Get Mystery Box with random crypto!

АДАМ КЕЎЛИ КЕСЕЛ БОЛҒАНЫ ЖАМАН. Ҳәр ким өз күнине саў болғай | Ансатбай КАРАЖАНОВ📝✍

АДАМ КЕЎЛИ КЕСЕЛ БОЛҒАНЫ ЖАМАН.

Ҳәр ким өз күнине саў болғай аман,
Сабыр етсең жаман болады тамам,
Басына жетеди бир күни жанан,
Адам кеўли кесел болғаны жаман.

Тилемейди ҳасла жақсылық саған,
Ҳәмме тәзим етсе дейди ол маған,
Қудайды айтқаннан пайда жоқ оған,
Адам кеўли кесел болғаны жаман.

Болыў керек ҳәмме өзине қарам,
Ойлаған нийети тек ғана ҳарам,
Күн өтпей қыйналар бир күни балаң,
Адам кеўли кесел болғаны жаман.

Жей алмасаң қыйын мазалы тағам,
Ден саўлық болмаса қыйын-аў ағам,
Алла инсап берсин тек ғана саған,
Адам кеўли кесел болғаны жаман.

Қолдан келгенинше етпең жаманлық,
Тилеп жүр өзиңе текте аманлық,
Болсын жүреклерде иман ҳадаллық,
Адам кеўли кесел болғаны жаман.

Ансатбай Каражанов 27.08.2022-жыл

Канал силтемеси
http://t.me/Ansatbai