2022-01-26 08:26:06
Бажыхана мәртлери
Алпамысқа уқсаттым мен айбатларын
Қаражанға қыясладым ғайратларын
Сап дизилип турғанында хызметте
Елеслеткен Тимур бабам жасаратын
Тосық болып таслар келсе кемирип
Өткели жоқ суўлар келсе симирип
Ойлы бәлент жоллар әбден писирип
Мийтин болған бажыхана хызметкери
Жаўынлы қар, суўларды кешип
Айланба жол, шөллерди гезип
Кирпик илмей талай таңды өткизип
Қорған болған бажыхана хызметкери
Басқан ҳар бир қәдеминен от шақнап
Бажыхана байрағын көклерге қадап
Ели-журтын нәкәслерден қорықлап
Қалқан болған, бажыхана мәртлери
Қарақалпақстан Республикасы
бажыхана басқармасы
аға инспекторы,
бажыхана хызмети капитаны
Ш.Жуманиязова
72 viewsedited 05:26