Get Mystery Box with random crypto!

Базы данышпанлар айтады: төрт нәрсе шырайлы, бирақ төрт нәрсе | Ансатбай КАРАЖАНОВ📝✍

Базы данышпанлар айтады:
төрт нәрсе шырайлы, бирақ төрт нәрсе бар, оннан да шырайлырақ:

1. Еркеклерде уяттың болғаны шырайлы, лекин ҳаялларда болса оннан да шырайлы.

2. Ҳәр бир адамның әдил болыўы шырайлы, бирақ баслықлар әдил болса оннан да шырайлырақ.

3. Қартайған адамлардың тәўбе қылғаны шырайлы, лекин жаслардың тәўбе қылыў оннан да шырайлырақ.

4. Байлардың садақа қылыўы шырайлы, бирақ жарлылардың садақа қылыўы оннан да шырайлырақ.

Төрт нәрсе жаман, лекин төрт нәрсе бар, оннан да жаманырақ:

1. Жаслардың гүна қылыўы жаман, қартайғанлардың қылғаны оннан да жаманырақ.

2. Жәҳиллердиң дүнья менен шуғылланыўы жаман, алымлардики оннан да жаманырақ.

3. Барлық инсанлардың да ериншеклик қылғаны жаман, улама ҳәм талабалардың ериншеклиги оннан да жаманырақ.

4. Байлардың кибирли болыўы жаман, кәмбағаллардың кибирли болыўы оннан да жаманырақ.

"Мунаббиҳат (Ескертиў)" китабынан.
https://t.me/omir_sabaqlari