Get Mystery Box with random crypto!

Shet tilleri fakulteti jaslar menen islesiw √

Telegram арнасының логотипі shet_tilleri — Shet tilleri fakulteti jaslar menen islesiw √ S
Telegram арнасының логотипі shet_tilleri — Shet tilleri fakulteti jaslar menen islesiw √
Арна мекенжайы: @shet_tilleri
Санаттар: Білім
Тіл: қазақ
Жазылушылар: 164
Арнадан сипаттама

Shet tilleri fakulteti jaslari menen islesiw hàm Talabalar keńesi kanalina xosh kelipsiz!
Bul kanal arqali bos waqtimizdi mazmunli ótkeremiz, eń baslisi onlayn túrinde ótkerilgen joybarlar, tańlawlar, viktorinalarģa qatnasa alasiz!

Ratings & Reviews

3.67

3 reviews

Reviews can be left only by registered users. All reviews are moderated by admins.

5 stars

0

4 stars

2

3 stars

1

2 stars

0

1 stars

0


Соңғы хабарлар 22

2021-05-07 17:30:41
9-май Ѳзбекстанда еслеȳ ҳәм қәдирлеȳ күни, жеңисимизге 76 жыл толды
381 viewsНурниязов_Нурсултан, 14:30
Ашу / Түсініктеме
2021-05-07 17:28:40
9-май Ѳзбекстанда еслеȳ ҳәм қәдирлеȳ күни, жеңисимизге 76 жыл толды

Нурсултан Нурниязов
Шет тиллери факультети жетекшиси
405 viewsНурниязов_Нурсултан, 14:28
Ашу / Түсініктеме
2021-05-06 17:28:08
ЖАЎЫННАН ПАЙДАЛАНЫП ҚАЛЫҢ!

Аллаҳ таала Қураны кәриймде былай деген: “Биз аспаннан берекетли жаўын жаўдырдық” (Қоф сүреси, 9-аят)

Жаўын Аллаҳ тааланың мийрими себепли болғаны ушын жаўын жаўып турғанда дуўа етилсе, соралған нәрсе ижабат болыўы үмит қылынады. Солай екен, жаўын тамшылары еле жаўып турғанда ел-халқымыз, шаңарағымыз ҳәм өзимиз ушын әҳмийетли болған нәрселерди Аллаҳ тааладан сорап қалыўымыз мақсетке муўапық.

Саҳл ибн Саъд разыяллаҳу анҳудан рәўият етиледи:
“Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўасаллам: “Еки нәрсе қайтарылмайды, Азан айтылып турғанда ҳәм жаўын жаўып турғанда соралатуғын дуўа”, деди”.

Каналымызға ағза болыў ушын төмендеги силтемени басың!

https://t.me/joinchat/AAAAAEbfMm7dfVmRGUVSJA
219 viewsНурниязов_Нурсултан, 14:28
Ашу / Түсініктеме
2021-05-06 16:57:32
Пәраўан турмысымыз тийкаршыларына ҳүрмет

Шет тиллери факультети деканаты ҳәм студентлери Нөкис қаласы Қоңырат көшесинде жасаўшы урыс қатнасыўшысы Нарманов Қәдирбай шаңарағында болып, ветеран атаға байрам саўғаларын тапсырды.

Ветеранды 9-май – Еслеў ҳәм қәдирлеў күни улыўмахалықлық байрамы, сондай-ақ, Екинши жер жүзилик урыста фашизм үстинен ерисилген жеңистиң 76 жыллығы менен қызғын қутлықлады.

Ҳәзирги ўақытта Президентимиз тәрепинен Ўатанның абырай-мәртебесин көтериўге, жасларды руўхый-әдеп-икрамлылық жақтан тәрбиялаўға үлес қосып атырған ветеранларды қәдирлеў, урыс қатнасыўшылары ҳәм майыпларды материаллық хошаметлеў бағдарында кең көлемли илажлар әмелге асырылып атырғаны атап өтилди.

Каналымызға ағза болың @nmpi1934
129 viewsНурниязов_Нурсултан, 13:57
Ашу / Түсініктеме
2021-05-06 16:57:09
Өзбекстан Қаҳарманы, халық шайыры Ибрайым Юсуповтың туўылғанына 92 жыл толыўы мүнәсибети менен Шет тиллери факультети 1-Г топары студентлериниң қутлықлаўы

Каналымызға ағза болың
@nmpi1934
121 viewsНурниязов_Нурсултан, 13:57
Ашу / Түсініктеме
2021-05-06 16:56:37
Қәлби гөззаллыққа талпынған инсан

(Шайыр Ибрайым Юсуповтың 92 жыллығына)

Шымбайымның жарқыраған жулдызы,
Кеўлимизде мәңги ядың сақланар,
Шайыр десек шайырлардың уллысы,
Өмириңниң үлги болар изи бар.

Әдебият майданында ҳеш қашан,
Умытылмас атың мәңги жүректе,
Қәлби гөззалыққа талпынған инсан,
Өзиңизден ибрат аламыз бизлер де.

Ҳәр бир жастың жүрегинде мудамы,
Илҳам-йоштың жалынлары лаўлаған,
Мақтаныш етемиз сиздей инсанды,
Кеўилинде мудамы меҳир сақлаған.

Нурсултан Нурниязов,
Шет тиллери факультети студенти.

Каналымызға ағза болың
@nmpi1934
143 viewsНурниязов_Нурсултан, 13:56
Ашу / Түсініктеме
2021-05-06 16:56:09
134 viewsНурниязов_Нурсултан, 13:56
Ашу / Түсініктеме