Get Mystery Box with random crypto!

Сабыры: Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа салламдай сабыр-тақатл | NASIYAT.UZ |Рәсмий канал

Сабыры: Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа салламдай сабыр-тақатлы инсанды дүнья басқа көрмеген. Себеби, Аллаҳ тааланың өзи Нәбий алайҳиссаламға сабырлылық, шыдамлылық, кишипейиллик ҳәм кеширимлилик қәсийетлерин инам еткен еди. Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа саллам ҳәр қандай азапларды, мүсийбетти сабыр-тақат пенен қарсы алар еди. Азар күшейген сайын оның сабыры да зыяда болып барар, душпанларының ашыўы күшейген сайын Нәбий алайҳиссаламның шыдамы артып барар еди.
Өш алыўы: өзи ушын өш алмаған, тек Аллаҳтың шәрияты көзкөреки бузылғанда ғана тийисли шараларын көрген.
Ғәзеби: Нәбий алайҳиссаламның тәбияты ғәзептен жырақ, разылыққа бейим еди. Ғәзепленсе, тек Аллаҳ ушын ғәзепленер, разылығы да Аллаҳтың разылығына байланыслы еди. Наҳақлыққа қарсы сондай қатты ғәзепленер еди, ҳақыйқат қарар таппағанша ғәзеплери түспес еди. Ғәзеби жүзинен билинер, гейде қолларын силтеп қояр еди.
Уяты: Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам жүдә уялшақ еди. Уяты шымылдықтағы келиншектен де күшли болды. Биреўге тик қарамас, тигилип турмас еди. Бир нәрсени жақтырмаса, жүзинен билинер еди. Уялғанынан, ҳеш кимге ол жақтырмайтуғын сөзлер менен мүрәжат етпес еди. Биреўге сын пикир билдириўине туўра келип қалса, оның атын айтпастан: «Адамларға не болды, мынадай ислеп атыр?!» – дер еди.
Аманатшыллығы: Нәбий алайҳиссалам жаслайынан-ақ «Әмийн» (аманатлы, исенимли) деген атты алған. Пайғамбар болғаннан соң душпанлары да буны мойынлаўға мәжбүр болған.
Әдиллиги: қылыштан да кескир ҳәм туўры болған. Әдиллик Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа салламның тийкарғы қәсийетлериниң бири еди. Бул ҳақыйқатты Нәбий алайҳиссаламның душпанлары да тән алар, ҳәтте базы ўақытларда оны өз орталарында төрешиликке таңлар еди. Нәбий алайҳиссалам саҳабаларын бирдей жақын көрер, оларды ажыратпас еди. Ҳақтан басқа тәрепке қыл шелли бурылмас еди.
Кишипейиллиги: Нәбий алайҳиссалам жүдә кишипейил ҳәм менменликтен узақ еди. Өзи ушын адамлардың орынларынан турыўын жақтырмас, саҳабаларын буннан қайтарар еди. Кәмбағал, мискинлердиң ҳалынан хабар алар, мийманға шақырса, барар еди. Өзин ел қатары тутар еди. Дәслепки көрген адам Оны саҳабаларынан ажырата алмас еди. Өзине хызмет ислеген адамға хызмет ислер, хызметкерлерине ҳеш қашан «уфф» демес ҳәм айырым орынсыз исти қылғаны яки керекли исти қылмағаны ушын кейип, урыспас еди. Мискинлерди жақсы көрер, олар менен сәўбетлесип отырар, жаназаларына қатнасар еди. Кәмбағалды кәмбағаллығы ушын кемситпес еди. Саҳабаларынан хабар алып, адамлардың аўҳалларын сорап турар еди. Айырым ўақытлары аяқ кийимлерин өзи жамар, кийимлериниң жыртылған-сөтилген жерлерин өзи тигер, өзи тазалар, қой-ешкилерин саўар, өз жумысын өзи питкерер еди.
Опадарлығы: Нәбий алайҳиссалам ең опалы, жақсылық қылған адамға жақсылығын артығы менен қайтарыўшы инсан еди. Өмири даўамында бир мәрте болса да, шәртке яки ўәдеге қылап ис қылғаны мәлим емес.
Шүкири: азғана несийбени де көп санар еди, бир нәрсени кемситпес, тағамға мин тақпас еди.
Сергеклиги: Нәбий алайҳиссалам достың дослық мүнәсибетин де, душпанның режесин де дәрҳал байқар ҳәм керекли жуўабын тайынлар еди. Жақсылықты жақсы санар ҳәм оны сыйлықлар, жаманлықты жаман санап, оны сапластырыўға ҳәрекет етер еди. Жумыслары орташа, алаўызлықтан узақ еди. Адамлардың ғәплетке түсиўинен яки мәлеллесип қалыўынан тәшўишленип, бәрқулла сергек турар еди. Ҳәр қандай ҳалат ушын таярлығы бар еди.
Мәжилиси: Нәбий алайҳиссалам ушын бәрше бирдей ҳақ алдында барабар болып, тек тақўалары менен ғана бир-биринен абзал бола алар еди. Мәжилиси тақўа, кишипейиллик, ийбе, сабыр ҳәм аманат мәжилиси болып, онда даўыслар көтерилмес, ҳеш ким кемситилмес, саҳабалар бири-бирине меҳир көрсетер, үлкенди ҳүрмет етип, кишиге ғамхорлық қылар, мүтәжге жәрдем қолын созар, ғәриптиң кеўлин алар еди.