Get Mystery Box with random crypto!

Paziyletuz | Рәсмий канал

Telegram арнасының логотипі paziyletuz — Paziyletuz | Рәсмий канал P
Арнадағы тақырыптар:
Қутлықлаў
Мақала
Кун
Жума
Muftiy
Намаз
Зикир
Ҳадис
Қураный
Ҳикмет
All tags
Telegram арнасының логотипі paziyletuz — Paziyletuz | Рәсмий канал
Арнадағы тақырыптар:
Қутлықлаў
Мақала
Кун
Жума
Muftiy
Намаз
Зикир
Ҳадис
Қураный
Ҳикмет
All tags
Арна мекенжайы: @paziyletuz
Санаттар: Дін
Тіл: қазақ
Жазылушылар: 71.75K
Арнадан сипаттама

Қарақалпақстан мусылманлары қазыятының рәсмий сайты
https://www.facebook.com/groups/1393604727481912/
https://instagram.com/paziylet.uz?igshid=9ipx3fosdr4e
https://www.youtube.com/channel/UCrMPXuoyl0Wh3wUmka5pxHg

Ratings & Reviews

4.67

3 reviews

Reviews can be left only by registered users. All reviews are moderated by admins.

5 stars

2

4 stars

1

3 stars

0

2 stars

0

1 stars

0


Соңғы хабарлар 992

2021-03-25 04:45:17
Ассаламу алайкум!

Бүгин Пийшемби күни



Пийшемби күниңиз қайырлы болсын!

25-Март 2021
11-Шаъбан 1442





Аллаҳ таала бүгинги күниңизди тынышлық ҳәм аманлықта, жақсы кейпиятта, саўаплы әмеллер менен толы болып өтиўин сизге несип етсин!


https://t.me/joinchat/AAAAAEUZPAm6wk-2LZebeQ
14.2K viewsАдмин, 01:45
Ашу / Түсініктеме
2021-03-23 20:22:38
https://t.me/joinchat/AAAAAEUZPAm6wk-2LZebeQ
5.3K viewsАдмин, 17:22
Ашу / Түсініктеме
2021-03-23 19:31:23
#зикир

Зикир қылыўшыларға жәннет болсын

Аллаҳ тааланың алдындағы уллы периштелер алдында атың менен ядқа алыныўды ҳәм мақталыўды қәлейсең бе? Онда жалғыз болған Аллаҳ тааланы зикир қыл, Ол да сени зикир қылады: «Солай екен, Мени еслең, (Мен де) сизлерди еслеймен. Маған шүкир қылың, нашүкир болмаң!» (Бақара сүреси, 152- аят).

Қаншелли уллы мақтаў! Қаншелли Уллылық! Қаншелли уллы нәтйже! Зикир қылыўшыларға жәннет болсын!

Шайх Аиз Қарний ҳафизаҳуллаҳ
"Қәлб түбинен" китабынан

Субҳанәллооҳи ўә биҳамдиҳи. Субҳанәллооҳил ъазийм!

Субҳанәллооҳи ўә биҳамдиҳи. Субҳанәллооҳил ъазийм!

Субҳанәллооҳи ўә биҳамдиҳи. Субҳанәллооҳил ъазийм!




Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

Интернет сайтымыз: paziylet.uz
16.6K viewsАдмин, 16:31
Ашу / Түсініктеме
2021-03-23 18:02:02
НЕЪМАТТЫҢ ҮШ ТҮРИ БАР:

Бириншиси – биз пайдаланып жүрген неъматлар;

Екиншиси – арзыў қылған неъматларымыз;

Үшиншиси – ойымызға да кирмеген неъматлар.

Уламалар: «Адамлар пайдаланып жүрген неъматларына шүкиршилик қылса, Аллаҳ таала олардың арзыў етип жүрген неъматларына қолларын жеткерип, ойларына да келмегенлерин билдирип қояды», - деген екен.


Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!
Telegram каналымыз: @alberuniyuz
Instagram каналымыз: instagram.com/alberuniyuz
7.5K viewsАдмин, 15:02
Ашу / Түсініктеме
2021-03-23 16:58:02 #mp3

12. Шүкиршилик.

Paziylet.uz бенен бирге болың!

Telegram| Instagram| Facebook| Youtube
12.6K viewsАдмин, 13:58
Ашу / Түсініктеме
2021-03-23 15:46:13
#ҳикмет

​​ИБАДАТ ЛӘЗЗЕТИ

    Аҳмад ибн Ҳарб раҳимаҳуллаҳ айтады:
"Аллаҳ таалаға елиў жыл ибадат еттим. Үш нәрсени тәрк етпегенимше ибадат ләззетин сезине алмадым, олар:

1. Ҳақты айтыўға қәдир болыўым ушын адамлардың разылығын табыўды тәрк еттим.

2. Солиҳ инсанлар сәўбетин табыў ушын пасықлар сәўбетин тәрк еттим.

3. Ақырет рәҳәтин табыў ушын дүнья ләззетин тәрк еттим".


"Сияру аъләмин нубәлә" китабынан.



Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

Интернет сайтымыз: paziylet.uz
8.3K viewsАдмин, 12:46
Ашу / Түсініктеме
2021-03-23 14:31:11
#ҳәдис

Жабир разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады: “Биз Пайғамбар алайҳиссалам менен бирге турғанымызда жағымсыз, сасық ийис таралды. Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа салам: "Бул қандай ийис екенин билесиз бе? Бул – мөминлер ҳаққында өсек айтып атырғанлардан таралып атырған ийис", деди”.

Имам Бухарийдиң "Адабул муфрад" китабынан.



Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

Интернет сайтымыз: paziylet.uz
8.6K viewsАдмин, 11:31
Ашу / Түсініктеме
2021-03-23 13:16:03
#зикир

Алымлардан бири: "Дүньяда сондай бир жәннет бар, ким оған кирмесе, ақыреттеги жәннетке де кирмейди", деди. Сонда: "Ол не екен?" деп соралды. Алым: "Аллаҳқа болған муҳаббат ҳәм Оны зикир қылыў", деп жуўап берди. Ол және: "Қәлбтен сондай бир кеширмелер өтеди, мен өзимше: "Егер жәннеттиң әҳли усындай болса, жүдә шырайлы ҳәм рәҳәт ишинде болады", деп ойлайман" деди.

"Аллооҳуммә инний әс-әлукә ҳуббәк ўә ҳуббә мән юҳиббук, ўәл ъамәләлләзий юбәллиғуний иләә ҳуббәк. Аллооҳуммә ижъал ҳуббәкә әҳәббә иләййә мин нәфсий ўә әҳлий ўә минәл мәәил бәрид".

Мәниси: "Я Аллаҳ! Мен Сеннен Өзиңниң муҳаббатыңа ҳәм Сен жақсы көретуғын инсанлардың муҳаббатын ҳәм Сениң муҳаббатыңа алып баратуғын әмеллерди сорайман. Я Аллаҳ! Муҳаббатыңды нәпсимнен, шаңарақ ағзаларымнан ҳәм суўық суўданда сүйкимлирек қыл".

Имам Термизий рәўияты




Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

Интернет сайтымыз: paziylet.uz
8.4K viewsАдмин, 10:16
Ашу / Түсініктеме