Get Mystery Box with random crypto!

Висконсин Университетиндеги Infant Learning Lab усыныс етиўи б | Tilepov's Channel

Висконсин Университетиндеги Infant Learning Lab усыныс етиўи бойынша "бөпелер сойлеў қәбилетин - сойленген сөзлерден (spoken speech) көре намаға салып айтылған (sung speech) ўақтында тезлеў уйренеди". Буны аналарымыздың айтатын ҳаййиўлериненде аңласақ болады.

Музыка таза тил уйренип атырғанларда үлкен пайдалар береди. Музыканың айрым түрлери, мысалы поп жанрындағы қосықлар инглиз-тилин уйрениўде жақсы пайда береди. Тим Мёрфи буның себебин былай түсиндирген : Поп музыкаларда тез қолланылатуғын сөзлердиң комбинациясы бар хәм олар биринши хәм екинши шахслар тәрепинен қайта-қайта тәкирарланады. Нәтийжеде, тыңлаўшылар жеке хәмде емоциолық түрде өзлерин қосықтың ишинде қатнасып атырғандай сезеди.

Сондай-ақ, ересек адамлар шаўқымлы ресторан яки байрам кешелеринде қасындағының даўысын түсиниўде қыйыншылық сезеди. Ал, музыка еситип жүрген ересеклерде бул машқала салыстырмалы жүда аз болады. Шаўқымлы жерден даүысты түсине алыў жаңа тил уйренип атыранлар ушын айнықса әхмийетли.

Хешкимке сыр емес, 20-жыллардың екинши ярмында аудио-лингуал метод ең тыйкарғылардан бири болып келген. Бахытқа қарсы, хақыйқый дүния бундай емес - бизлер тилди хәрқандай шаўқым ишинде да пайдалана алыўымыз керек. Менимше Booknomy да искуственный шаўқым жоқ шығар? Барма-я?

P.S. YouTube қа "Pop Songs" деп жазың.

@tilepov_channel