Get Mystery Box with random crypto!

8-класта инглиз-тилин уйренип баслаған болсам мен инглиз-тилин | Tilepov's Channel

8-класта инглиз-тилин уйренип баслаған болсам мен инглиз-тилин билемен деген түсиник 9-класта келген. Просто сабақлықты аштым и уже билдим - барлық тема, упражнениялар жүда аңсат.

Но, бул салыстырмалы жетискенлик еди. Содан баслап мектеп или лицейде инглиз-тили менен улыўма проблема болмады. Хақыйқый тил билиў не екенин кейин түсинип басладым.

Просто Стив Джобс туўралы биринши еситкен, успех туўралы биринши кытаплар қолымда болған ўақыт. Гуглға жаздым "habits of steve jobs" или "success rules of pavel durov" резултатлар мыңлаған еди. Биринши мақалада кейинги мақалаға ссилка бар, ода басқасына - ең қызықғы бул мақалаларды түсиниў проблема емес. Просто Вау!

Кейин поиск сәл қурамаласты "favourite books of steve jobs" типиндағы излеўлер арқалы зор кытаплар туўралы билип алдым. Любой ўақыт мен таймс рейтинглеринен көре өзиме унаған адамлардың рекомендатциясына исенемен и бул ешқашан пәнт бермеген. Усыдан кейин пиратцкий сайтлардан топ кытапларды скачать етип алавердим. Бенжамин Франклин, Илон Маск, Джобс туўралы биографиялар, Flow, Zero to One и.т.к - Бул мақала оқыўдан да артықлаў еди. Уже Ура деп бахырса болатын ўақыт. Себеби дүнияның 90% информациясына енди сен ийелик ете аласаң - просто ал и оқы.

Кейин тед талкслар, курсера булардан пайдалана алғаным ушын қайта-қайта шүкир айтқым келеди. Любой момент бундай имканиятларды университеттеги бакалвр дипломы менен теңлестирип болмайды. Бул оннан жоқары нәрсе. Себеби бакалврда өтетин затларың уже интернеттен тайын.

Бул имканиятлар хәммениң қолы астында. Бул интернет. Буннан пайдаланыў ушын - тил билиў керек. И сюрпризно кейинги күнлери түсинген нәрсем буған грамматика вопше особый нәрсе емес. Еситип түсиниў яки оқыў ушын саған ең кереги сөз байлығы. Грамматиканың орны тек сойлеў хәм жазыў арасында - булда оншелли үлкен емес. Тек - 20-25%

2 жыл алдыңғы өзиме айтатын қысқа мәслахатлер :
- Инглиз-тилинде тек өзиңе растанда қызық темалар бойынша оқы.
- Субтитрды өшир и есит. Просто тилди қулағыңа таныс затқа айлатыр. Переводын түсиниў улыўма шәрт емес.
- Сөзлерди емес фразаларды уйрен: want емес - I want to формасында ядлап қал.
- Сөз ядлайжақ болсаң - пайдалан. Сойлейжақ болсаң сойле. Жазажақ болсаң жаз. Оқыйжақ болсаң оқы. Еситежақ болсаң есит. Бырақ тек өзиңе қызығатынын. Репетитор саған көрсеткенин яки кимдур содан пайдаланғаны ушын емес.

Ахырғысы, инглиз-тилинде уйренген биринши күниңизден уйренген затыңызды (интернетте) пайдаланың.