Get Mystery Box with random crypto!

Қабақбаслар теоремасы. Яки олар неге сабақларды өзлестире алма | Tilepov's Channel

Қабақбаслар теоремасы. Яки олар неге сабақларды өзлестире алмайды?

Класта топ 5 оқыўшының бири едим. Класта сондай ессатты түсинбейтинлер, бир куплет тахмақ айта алмайтынлар баршылық еди. Менде хәрдайым сораў болатын еди: неге олар ондай? Олар сондай ериншекпе или басқа себеп барма?

7-класс ахырларынан Алгебра бирдениге қурамаласып кеткендей болды. Себеби тарихтан олимпияда себепли сабақларға қатнаса алмай қалдым. Усы қатнаса алмаў репетиторға барғанда да айақтан тартты.

Кейин менда өзимди таярлықта бара-бара қабақбастай сезе басладым. Не болды өзи? Доскадағылар неге буншелли түсиниксиз?

Барлығы опытқа байланыслы екен. Егер мектептен алдын оқыўды билсеңиз, мектепте қыйналмайсыз. Егер университеттен алдын тайарлыққа барсаңыз, репетиторда қыйналмайсыз...

Егер басқалар қыйын деп есаплайтын пәнде, сизде опыт болса - онда ол пән автоматик сизге қызық көринип баслайды хәм үлкен итимал менен сен незатқа қызығасаң деген сораўға жуўап болады.

Мектепте оқымайтынлардың айрымлары хәзир диний билимлерге "қызығып" кетти. Себеби ол ўақтын математикадан көплеў, диний лекциялар көриўге сарыплады. Басқаларда сондай. Демек қызығыў - көбинесе сиз басқалардан көплеў ислеген жумысыңызға байланыслы. Қызыққан жумысыңды исле дегени - опытың бар жумысты исле дегени.

Опыт болса бир нәрсени қайта, қайта ислеўден келеди. Демек теорическый - сизиң талантыңыз переоценен. Тек басқалардан көбирек шуғыллансаңыз болды. Соның ушында қабақбаслар - опыты барлардан өтип кетиўың орнына, опыты барлар еле араласпаған затларға көбирек қызығады. Демек, олар тупой емес ал гений болып шығып атырма?

@tilepov_channel