Get Mystery Box with random crypto!

​​МҮТӘЖЛИК      ​​Ибн Масъуд разыяллаҳу анҳудан рәўият қылына | NASIYAT.UZ |Рәсмий канал

​​МҮТӘЖЛИК

     ​​Ибн Масъуд разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады:
Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам:
«Кимге мүтәжлик жетсе, ол сол мүтәжлигин адамларға арз етсе, ол адамнан мүтәжлик кетпейди. Ким сол мүтәжлигин Аллаҳға арз қылса, тезде яки бираздан кейин оған Аллаҳ ырысқыны тезлетеди», - деди.
(Әбиў Даўыт ҳәм Термизий рәўияты. Термизий ҳасан ҳәдис, деди)

      Аллаҳ тааладан басқаға мүтәж емеслигиңди дәлиллей алсаң, Аллаҳ таала да сени басқаға мүтәж қылмаслығын дәлиллейди.
(Шамс Тәбрезий)

     Иймам Ғаззалий раҳимаҳуллаҳ: “Билиң! Инсан өзи ҳәм шаңарақ ағзаларын кисиге мүтәж қылмаўы ҳәм шаңарағына қатты керек нәрселерди алып бериўи ушын кәсип қылыў, яғный мийнет етиўи нәпил ибадатларынан абзал, ол Аллаҳ жолында жүрген инсан яңлы”, деген.

Не қәжетиң бар Аллаҳға айтқыл,
Дәртиңди ҳәр жақсы, жаман билмесин,
Бендеден сорама миннетли болар,
Өзинен өзгеге мүтәж қылмасын!

Тарқатың: http://t.me/nasiyatuz