Get Mystery Box with random crypto!

Минез-қулқы: Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам ашық жүзли | NASIYAT.UZ |Рәсмий канал

Минез-қулқы: Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам ашық жүзли, хош пейилли ҳәм хош мәмилели еди. Турпайы, тасбаўыр, бақыраўық, жаманаўыз, жала жапқыш ҳәм мақтаншақ емес еди. Кеўли қәлемеген нәрсени хошаметлемес еди. Риядан (хожакөрсинликтен), байлықтан ҳәм керексиз нәрселерди сөйлеўден аўлақ еди. Биреўди маламат қылмас, уялтпас, айыбын излемес еди. Тек ғана саўабынан үмит еткендей орынларда сөйлер еди. Егер сөйлесе, сәўбетлеслери басларына қус қонып турғандай қыймылдамай қулақ салар еди, Нәбий алайҳиссалам үнсиз турған ўақытлары ғана сөйлер еди. Нәбий алайҳиссаламның алдына барғанда жәнжеллеспес еди, бир адам сөйлеп атырғанда, басқалары үнсиз қулақ салар еди. Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам саҳабалары күлген нәрседен күлер, олар әжепленген нәрседен әжепленер еди. Бийтаныс адамның турпайы гәплерине сабыр етер еди.
Жуўмақ: Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам инсанда болыўы тийис болған барлық гөззал ҳәм камалат сыпатлары менен зийнетленген еди. Пәрўардигардың Өзи Нәбий алайҳиссаламға әдеп берген ҳәм әдеплерин гөззал қылған еди. Мине, усындай уллы қәсийетлер Нәбий алайҳиссаламның кеўлине жақын, қәлбине сүйкимли инсанға, кеўиллер талпынатуғын жол басшыға, душпанларды досқа айландырған, адамлардың Аллаҳтың динине топар-топар болып кириўине себеп болған еди.
Қулласы, Нәбий алайҳиссаламдай инсанды ҳеш ким бурын да, кейин де көрмеген!

“РАСУЛУЛЛАҲ САЛЛАЛЛАҲУ АЛАЙҲИ ЎА САЛЛАМ ҲӘМ ӘҲЛИ БАЙТ” китабынан

http://t.me/nasiyatuz