Get Mystery Box with random crypto!

АҢСАТБАЙ ҚАРАЖАНОВҚА ҚУТЛЫҚЛАЎ Сөзи нағыс ойыл | Ансатбай КАРАЖАНОВ📝✍

АҢСАТБАЙ ҚАРАЖАНОВҚА
ҚУТЛЫҚЛАЎ

Сөзи нағыс ойылған қырлы тасқа,
Иним бугин шығыпты 37 жасқа,
Қуўанышқа шерикпен, қутлы болсын,
Күн келер-дә буйыған тойлы асқа.

Хат- қәлемиң бәлентке тарта берсин,
Жүрегиңе ийман толы қалта берсин,
Алла берген жасын жасап күлип- ойнап,
Ден- саўлығың жүз жасларға арта берсин.

Саған берген иләҳийдан сайрар зибан,
Қәдирин бил оны таппай қалған жаман,
Қартайсаңда халық дәртин тынбай жырла,
Қоңыратлы шайыр иним бол саў-аман!

Туўылған күниң қутлы болсын уллы мақсетлериңе сүринбей жетиўиңди тилеўши Қоңыратлы апаң Зульфия Жийемуратова.