Get Mystery Box with random crypto!

ҲӘР ИСКЕ АЛЛАҲЫМ МӘДӘДКӘР БОЛҒАЙ. Тилегим жетимниң кеўили тол | Ансатбай КАРАЖАНОВ📝✍

ҲӘР ИСКЕ АЛЛАҲЫМ МӘДӘДКӘР БОЛҒАЙ.

Тилегим жетимниң кеўили толғай,
Дәўлет бахыт қусы басына қонғай,
Ҳадал мийнет қылың ҳеш қашан тынбай,
Ҳәр иске Аллаҳым мәдәдкәр болғай.

Өмириң узын болсын рәўән жолдай,
Талабың оралып әўметиң болғай,
Өмирде жүргейсиз ҳеш қашан солмай,
Ҳәр иске Аллаҳым мәдәдкәр болғай.

Тынық болсын өмир мысалы суўдай,
Өмирде жүргейсиз ҳеш қашан сынбай,
Сулыдан жақсыдур билсеңлер бийдай,
Ҳәр иске Аллаҳым мәдәдкәр болғай.

Бахытың басыңда мәңгиге жанғай,
Инсанның инсаннан мийрими қанғай,
Басылмасын деймен өмирде шалғай,
Ҳәр иске Аллаҳым мәдәдкәр болғай.

Татлы болсын өмир мысалы балдай,
Адамда бир күни толысар айдай,
Жақсы сөз жағады адамға майдай,
Ҳәр иске Аллаҳым мәдәдкәр болғай.

Жақсы тилеклерди атырман жоллай,
Ҳәй Алла турғайсыз бизлерди қоллай,
Несийбемди бергей тәңирим моллай,
Ҳәр иске Аллаҳым мәдәдкәр болғай.

Ансатбай Каражанов 12.08.2022-жыл


Каналға ағза болыў ушын:
http://t.me/Ansatbai