Get Mystery Box with random crypto!

ПАЙҒАМБАРЫМЫЗДЫҢ МИНЕЗ-ҚУЛҚЫ Даўысы: бираз жумсақ, соның мене | NASIYAT.UZ |Рәсмий канал

ПАЙҒАМБАРЫМЫЗДЫҢ МИНЕЗ-ҚУЛҚЫ

Даўысы:
бираз жумсақ, соның менен бирге тәсирли.
Сөйлеўи: анық ҳәм тынық, ҳәрип ҳәм сөзлери дана-дана, жүдә жағымлы ҳәм тәсирли, анық ҳәм қысқа, мазмунлы ҳәм мәнили, жүдә шешен ҳәм дилўар, басқалардың сөзлеринен айрықшаланып турады. Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам аўзын жақсы ашып сөйлер еди, аўзының бир тәрепи менен сөйлемес еди. Нәбий алайҳиссалам сөйлемшек те, кем гәп те емес еди. Сөйлегениниң гөззаллығынан ҳәр қандай адам жақсы көрип қалар, сөз ҳәм ибаралары жипке терилген маржан сыяқлы еди. Талғамы жетик, ҳикметке бай. Нәбий алайҳиссаламға мазмунға бай ҳәм мәнили сөйлеў қәсийети берилген еди. Араб диалектлерин жақсы билер ҳәм ҳәр бир қәўимниң адамлары менен олардың диалектинде сөйлесер еди. Нәбий алайҳиссаламда бадаўийлерге (саҳралыларға) тән сөз шеберлиги шешенлик пенен сөйлегенде де, қалалыларға тән болған анық сөзлерди қолланыўында да өз сәўлелениўин тапқан еди. Бул бағдарда, әлбетте, илаҳий мәдетке де ийе еди. Ҳәр қандай орында керегинше сөйлер, артықша сөз болмас еди. Көп үнсизлик сақлар еди. Ҳеш кимди менсинбей сөйлемеген. Ҳәр қыйлы гәплер менен урысыў, сөгиў Нәбий алайҳиссалам ушын улыўма жат еди. Ҳеш қашан биреўдиң кеўлин қабартпаған. Бийҳуўда ҳәм мыш-мыш гәплер, деди-дедилерге жақынламаған. Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам сөз баслағанда бәрше тыныш турып қулақ салар, хутба қылғанында ҳәтте шыбын ушса билинетуғын дәрежеде тынышлық ҳүким сүрер еди.
Расгөйлиги: Нәбий алайҳиссалам «ас-содиқул масдуқ» болған, яғный расгөй ҳәм расгөйлиги дос-душпанлары тәрепинен тастыйықланған.
Үнсизлиги: салдамлы ҳәм узақ.
Нәзери: мәнили, өткир. Басқа тәрепке бурылып қарамақшы болса, пүткил геўдеси менен бурылар еди.
Отырысы: жыйнастырып, салдамлылық пенен, әсте отырар еди. Көбинесе үнсиз отырар, зәрүрлик болса ғана сөйлер, орынсыз сөйлеген адамнан жүз бурар еди.
Күлиўи: күлкиси күлимсиреўден ибарат болып, ўа-ҳа-ҳалап күлмес еди. Күлгенинде тислери маржандай болып көринер еди. Гейде жүдә қуўанып күлгенинде көзлерин жумып алар еди.
Ғайраты: шексиз ҳәм сөнбес еди. Нәбий алайҳиссалам адамзат тарийхындағы ең ғайратлы инсан болған. Қарсыласын бәрқулла жер тислеткен, мине мен деген палўанларды да дағда қалдырған. Урыс майданында басқалар Нәбий алайҳиссалам ғайратынан қуўат алар еди. Ең аўыр демлерде де мәртлерше турып, алға умтылар еди, ҳеш қашан артқа шегинбеген, албырамаған.
Сақаўатлығы: жүдә қолы ашық, қайыр-сақаўат ҳәм жомартлықта теңсиз, жарлылықтан ҳеш қашан қорқпаған, ең сақый инсан еди. Рамазанда Жәбрайыл алайҳиссалам менен ушырасқанда және де сақый болып кетер еди, саҳабалардың тили менен айтқанда, сақаўатта самалдай болып кетер еди. Нәбий алайҳиссаламнан бир нәрсе соралса, ҳеш қашан жоқ демеген. Тапса берип, болмаса шийрин сөзи менен сораўшының кеўлин алар еди.
Мәмилеси: мүләйим, жүдә ҳақ кеўилли, ашық ҳәм гөззал еди. Нәбий алайҳиссалам мәмилеси ең аңсат инсан болған. Пайғамбарымыз алайҳиссаламды дәслеп көрген адам айбатынан өзин жоғалтып қояр, жақыннан танығаннан соң оны жақсы көрип қалар еди. Ҳеш қашан биреўди кемситпеген. Гүрриңлескен адамына айрықша әҳмийет пенен қарағанлықтан, гүрриңлескен адамның ҳәр бири өзин Нәбий алайҳиссаламға басқалардан көре жақынырақ сезинер еди. Қол берип көрискенде қолларын биринши болып тартып алмас, сәўбетлеси гәпин тамамлап, өз ықтыяры менен турып кетпегенше оның гәпин бөлместен, сабыр қылып турар еди. Адамлар ишинде ең аяўшылық сезими күшли, ең меҳрибан, мүнәсибети бойынша ең әдепли, минез-қулқы бойынша ең әпиўайы, жаман әдетлерден ең узақ инсан еди. Жаман ислерди қылмас, уят сөзлерди айтпас, базарларда шаўқым-сүрен қылмас еди. Жаманлыққа жаманлық пенен жуўап қайтармай, ал кеширип жиберер еди. Ҳәммеге бирдей кең пейиллик пенен қатнаста болар, адамларға меҳрибан ата болып қалған еди.