Get Mystery Box with random crypto!

Аңсатбай Қаражановқа қутлықлаў! Заң бойынша алған иним билимд | Ансатбай КАРАЖАНОВ📝✍

Аңсатбай Қаражановқа қутлықлаў!

Заң бойынша алған иним билимди,
Шайыр кеўлиң поэзияға илинди.
Толып-тасып қутлықлайын инимди,
Қутлы болсын туўылған күн бүгинги.

Шығыс мәкан Қоңыраттай қаладан,
Узақ өмир келгей тилек Алладан!
Аман болшы от суў бәле жаладан,
Болғай қабыл тилеклерим жоллаған!

Суд залында даў-дамайды көп көрип,
Алғансаң-аў жүрегиңе өткерип.
Соның ушын шығар иним дөп терип,
Нәсият қосық көп жазасаң жеткерип.

От басыңда мәңги шадлық жайнағай!
Әўмет бахыт басыңнан ҳеш таймағай!
Тоқсан асып жүзге шыққан тойыңда,
Атажан деп қуўлықларың ойнағай!


Жаңабай Анетеев
6-август 2022-жыл.Волгоград.