Get Mystery Box with random crypto!

​​​​​​'ҒАРҒА МЕНЕН ЛӘЙЛЕК' ЯКИ ДӘРТ ҲАҚҚЫНДА Бир күни шөлде ғ | NASIYAT.UZ |Рәсмий канал

​​​​​​"ҒАРҒА МЕНЕН ЛӘЙЛЕК" ЯКИ ДӘРТ ҲАҚҚЫНДА

Бир күни шөлде ғарға менен ләйлектиң жақын турғанын көрип әжеплендим. Бул еки қус еки әлем, олар қалайынша дос болды. Ҳайран қалып, қасына бардым. Қарасам, екеўи де шолақ екен.
Әзизлер, дәрт инсанларды бирлестиреди,
бир-бирин түсиниўге жол ашады.
Дәрт келсе, сиз басқалардың дәртине шерик болыўды үйренесиз.
Дәрт тек менде бар, деп ойлама!
Сениң дәртиң кимлердиңдур дәртиниң қасында неъмат болып қалады.

                   УСЫНЫС

      Ибн Умар разыяллаҳу анҳу рәўият қылған ҳәдисте Расулуллаҳ алайҳиссалам айтады:
     «Ким дуўасы қабыл болыўын ҳәм дәрти, ғам-тәшўишлери кетиўин қәлесе, қыйын аўҳалдағы бир адамды қуўандырсын».  
      "Сунани Термизий" китабынан.
      Аўҳалы қыйын, мүтәжликтен қыйналып атырған адамға көрсетилген жәрдем Аллаҳ тааланың алдында мақталған әмеллерден есапланады. Аллаҳ жақсылық қылыўшыдан разы болады. Сыйлық сыпатында дәрт ҳәм ғам-тәшўиштен қутылыўды береди. Қылған дуўаларын бос қайтармайды, қабыл етеди.

"Ғам-қайғысыз жасайын десеңиз (өкинбе)" китабынан.​​         

Тарқатың: http://t.me/nasiyatuz