Get Mystery Box with random crypto!

​​​​     УНСУ ҮЛПЕТ      Зуннун Мисрий Каирдеги әл-Муқаттам т | NASIYAT.UZ |Рәсмий канал

​​​​     УНСУ ҮЛПЕТ

     Зуннун Мисрий Каирдеги әл-Муқаттам таўында бир солиҳ адам жасаўы ҳаққында еситип, оның зыяратына барды. Зуннун оның алдында бир қанша пайыт турды. Қашан кетиўин күтип, оннан дуўа қылыўын сорағанында, солиҳ инсан: "Аллаҳ сизди Өзине жақынластырыў менен жолдас қылсын", - деп дуўа етти. Зуннун: "Және зыяда қылың!" - деди. Солиҳ киси: "Аллаҳ кимди Өзине жақынластырса, оған төрт нәрсесиз де төрт нәрсени бере береди.
– Талап қылмаса да илим береди.
– Мал-дүньясыз да бийқәжетлик береди.
– Ағайин-туўысқансыз да әзизлик береди.
– Жәмәәтсиз де унсу үлпетти береди.
Мине, сол нәрселер саған жетерли емес пе?" - деп айтқанында, Зуннун жылады ҳәм: "Туўры! Аллаҳға ант, жетерли, бәлки керегинен артықша да", - деди.
     Аллаҳ Өзине жақынластырыў менен бәршелеримизди унсу үлпет қылсын!

Тарқатың: http://t.me/nasiyatuz