Get Mystery Box with random crypto!

ӨМИРДЕ ҲӘР НӘРСЕ БОЛЫЎЫ МҮМКИН. *** Кеше жығылғанлар турыўы | Ансатбай КАРАЖАНОВ📝✍

ӨМИРДЕ ҲӘР НӘРСЕ БОЛЫЎЫ МҮМКИН.
***
Кеше жығылғанлар турыўы мүмкин,
Тасып турған дәрья қурыўы мүмкин,
Муз қатқан жүреклер жылыўы мүмкин,
Өмирде ҳәр нәрсе болыўы мүмкин.
***
Өмирден тек ғана жақсылық күтиң,
Сөндирмесин “Аллаҳ” бенде үмитин,
Кешеги кем кеўил бүгинде пүтин,
Өмирде ҳәр нәрсе болыўы мүмкин.
***
Өмир тайдырады базылар күйин,
Ўайрана қылады ҳәттеки үйин,
Кешеги бийбаҳа бүгин бир тийин,
Өмирде ҳәр нәрсе болыўы мүмкин.
***
Ойын қылмаңызлар ҳеш кимге ширкин,
Тыныш қой ҳалына жүрсин-дә еркин,
Қаланың көриңлер бүгинги көркин,
Өмирде ҳәр нәрсе болыўы мүмкин.
***
Узаққа созылмас базыда күлкиң,
Арқаңда қалады жыйнаған мүлкиң,
Жоғалтып алмаңлар өмирдиң гилтин,
Өмирде ҳәр нәрсе болыўы мүмкин.
***
Ансатбай Каражанов 12.08.2022-жыл

Каналға ағза болыў ушын:
http://t.me/Ansatbai