Get Mystery Box with random crypto!

Tilepov's Channel

Telegram арнасының логотипі tilepov_channel — Tilepov's Channel T
Telegram арнасының логотипі tilepov_channel — Tilepov's Channel
Арна мекенжайы: @tilepov_channel
Санаттар: Тілдер
Тіл: қазақ
Жазылушылар: 549
Арнадан сипаттама

Do what you love. Without wondering its result.

Ratings & Reviews

4.00

2 reviews

Reviews can be left only by registered users. All reviews are moderated by admins.

5 stars

0

4 stars

2

3 stars

0

2 stars

0

1 stars

0


Соңғы хабарлар 2

2021-07-07 09:06:19 Усы күнлери жорамның усынысы менен Atomic Habits кытабын оқып атырман.

Кытапта қалайынша жақсы әдетлери өмирге енгизиў хәм жаман әдетлерди өмирден шығарыў бойынша - өзиниң тәжрийбелерин бөлискен.

Тыйкарғы түсиник : Өмирде ерисилетин нәрселердиң хешбири бирдениге болмайды бәлким узақ мүддет регулярно исленген әдетлер себепли жаратылады.

Буны хәмме билетин шығар, бырақ кытаптың тап жаңа оқыған жерим мени қайтадан мәқсетлеримди көрип шығыўға мәжбурлей алды. Кытаптың бас бетлеринде мынандай гәп бар, адамлар мәқсетлерге емес системаға дыққат қаратыў керек. Мәқсет - бул резултат. Система - сол резултатқа ерисиўдеги прогресс.

Егер сиз мәқсетке дыққат қаратсаңыз - сиз еристиңиз, бахытлысыз яки ерисе алмадыңыз, лузерсиз деген зат болады. Ал, системаға дыққат қаратылса сиз де ерисе алатын имканиятлар көп болавереди.

Мысалы, инглиз-тилин уйрениў. Сиз айелтс тапсыражақсыз. Мәқсет 7.0 алыў. Система болса, бул оқып түсиниў, еситип түсиниў, сойлей алыў х.т.б. затларды уйрениў.

Егер сиз мәқсетке дыққат қаратсаңыз хәм оған ерисе алмасаңыз, уже өзиңизди утылған сезесиз. Ал, системаға дыққат қаратсаңыз, сизде имканият еле талай хәм ол көбейген. Қалайынша?

Сиз айелтске таярланаман деп оқып түсиниўди уйрендиңиз, демек инглиз-тилинде любой кытапларды оқый аласыз. Сиз инглиз-тилинде еситип түсине аласыз, демек coursera.com да любой айти курсты уйрене аласыз.....

Яғный, уйрениўге дыққат қаратың, резултат туўралы - мәқседиңиз туўралы көп қайғура бермеў керек екен.

Егер лайк 100 ден көбейсе усы кытап турал толық видео ислеймен. :)

@tilepov_channel
342 views06:06
Ашу / Түсініктеме
2021-07-04 14:36:09
Мынаманда қызық ўақия болған екен : Америкада бир кисиниң банк есаб бетине алжасып 50 млрд. доллар түскен екен.

Бул қәте бир күннен кейин дурысланған, бырақ сол ўақытқа дейин бул адамның шағарағы мулти-милиардерлер арасында болған. Просто, банкке барып көрсе сондай ақша бар екенин көрген, хәм сразу алжасып түсирилгенине исенген хәм бул пулдан улыўма пайдаланбаған. Егер бул бай дайымнан қалған яки Саудия шахзадаларынан бириниң саўғасы болғанда басқа гәп еди - деп айтқан жаңағы адам.

Буның англискийға еки байланысы бар: 1) бул мақала инглиз-тилинде шыққан 2) бул мақаланы түсиниў ушын инглиз-тилин билиўиңиз керек.

Егер сизиң картаңызға 50 млрд долларды биреў алжасып салып қойғанда не ислейтин едиңиз? Тек бир күн ўақтыңыз бар.

Мақала : https://edition.cnn.com/2021/07/03/us/50-billion-mistakenly-deposited-bank-account-louisiana/index.html

@tilepov_channel
133 viewsedited  11:36
Ашу / Түсініктеме
2021-07-03 20:42:24 IELTS ке тайарланған ўақтымда негизги проблема, таярланатын кытапларда емес - олардың көплигинде еди.

Интернетте бул бойынша он мыңлаған кытаплар бар хәм хәммеси өзиниң бул тараўда ең жақсы материал екенин айтады. Негизи тек официално материаллар менен ислеў керек, 1-2 кытап сайлап соларды толық алып барыў керек.

Каналым статистикаларын көргенимде хәрдайым материаллар, кытаплар ең көп үлесилген болады. Усыданда көрсек болады, көпшиликтиң таярлықтан кемшилиги бар.

Бул зат телефондағы приложенияларғада тийисли, телеграмда неше каналға қосылғансыз? Грамматика, сөз ядлаў, спикинг, х.т.б. ушын неше приложения қуры турыпты? 80% приложения қуры скачать етилген болады.
Умытпаң, қытайлық устазым Брюс Ли айтқанындай, "Мың түрли шынығыў билетин адам емес, бир шынығыўды мың рет ислей алатын адамнан қорқыў керек"

@ieltsyourself_bot та айелтс бойынша тыйкарғы хәмде рәсмий кытаплар бар. Тек официално материалларды шығартың. Тек официално сайтлардан тексериң. Хәтте мени оқып атырғаныңызда да, әхмийетли нәрселерди бир қайта көрип шығыўға еринбең.
@tilepov_channel
220 viewsedited  17:42
Ашу / Түсініктеме
2021-07-03 13:31:12
Guys, I have a question for you : Do you read books in English? If so, what are they your favourite ones?

P.S. Түсинсеңизда, түсинбесеңизда профилиңизға жарасатын фото.
171 views10:31
Ашу / Түсініктеме
2021-07-03 12:36:58 a/an/the

Бундай артикл я қарақалпақ тилинде, я өзбек тилинде, я рус тилинде жоқ хәм сол ушын буның негизги мәнисин түсиниў қыйын. Бырақ буны пайдаланыў ушын мәнисин түсиниў шәрт емес - тек қағыйдасын билсек болды.

Қысқаша қағыйдасы - a/an атлықлардың алдына биринши хәриби даўыслы (a,e,i,o,u) яки даўыссыз (q,w,r,t,..) болып келгенине қарай қойылады. The болса дүнияда бирдана болған атлар, қысқартылған сөзлер х.т.б. алдына қолланылады.

Егер a/an ның аўдармасына түсинбесеңиз, оның орнына one деген жазыўды қойып көриң - себеби бул артикл бурынғы инглиз-тилиндеги "бир" сөзинен келип шыққан. Ал "the" "this" тың қысқартпасы.

Мысаллар :

Бул жерде БИР еркек бар - There is A man here.

Маған МЫНА еркек улыўма унамады. - I did not like THE man completely. Яғный мынаў деп сиз анық нәрсени нәзерде тутып атырсыз.

Егер айтып атырған затыңыз анық бир нәрсени нәзерде тутпаса онда артикл шәрт емес. Мысалы, I like wine (I like the wine емес)

@tilepov_channel
202 views09:36
Ашу / Түсініктеме
2021-07-02 21:44:58 Түсинбеўшиликлер алдыны алыў ушын айтып өтейин, бул тек бир грамматик теманың сабағы ушын бир видео материал. Сабақтың өзи емес.

Яғный тайарлық тек видео жверип отырыўдан ибарат емес, хәтте видеолардың өзида тек грамматик темалар бойынша емес.
117 viewsedited  18:44
Ашу / Түсініктеме
2021-07-02 21:23:10
Алдын айтқанымдай, биринши сабақтың видеосын үлесиўге қарар еттим.

Биринши видео. Әлбетте айрым кемшиликлер бар. Әхмийетлиси баслап алдық, буннан кейингилери текғана жақсылаў болады.

Бул видеода To Be фейилинен хәзирги заманда қалай пайдаланылыўын уйренсеңиз болады.

Курс жазылыў ушын 1 күн ўақтыңыз бар. Биринши күннен сабақлар толықлайынша басланады: @tilepovreklama_bot

P.S. Талапларға көре видео форматы кишрейтилилди.
152 views18:23
Ашу / Түсініктеме
2021-07-02 07:22:35 Your PDF: IELTS Study Plan.pdf

Көптен берли IELTS бойынша пост қоймаған едим. Бырақ, кеше интернеттен "айелтс"ке тайарланыў ушын жақсы план таўып, скачат етип алдым.

Бир көрип шықсаңыз зыйан етпейди.

@tilepov_channel
132 views04:22
Ашу / Түсініктеме
2021-07-01 14:59:46 Итибар бергенсизбе әдетте кластағы ең тәртипсиз, мүғаллимди тыңламайтын, ерекисетин баллардың мамасы мектепте мүғаллим болатын еди.

Пед.инстта оқып атырғанлар, усы парадокс туўралыда бир диплом жумыс ислесеңизғо, оқып шығыўға еринбеймен. Неге ондай екен-я? пикирлериңиз

P.S. Курсты креатив ислеймиз деп пост жазыўды азайтып турман азғанша.
283 views11:59
Ашу / Түсініктеме