Get Mystery Box with random crypto!

'ТЕЛЕФОННЫҢ 60 ӘДЕБИ' Телефонда сөйлесиўде усыларды итибарғ | Paziyletuz | Рәсмий канал

"ТЕЛЕФОННЫҢ 60 ӘДЕБИ"

Телефонда сөйлесиўде усыларды итибарға алыў керек:

1. Биринши гезекте басқа телефонға ийесиниң руқсатысыз улыўма тийилмейди;

2. Егер ийеси руқсат бермесе, басқа телефонның "Смс", "Имена", "Контакты" ҳәм басқа жерлерин оқымаў ҳәм қарамаў;

3. Бийҳуўда, пайдасы жоқ, динимиз қайтарған нәрселерди жазбаў, еситпеў ҳәм көрмеў;

4. Шәрият ҳүкимлерине, миллий қәдириятларымызға ҳәм мәмлекет нызамларына қайшы келетуғын нәрселерди жаздырмаў, еситпеў ҳәм көрмеў;

5. Биреўдиң сөйлескенин еситпеў ҳәм гүзетпеў;

6. Сәўбетлес адам телефонды өширмеген болса, қызығып еситип турмастан, дәрриў телефонды өшириў;

7. Монша, ҳәжетхана орынларында телефонда сөйлесилмейди;

8. Сәўбетлес адамның телефонда ўақтын көп алмаў;

9. Телефонға келген хабар (хат, сораў, қутлықлаў ҳ.т.б.)ларды жуўапсыз қалдырмаў, имканият болғанда мүнәсип жуўап қайтарыў;

10. Ата-анасының телефонын өзиникинен жақсырақ етип бериў;

11. Инилери ҳәм қарындасларына да телефон алып бериў;


Даўамы бар...



     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

Интернет сайтымыз: paziylet.uz