Get Mystery Box with random crypto!

Тууылыпты Қоңыратлы бир жигит Көзге түсти топ ишин жарып шығып | Ансатбай КАРАЖАНОВ📝✍

Тууылыпты Қоңыратлы бир жигит
Көзге түсти топ ишин жарып шығып
Өзи юрист қорғаушы инсан мәпин
Қосықты да жазады сөйтип жүрип

Халық ушын белиңди буу, хызмет ет
Бәршесине теңдей хүрмет-иззет ет
Бахытқа баслаған қостарың менен
Муратқада жеттиң, мақсеткеде жет

Көз тилден аман бол мәртебең ассын
Әуметиң жорғалап, дәулетиң тассын
Ул қызыңның алдында аман болып
Еккисин көргейсең усындай жастың

Минген атың жаңарсада, тозбағай
Душпанларың сеннен хәргиз озбағай
Өмир жасың узақ болсын қарағым
Тилек айттық сиясатты қозғамай

Қоңыраттан Луна