс, қәте болсын жумыс ислеўден тоқтамайтынлар.

Тап марафондағыдай - олар шаршасада, әстен-әстен тоқтамай кетевереди. Ал прокрастинатор тоқтап - жолды кесип өтиўдиң жолын излейди. Егер жол бар болса, онда ол басы ислеген болады. Ал, жол жоқ болса сол жерде тәслим болады хәм екинши марафонда утыўға үмит етеди. Бириншиси еки жағдайда да, финишқа барады. Бундайлар ерискен нәрсесин максимал сақлап қалады хәмде керек болса көбейтеды.

Теңге екинши тәрепи - бундайлар таза зат жаратпайды. Бундайлар рамкадан шетке шықпайды. Егер дүния тек бундайлардан ибарат болғанында, Америкаға ешким бармас еди. Телефон, Интернет раўажланбас еди.

Ал прокростинаторлар - қәте ислеўден, жеңилиўден корқпайды. Олар тоқсан тоғыз мәрте утылады бырақ бир мәрте утқанында, басқалар жүз мәрте утқанынан көбирек нәрсеге ериседи. Жаманы ол утсада, еледе утыў ушын ерискенлериниң бәрин таўекел етевереди. Бундайлар өмири сондай.

Сен қандай адамсаң?
246 views14:04
Ашу / Түсініктеме