Get Mystery Box with random crypto!

Paziyletuz | Рәсмий канал

Telegram арнасының логотипі paziyletuz — Paziyletuz | Рәсмий канал
Арнадағы тақырыптар:
Тілек
Еслетпе
سعل
Аўыз
Дуа
تانگی
Мақала
Намаз
Жума
Sora
All tags
Арна мекенжайы: @paziyletuz
Санаттар: Дін
Тіл: қазақ
Жазылушылар: 73.18K
Арнадан сипаттама

Қарақалпақстан мусылманлары қазыятының рәсмий сайты
https://www.facebook.com/groups/1393604727481912/
https://instagram.com/paziylet.uz?igshid=9ipx3fosdr4e
https://www.youtube.com/channel/UCrMPXuoyl0Wh3wUmka5pxHg

Ratings & Reviews

4.67

3 reviews

Reviews can be left only by registered users. All reviews are moderated by admins.

5 stars

2

4 stars

1

3 stars

0

2 stars

0

1 stars

0


Соңғы хабарлар 1000

2021-02-18 11:05:07
#ҳәдис

ГУНАЛАР

Саўбан разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады:
Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам:
“Үмметимнен сондай инсанларды билемен, олар Қыямет күни Тиҳама таўындай келетуғын аппақ жақсы әмеллерди алып келеди. Аллаҳ олардың жақсылықларын тозғыған шаңға айландырады”, – деди.
Саҳабалардан Саўбан разыяллаҳу анҳу: “Я Расулуллаҳ, оларды бизге ашық-айдын сыпатлап бериң. Биз де өзимиз билмеген ҳалда олардай болып қалмайық”, – деди. Сонда Ол: “Олар сиздиң бирадарларыңыз ҳәм сиздиң уқсасларыңыз. Тап сизлер түнлери (таҳажжуд намазын оқып) несийбеленгениңиз сыяқлы олар да (ибадаттан) несийбелерин алады. Бирақ олар жалғыз қалғанларында Аллаҳ ҳарам қылған ислерди қылыўдан айбынбайды”, – деп жуўап берди.


(Сунану Ибн Мажа, 4245 ҳәдис)


https://t.me/joinchat/AAAAAEUZPAm6wk-2LZebeQ
7.2K viewsАдмин, 08:05
Ашу / Түсініктеме
2021-02-18 09:55:07 #зикир

ЗИКИР ҲАҚҚЫНДА

Аллаҳ таала: «Солай екен, Мени еслең, (Мен де) сизлерди еслеймен. Маған шүкир қылың, нашүкир болмаң!» деген (Бақара, 152).
Бул аяты кәрийма өзи қысқа болыўына қарамастан, бир дүнья мәнилерди өз ишине алады. Аллаҳ таала Өзи жаратқан, өмир ҳәм ырысқы, ҳәмде басқа керекли нәрселерди берген бенделерине «Мени еслең», деп айтпақта.
Аллаҳ таала бул әззи бенделериниң еслеўине мүтәж бе? Яқ, Ол ҳеш нәрсеге мүтәж емес. Ҳәмме мүтәжлик бенделерде. Бирақ бул буйрық бенделерге жақсылықтың жетиўи ушын. Олар Аллаҳ тааланы зикир қылып, еслеўи менен Аллаҳ таала оларды зикир қылыўына, еслеўине ериседи. Бирақ зикир менен зикирдиң парқы бар, әлбетте. Ҳеш нәрсеге арзымайтуғын әззи бендениң еслеўи қайда, әлемлердиң Рәббиси болған Аллаҳ тааланың еслеўи қайда? Бенде қандай, қашан ҳәм қай жерде еслейди? Ал, Аллаҳ таала-ше?
Имам Бухарий Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа салламнан рәўият қылған ҳәдиси қудсийде
Аллаҳ таала: «Ҳәй Адам баласы! Егер Мени өзиң еслесең, Мен де сени Өзим еслеймен, егер көпшилик ишинде еслесең, Мен сени периштелер ишинде еслеймен», деген.
«Маған шүкир қылың, нашүкир болмаң!»
Шүкир қылыў неъмат бериўши Аллаҳ таалаға мақтаў сөзлерин айтыў ҳәм неъматты оны берген Аллаҳ тааланың разылығы ушын ислетиў менен болады. Бирақ тили менен шүкир қылып, әмели менен Аллаҳ тааланың айтқанынан басқаны қылса, нашүкирлик қылған болады. Мөмин-мусылман инсан ҳәр дайым Аллаҳ тааланы зикир қылып, оған шүкир қылғанда ғана, иси алға қарап илгерилейди.

«Зикир, дуўа, истиғфар ҳәм тәўбе» китабынан

https://t.me/joinchat/AAAAAEUZPAm6wk-2LZebeQ
11.7K viewsАдмин, 06:55
Ашу / Түсініктеме
2021-02-18 08:35:05
#рәўият

ЕЛ-ЖУРТ МҮЛКИ

Умар ибн Хаттаб разыяллаҳу анҳудың ҳүкимранлық дәўиринде үйине Абдурроҳман ибн Аўф разыяллаҳу анҳу қонақ болып келеди. Түнги ўақыт еди. Умар разыяллаҳу анҳу үйинде мәмлекет жумыслары менен шуғылланып атырған еди. Абдурроҳман ибн Аўф разыяллаҳу анҳудан азғана күтип турыўын сорады. Мәмлекет ислерин питирип алғаннан кейин, жанып турған шамды өширди ҳәм басқасын жақты. Абдурроҳман разыяллаҳу анҳу таңланып себебин сорады.
Умар разыяллаҳу анҳу:
– Өширилген шам мәмлекеттики. Ол мәмлекет ислери менен шуғылланып атырғанда маған ҳадал болады. Сен болсаң мениң достымсаң, сәўбетимиз де өзимизге тийисли болады. Сонлықтан өз пулыма сатып алған өзимниң шамымды жағып қойдым, – деген екен.



https://t.me/joinchat/AAAAAEUZPAm6wk-2LZebeQ
7.0K viewsАдмин, 05:35
Ашу / Түсініктеме
2021-02-18 07:20:05 #тәрбия

АЛЛАҲТАН ЖАСЫРЫП БОЛМАС!

Қураны кәриймде былай делинген: «(Аллаҳ) көзлердиң қыянетин де (қараў қадаған етилген нәрсеге жасырын көз таслаўын да), кеўиллер жасырын тутқан нәрселерди (жаман нийетлерин) де биледи» (Ғофир сүреси, 19-аят).
Аллаҳ таала бәрше нәрсени биледи. Ҳәтте бенде дурыс емес нәрселерге урыларша нәзер таслағанын да көрип турады. Аллаҳ кеўлимиз түбине жасырынған сырлардан да хабардар. Оннан ҳеш нәрсени жасырып болмайды. Инсан қылған гүналарын басқалардан сыр тутыўы, ҳеш кимге билдирмей жүриўи мүмкин. Бирақ әлемлер Рәббисинен жасыра алмайды.
Ибн Аббас разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады: “Бир топар еркеклер алдынан бийтаныс ҳаял өтип қалса, араларынан бир киси жаңағы ҳаялға қараўдан көзин тыйғандай көрсетеди. Бирақ жолдаслары билмей қалса, ҳаялға урыларша қыя бағады. Егер олар сезип қалса, дәрриў нәзерин басқа тәрепке бурады. Негизи, оның нәмаҳрам ҳаялға қараўды иш-ишинен қәлеп турғанын (шериклери билмесе де) Аллаҳ биледи”.
Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа саллам мынадай дуўа қылған:
“Аллооҳуммә тоҳҳир қолбий минән нифәәқ, ўә ъамалий минәр рия, ўә лисәәний минәл кәзиб, ўә ъайний минәл хиянәҳ, фа-иннәкә таъләму хооьинәтәл аъйуни ўә мәә тухфис судуўр”.
Дуўаның мәниси: “Я Аллаҳ, қәлбимди нифақтан, әмелимди риядан, тилимди жалғаннан, көзимди қыянеттен пәкле! Себеби, Сен көзлер қыянетин, қәлблерде жасырынған нәрселерди билесең”.
Аллаҳ таала бенделерин ескертип айтады: "(Ҳәй инсанлар! Айтып атырған) сөзлериңизди жасырасыз ба ямаса ашық етесиз бе, (бәри бир) әлбетте, Ол – кеўиллердеги нәрсени билиўши. Жаратқан (Аллаҳ Өзи жаратқан нәрселерди) билмей ме?! Ол – Латийф, Хабардар" (Мулк сүреси, 13-14 аятлар).
Адамлар гәплерин әшкара яки жасырын айтса да бәрибир Аллаҳ таала билип турады. Соның ушын өзлерине абайлы болсын. Себеби, инсан тили менен айтқан гәпи, көзи менен көргени, қулағы менен еситкен нәрселери ҳаққында күни келип жуўап береди.

"Қуран - қәлблер шыпасы" китабынан.

https://t.me/joinchat/AAAAAEUZPAm6wk-2LZebeQ
12.1K viewsАдмин, 04:20
Ашу / Түсініктеме
2021-02-18 06:09:02
«Ихлас» сүреси



Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

Интернет сайтымыз: paziylet.uz
7.6K viewsАдмин, 03:09
Ашу / Түсініктеме
2021-02-18 05:35:03
#зикир

Әлҳамду лилләәҳ!
Жаңа таң атты!
«Көзимиз көрип атыр! Қулақларымыз еситип атыр!»

Әлҳамду лилләәҳ!
«Биз мөминбиз! Шүкир қылыўшымыз!»

Әлҳамду лилләәҳ!
«Тиримиз! Ҳеш нәрсемизден айрылмадық!»

Таңымыз нурлы… Әлҳамду лилләәҳ! Себеби, биз Мийримли Раббтиң бенделеримиз!

Бәрше есиклер жабылса да Аллаҳ тааланың есиги мудамы ашық!

Бәрше себеплер кесилсе де Аллаҳ тааланың мәдети мудамы таяр!

Солай екен, Аллаҳ тааланы зикир етиўден ҳеш шаршамайық әзизлер!

Субҳаанәллооҳ 33 мәрте,
Әлҳамду лилләәҳ
33 мәрте,
Аллооҳу әкбар
33 мәрте,
Ләә иләәҳә илләллооҳу ўәҳдәҳу ләә шәрийкә ләҳу ләҳул мулку ўә ләҳул ҳамду ўә ҳуўә ъала кулли шәйъиң қодийр! 1 мәрте.


https://t.me/joinchat/AAAAAEUZPAm6wk-2LZebeQ
14.0K viewsАдмин, 02:35
Ашу / Түсініктеме
2021-02-18 05:27:02
Ассаламу алайкум!

Бүгин Пийшемби күни



Пийшемби күниңиз қайырлы болсын!

18-Февраль 2021 6-Ражаб 1442




Аллаҳ таала бүгинги күниңизди тынышлық ҳәм аманлықта, жақсы кейпиятта, саўаплы әмеллер менен толы болып өтиўин сизге несип етсин!


https://t.me/joinchat/AAAAAEUZPAm6wk-2LZebeQ
8.8K viewsАдмин, 02:27
Ашу / Түсініктеме
2021-02-17 20:22:01
https://t.me/joinchat/AAAAAEUZPAm6wk-2LZebeQ
9.0K viewsАдмин, 17:22
Ашу / Түсініктеме