Get Mystery Box with random crypto!

Креатив адамлардың прокростинатор болыўы туўралы. Сиз бирнәр | Tilepov's Channel

Креатив адамлардың прокростинатор болыўы туўралы.

Сиз бирнәрсени ислеўиңиз керек екенин билсеңизда оны ислемей жүреверсизба? - онда сиз ериншек емес прокростинаторсыз. Бундай адамлар күнделикли жумыслардан қашады - хәм хақыйқатында бир әхмийетли максималл резултат беретин жумысты ислегиси келеди. Хәм буны таппағаншы, ессат ислемейди. Бул қәншелли жаман әдет болсын - бундайлар креативлеў, инноватор хәмде көп жағдайларда перфекционист болады.

Бундайлар өмирде ең дурыс затты ислегиси келгени ушын - басқалардан көре азлаў көринерли затқа ериседи. Себеби өмирде жетискенликли адамлар бул қәншелли дурыс, қәте болсын жумыс ислеўден тоқтамайтынлар.

Тап марафондағыдай - олар шаршасада, әстен-әстен тоқтамай кетевереди. Ал прокрастинатор тоқтап - жолды кесип өтиўдиң жолын излейди. Егер жол бар болса, онда ол басы ислеген болады. Ал, жол жоқ болса сол жерде тәслим болады хәм екинши марафонда утыўға үмит етеди. Бириншиси еки жағдайда да, финишқа барады. Бундайлар ерискен нәрсесин максимал сақлап қалады хәмде керек болса көбейтеды.

Теңге екинши тәрепи - бундайлар таза зат жаратпайды. Бундайлар рамкадан шетке шықпайды. Егер дүния тек бундайлардан ибарат болғанында, Америкаға ешким бармас еди. Телефон, Интернет раўажланбас еди.

Ал прокростинаторлар - қәте ислеўден, жеңилиўден корқпайды. Олар тоқсан тоғыз мәрте утылады бырақ бир мәрте утқанында, басқалар жүз мәрте утқанынан көбирек нәрсеге ериседи. Жаманы ол утсада, еледе утыў ушын ерискенлериниң бәрин таўекел етевереди. Бундайлар өмири сондай.

Сен қандай адамсаң?