Get Mystery Box with random crypto!

Тууылған куниң мубарәк болсын, Жузлериң кулимлеп кууаныш қонс | Ансатбай КАРАЖАНОВ📝✍

Тууылған куниң мубарәк болсын,
Жузлериң кулимлеп кууаныш қонсын,
Тууылған куниңе тилек арнасам,
Хеш қашан ортайма мәртебең толсын.

Жолыңнан ауметиң кетпесин хасла,
Дослар мен хамийше кеуилиң хошла,
Бугинги қууанышың мубарек болып,
Жасыңа жас қосып 100 қәдем тасла,

Хар қәдемиң бир жасқа тең болғай деп,
Тилек жазар досларыңыз бунда кеп,
Белгилейик естен шықпас мәуритти,
Тост пен хазил қосарласып болмас шеп.

Аңсатбай бугинги тууылған куниң мубарәк болсын, алланың берген жасын бахытлы, мазмунлы, естен кетпес қууаныш шадлықларға тола етип жасай бергейсең.

Тилек көп, сөз шетпес
Жоқдур ақырым,
Хадал мийнетке терлесин,
Маңлай тақырың,
Шаңарағың алдында,
Бәрха аман бол,
Тилекти жоллайман,
Мың бир шақырым,(нан)

Жане бир маретебе тууылған куниң менен қутлықлайман

Хурмет пенен Азамат Абдукаримов...

Қазақстан Атыраудан..
06/08/2022