Get Mystery Box with random crypto!

QR BAJÍXANA

Telegram арнасының логотипі krbajixana — QR BAJÍXANA Q
Telegram арнасының логотипі krbajixana — QR BAJÍXANA
Арна мекенжайы: @krbajixana
Санаттар: Саясат
Тіл: қазақ
Жазылушылар: 516
Арнадан сипаттама

Qaraqalpaqstan Respublikası bajıxana basqarması
Telefon: 99861 224 97 00
Isenim telefonı: 99861 224 90 86
Facebook: https://www.facebook.com/UzQRBB

Ratings & Reviews

4.00

2 reviews

Reviews can be left only by registered users. All reviews are moderated by admins.

5 stars

0

4 stars

2

3 stars

0

2 stars

0

1 stars

0


Соңғы хабарлар 19

2022-01-11 15:17:51 #дағаза

Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик бажыхана комитетиниң Бажыхана институты бакалавриатына 2022/2023 оқыў жылы ушын абитуриентлер таңлаўын
ЖӘРИЯЛАЙДЫ

Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бажыхана комитетиниң Бажыхана институты бакалавриатында оқыў мүддети 4 жыл.
Институтта тастыйықланған Мәмлекетлик тәлим стандартлары тийкарында “Бажыхана иси” ҳәм “Юриспруденция” (экономикалық қәўипсизликти ҳуқықый тәмийинлеў) тәлим жөнелислери бойынша қәнийгелер таярланады.

Институтқа оқыўға кириўди қәлеўши талабанлар ушын:

“Бажыхана иси” тәлим жөнелиси бойынша математика (информатика ҳәм хабар технологиялары пәни менен биргеликте) (ҳәр бир туўры жуўап ушын 3,15 балл), шет тили (ҳәр бир туўры жуўап ушын 3,15 балл), мәжбүрий пәнлер (ҳәр бир туўры жуўап ушын 2,1 балл) пәнлеринен;

“Юриспруденция” (экономикалық қәўипсизликти ҳуқықый тәмийнлеў) тәлим жөнелиси бойынша тарийх (ҳәр бир туўры жуўап ушын 3,15 балл), шет тили (ҳәр бир туўры жуўап ушын 3,15 балл), мәжбүрий пәнлер (ҳәр бир туўры жуўап ушын 2,1 балл) пәнлеринен тест сынаўлары өткизиледи.
Оқыў дәўиринде тыңлаўшылар бийпул арнаўлы кийим, жатақхана ҳәм азық-аўқат пенен тәмийинленеди.
Тыңлаўшылардың институтта оқыў дәўири ҳақыйқый әскерий хызметти өтеў мүддетине киреди.
Тыңлаўшылар институтты питкергеннен кейин Өзбекстан Республикасы бажыхана органларында хызметти өтейди.

Таңлаўда қатнасыў шәртлери төмендегише:
- Орта кәсиплик ҳәм орта арнаўлы мағлыўматына ийе болған;
- Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2006 жыл 14 январдағы ПҚ-257-сан қарары менен тастыйықланған Өзбекстан Республикасы пуқаралары тәрепинен әскерий хызметти өтеў тәртиби ҳаққындағы нызам талапларына жуўап беретуғын;
- Әскерий хызметти өтемеген 17 жастан киши (қабыл жылында 17 жасқа толатуғынлар) ҳәм 21 жастан жоқары болмаған;
- Әскерий офицерлик қурамы атақларына ийе болмаған әскерий хызметкерлер яки әскерий хызметти өтеген 18 жастан киши ҳәм 25 жастан жоқары болмаған Өзбекстан Республикасы пуқаралары таңлаў тийкарында қабыл қылынады.
Талабанлардың бойы 165 см.ден (қыз балалар ушын 160 см.ден) кем болмаўы шәрт.

Институтқа оқыўға кириў ушын арзалар 2022 жыл 1 апрелге шекем Қарақалпақстан Республикасы бажыхана басқармасының Кадрлар бөлими тәрепинен қабыл қылынады.

Мәнзил: Нөкис қаласы, Т.Қайыпбергенов көшеси, 57-жай. Тел: 61-224-90-79
148 viewsedited  12:17
Ашу / Түсініктеме
2022-01-07 19:47:32
Президент Шавкат Мирзиёев Давлат хавфсизлик хизматининг “Темурбеклар мактаби” ҳарбий-академик лицейини бориб кўрди. У ерда яратилган шароитлар билан танишиб, ўқувчилар билан суҳбалашди.
– Сизлар янги Ўзбекистоннинг қанотисизлар. Бу қанотлар нима билан кучли бўлади? Билим билан! - деди Шавкат Мирзиёев.
Давлат раҳбари Амир Темур номидаги Давлат хавфсизлик хизмати академияси фаолияти билан ҳам танишди.

Президент Шавкат Мирзиёев посетил военно-академический лицей “Темурбеклар мактаби” Службы государственной безопасности и осмотрел созданные условия.
- Вы - крылья нового Узбекистана. Что делает эти крылья сильными? Знания! – сказал Президент в беседе с учащимися.
Глава государства ознакомился также с деятельностью Академии Службы государственной безопасности имени Амира Темура.

#Mirziyoyev #tanishuv #harbiytalim #Temurbeklarmaktabi

Prezident.uz|Facebook|Instagram|YouTube|Twitter
37 views16:47
Ашу / Түсініктеме
2021-12-29 12:28:00
https://kknews.uz/kk/94070.html
Өзбекстан ҳәм Қазақстан бажыхана хызметлери басшыларының жумыс бабындағы ушырасыўы

Каналымызға қосылың
https://t.me/joinchat/AAAAAERIzOESrE0olZr7Ng
106 views09:28
Ашу / Түсініктеме
2021-12-21 12:19:41
Интернет тармақларына бир нәзер тасласаныз, биологиялық актив қосымшалар ҳаққында кең тарқалғанлығының гуўасы боламыз.
Биоактив қосымшаларға да басқа дәри өнимлери сыяқлы итибарлы болыўымыз керек. себеби, бираз надурыс сақланған тәғдирде де организмге тәсири өзгериўи мүмкин.
Лекин, айырым пуқараларымыз сақланыў қағыйдаларына әмел етпестен бир мәмлекеттен екинши мәмлекетке нызамға қарсы алып өтиўге болған урыныслары ушырамақда.
Күни түн мәмлекетимиз хаўипсизлиги жолында хызмет алып барып атырған Қарақалпақстан Республикасы бажыхана басқармасы хызметкерлери тәрепинен мине усындай жағдайлардан бириниң алды алынды.
Россия федерациясынан Өзбекстан Республикасына кирип келген “ФОРД ТРАНЗИТ” маркалы автотранспорт қуралы бажыхана қадағалаўынан өткерилгенинде шама менен 19 200 000 сумлық ҳәр түрдеги 48 қуты биоактив қосымшаларды ҳеш қандай ҳүжжетлерсиз Россия федерациясынан Өзбекстан Республикасына алып кирмекши болғанлығы анықланды.

Ҳәзирде жағдай бойынша сорастырыў жумыслары алып барылмақта
100 views09:19
Ашу / Түсініктеме
2021-12-20 13:07:09
Мәмлекетимизде дене тәрбиясы ҳәм спортты раўажландырыўға айрықша кеўил бөлинип келинбекте.Себеби спорт халық саламатлығын беккемлеў, жас әўләтты саў ҳәм бәркәмал етип тәрбиялаў арқалы жәмиетте саламат турмыс тәризин қарар таптырады.
Усы жыл 17-декабръ күни “Өзбекстан жаслар аўқамы” 2021 шеңберинде спорттың мини футбол түри бойынша жаслар ислери агентлиги кубогы жарысының Қарақалпақстан Республикалық финал басқышы болып өтти.
Жарыс жоқары тәлим студент жаслары ҳәм ҳуқық қорғаў уйымлары хызметкерлеринен дузилген 20 команда ортасында болып өтти.
Ойынды Арқа-батыс әскерий округының Нөкис гарнизоны командасы менен баслаған Қарақалпақстан Республикасы бажыхана басқармасы командасы қарсыласын 6-1 есабында жеңилиске ушыратты.
20 команда ишинен финалга жетип келген бажыханашылар командасы Қарақалпақ Мәмлекет университети командасы менен болып өткен ойында 1-0 есабында ойынды жуўмақлап 2 ши орынды қолға киргизди.
Жарыс жуўмағында жеңимпазларға диплом ҳамде қымбат баҳа саўғалар тапсырылды.
123 views10:07
Ашу / Түсініктеме
2021-12-14 15:24:48
Қарақалпақстан Республикасы бажыхана басқармасы хызметкерлери тәрепинен пиротехника қуралларының нызамсыз айланысына шек қойылды.

Бул ҳаққында видео арқалы толық тамаша етиң.
154 views12:24
Ашу / Түсініктеме
2021-12-10 16:12:00 Бажыхана органларында әмелге асырылып атырған реформалар өз нәтийжесин бермекте

Бүгинги күнде мәмлекетимиздиң ҳәр бир тараўында жүз берип атырған жаңаланыў ҳәм өзгерислер биринши гезекте инсан қәдри және оның ҳуқықый мәплерин қорғаў, исбилерменлик субъектлерин қоллап-қуўатлаў ҳәм оларға нызамшылықға тийкар жеңилликлер жаратыў арқалы жаслардың бәнтлигин тәмийинлеў ушын қаратылған десек асыра айтқан болмаймыз.
Мәмлекетимизде заманагөй информацион-коммуникация технологияларынан пайдаланған ҳалда, Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик бажыхана хызмети органлары искерлиги натийжелилигин асырыўға қаратылған избе-из реформалар бүгин өз нәтийжесин көрсетип атыр, және бул өз орнында бажыхана бақлаўы ҳәм рәсмийлестириўи процесслериниң әпиўайыластырылыўы, оларға кететуғын ўақыттың қысқарыўы менен бир қатарда сапа дәрежеси артпақда.

Бир ғана Қарақалпақстан Республикасы бажыхана басқармасы мысалында алып қарасак, усы жылдың өткен 11 айы даўамында басқарма тәрепинен жәми 390,78 млн АҚШ долларына тең өнимлер экспорт бажыхана режимине рәсмийлестирилди.
Улыўма баҳасы 587,16 млн АҚШ долларын қурайтуғын республикамыз сыртқы саўда айланбасының 66% товарлар экспортына туўры келеди.

Республика аймағынан тийкарынан полиэтилен, ийирилген жип, фармацевтика өнимлери, пахта талшығы, артемия цистаси, азық-аўқат өнимлери, химия санааты өнимлери, гүнжи өнимлери, пропилен, боян тамыры және оның экстракты, калцинацияланған сода ҳәм де тери өнимлери дүньяның Туркия, Китай, Россия, Казахстан, Латвия, Украина, Кырғызыстан ҳәм Нидерландия сыяқлы бир қатар мәмлекетлерине экспорт етилди.
Технологиялық әсбап-үскенелер, химия санааты өнимлери, ағаш ҳәм тахта, аўыл хожалығы ҳәм азық-аўқат өнимлери, транспорт және аўысық бөлеклери ҳәм де нефть ҳәм нефть өнимлери сыяқлы улыўма бахасы
196,38 млн АҚШ долларына тең өнимлер басқарма тәрепинен импорт бажыхана режимине рәсмийлестирилди.

Соның менен бирге, усы жылдың өткен дәўири даўамында Қарақалпақстан Республикасы бажыхана басқармасы тәрепинен бажыхана органларының өз фискал ўазыйпаларын әмелге асырыў шеңберинде бажыхана төлемлеринен 305 млрд 131,6 млн сўм пул қаржлары мәмлекет бюджетине өткерилиўи тәмийинленди.

Мәмлекетимиз басшысы ҳәм ҳүкиметимиз тәрепинен исбилерменлик субъектлерине бәсекиге шыдамлы өнимлерди ислеп шығарыў арқалы экспорт көлемин асырыў ҳәм импортты оптималластырыўға қаратылған бир қанша нормативли-ҳуқықый ҳүжжетлер қабыл етилмекте. Усы нызам ҳүжжетлерде белгиленген ўазыйпалардың атқарылыўын сөзсиз тәмийинлеў мақсетинде, бажыхана органлары тәрепинен усы жылдың дәслепки 11 айы даўамында сыртқы экономикалық байланыс қатнасыўшысыларына жәми 216 млрд 850 млн сўм муғдарында бажыхана төлемлеринен жеңилликлер қолланылди.
Есабат дәўиринде бажыхана тараўына тийисли нызамшылық ҳүжжетлериниң бузылыўы менен байланыслы 343 ҳуқықбузарлық жағдайлары анықланып, жәми 6 млрд 528 млн сўмлық товар-материаллық байлықлар айғақлы зат ретинде иркилди. Соннан, жәми 10 жағдайда Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң тийисли статьялары бойынша жынаят иси қозғатылды.

Басқарма хызметкерлери тәрепинен нәшебентлик ҳәм психотроп өнимлери, қурал жарақ ҳәм оқ дәрилериниң нызамсыз айланысына қарсы гүресиў жөнелисинде де бир қанша жумыслар әмелге асырылып келинбекте. Атап айтқанда, 2021 жылдың өткен 11 айы даўамында 102,35 гр. “опий”, 119,42 гр. “марихуанна”, 53,41 гр. “гашиш” 6 түп “каннабис”, 1,83 гр. нәшебентлик өсимлиниң туқымы ҳәм 4201 дана таблетка “Трамадол” атлы нәшебентлик өнимлери, 222 флакон “Тропикамид” ҳәм 314 капсула “Регапен” атлы күшли тәсир етиўши өнимлер, соның менен бирге, 52 психотроп таблеткалар анықланды.
Оқатар қураллар қатарына кириўши 6 дана оқ-дәри, 2418 гильзалар, 1,15 кг дробларнинг нызамға қарсы тәрзде бажыхана шегаралары арқалы кирип келиўи ҳәм айланбада болыўының алды алынып, тийисли тәртипте нызам шаралары көрилди.
91 views13:12
Ашу / Түсініктеме
2021-12-10 15:23:02
Божхона органларида амалга оширилаётган ислоҳотлар ўз натижасини бермоқда
81 views12:23
Ашу / Түсініктеме
2021-12-10 07:37:24
Ҳәр таң мәмлекетимиз гимни сеслери астында жаңа күнди күтип алар екенбиз, көз алдымызда қүдиретли мәмлекетимиздиң шексиз кеңликлери, гөззал тәбияты, көкке бой созған қалалар менен шырай ашқан аўыллары, миймандос, ашық кеўил халқымыз, шегараларда сергек турған тынышлық қорықшылары ҳамде бахытлы турмыстан қуўанышлы ул-қызлардың шадлы күлгилери сыяқлы тәбият көринислери саўлеленеди.

10 декабрь - Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик гимни қабыл етилген күн мүнасибети менен Қарақалпақстан Республикасы бажыхана басқармасы хызметкерлери Ибрайым Юсупов атындағы дөретиўшилик мектепте болды.
172 views04:37
Ашу / Түсініктеме
2021-12-10 07:36:40
10 декабрь – Давлат мадҳияси қабул қилинган кун.

Шу йил давлатимиз мадҳияси қабул қилинганлигига 29 йил тўлди.
122 views04:36
Ашу / Түсініктеме