Get Mystery Box with random crypto!

​​          СОРАЎ - ЖУЎАП Келген бәле усыған урсын деп, үйде | NASIYAT.UZ |Рәсмий канал

​​          СОРАЎ - ЖУЎАП

Келген бәле усыған урсын деп, үйде жанлық бағыў мүмкин бе?

СОРАЎ: Көп адамлар келген бәле-қада усыған урсын деп жанлық бағады. Сондай қылыў кереклиги туўралы динимизде көрсетпелер бар ма?

ЖУЎАП: Бул нәрсени ырым дейди. Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам ырым қылыўдан қайтарған. Айырым инсанлар күнлик түсиминен азырағын "бул пуллар қара күниме жарап қалар" деген нийетте ажыратып қояр екен. Сондай инсанларды көрсең басы қара күннен шықпай жүреди. Ҳайўанды да бәле-қадалар ушын емес, жақсы нийетте бағыў керек. Ўаллаҳу аълам!

Өзбекстан мусылманлары басқармасы Пәтўа кеңеси.

Тарқатың: http://t.me/nasiyatuz