Get Mystery Box with random crypto!

БАСҚАН ҚӘДЕМИҢИЗ ОҢЫНАН БОЛҒАЙ. Турған болсын сизди тәңирим қ | Ансатбай КАРАЖАНОВ📝✍

БАСҚАН ҚӘДЕМИҢИЗ ОҢЫНАН БОЛҒАЙ.

Турған болсын сизди тәңирим қоллай,
Отырман ең жақсы тилекти жоллай,
Сеннен ел халықтың кеўили толғай,
Басқан қәдемиңиз оңынан болғай.

Ағажан атыңыз тарийхта қалғай,
Жүрекке тек ғана жақсылық салғай,
Халқымның басына аўыр күн салмай,
Басқан қәдемиңиз оңынан болғай.

Ҳадал мийнет қылың ҳеш қашан тынбай,
Жүргейсең өмирде ҳеш қашан сынбай,
Бахыт қусы басқа мәңгиге қонғай,
Басқан қәдемиңиз оңынан болғай.

Халқыңыз шекпесин қайғы уўайым,
Қоллап турсын сизди бәрҳә қудайым,
Болып ел халыққа бәрҳә мүләйым,
Басқан қәдемиңиз оңынан болғай.

Ансатбай Каражанов 26.08.2022-жыл

Канал силтемеси
http://t.me/Ansatbai