Get Mystery Box with random crypto!

ЖАҚСЫЛЫҒЫ ЖАҚЫН БОЛСЫН ҲӘР ИСТИҢ. Қулына айланбаң алтын гүмис | Ансатбай КАРАЖАНОВ📝✍

ЖАҚСЫЛЫҒЫ ЖАҚЫН БОЛСЫН ҲӘР ИСТИҢ.

Қулына айланбаң алтын гүмистиң,
Парқына барыңлар оң ҳәм теристиң,
Гәпинде дуз болмас дузы кемистиң,
Жақын болсын жақсылығы ҳәр истиң.

Өзиңди өзгеден қоймағыл үстин,
Пайдасы болмайды билекте күштиң,
Жаман әдет билсең тарлығы иштиң,
Жақын болсын жақсылығы ҳәр истиң.

Зыяны жоқ кең болғаны өристиң,
Уяты жоқ бүгинде күн көристиң,
Үлкен ҳәм кишиси болмас жеңистиң,
Жақсылығы жақын болсын ҳәр истиң.

Алға мақсет қойып, оған ерисиң,
Қылмаңлар ҳеш қашан истиң терисин,
Излемең биреўдиң ҳасла кемисин,
Жақсылығы жақын болсын ҳәр истиң.

Шығыны болады кирген киристиң,
Пайдасы болады алға жүристиң,
Гәпине кирмеңлер ҳасла теристиң,
Жақсылығы жақын болсын ҳәр истиң.

Ансатбай Каражанов 26.08.2022-жыл

Канал силтемеси
http://t.me/Ansatbai