Get Mystery Box with random crypto!

Shet tilleri fakulteti jaslar menen islesiw √

Telegram арнасының логотипі shet_tilleri — Shet tilleri fakulteti jaslar menen islesiw √ S
Telegram арнасының логотипі shet_tilleri — Shet tilleri fakulteti jaslar menen islesiw √
Арна мекенжайы: @shet_tilleri
Санаттар: Білім
Тіл: қазақ
Жазылушылар: 164
Арнадан сипаттама

Shet tilleri fakulteti jaslari menen islesiw hàm Talabalar keńesi kanalina xosh kelipsiz!
Bul kanal arqali bos waqtimizdi mazmunli ótkeremiz, eń baslisi onlayn túrinde ótkerilgen joybarlar, tańlawlar, viktorinalarģa qatnasa alasiz!

Ratings & Reviews

3.67

3 reviews

Reviews can be left only by registered users. All reviews are moderated by admins.

5 stars

0

4 stars

2

3 stars

1

2 stars

0

1 stars

0


Соңғы хабарлар 21

2021-05-20 15:26:07 Факультетлер арасында өткерилген Видеороликлер таңлауы өз жуумағына жетти
Нәтийжелер менен таныстырамыз;
1-орын ингилис тили хәм әдебияты қәнийгелиги 1 "Д" топар студенти Қалбаев Сражатдин
2-орын ингилис тили хәм әдебияты қәнийгелиги 2 "Д" топар студенти Дошмуратова Бекзада
3-орын ингилис тили хәм әдебияты қәнийгелиги 1 "К" топар студенти Жиенбаева Сабрина
274 viewsНурниязов_Нурсултан, 12:26
Ашу / Түсініктеме
2021-05-18 23:04:12 #скоро_самарканд
175 viewsНурниязов_Нурсултан, 20:04
Ашу / Түсініктеме
2021-05-18 23:03:42
175 viewsНурниязов_Нурсултан, 20:03
Ашу / Түсініктеме
2021-05-18 18:54:37 ЖАҚСЫ ГҮМАН ҲАҚҚЫНДА

Бир ҳаял таксидиң арқа орыны бос бола турып, айдаўшының қасына отырды. Себеби, айдаўшы оның күйеўи еди.

Сақалы бар бир киси азан айтылған мешит алдынан намаз оқымай өтип кетти. Себеби, ол сол мешит қасындағы мешитте имам еди.

Бир киси поёзд бәндиргисинде нәўбет күтип отырар еди. Бир киси оған сәлем берди. Ал, ол жуўап қайтармады. Себеби, оның қулағы еситпес еди.

Усы сыяқлы мысалларды көплеп келтириў мүмкин. Көбинесе әтираптағы инсанларға қарата оның сыртқы көринисине қарап пикирлеп қоямыз. Көп ҳалларда ис бизлер ойлағаннан басқаша болып шығады. Кейин өзимиз әттең айтып қаламыз. Болар ис болды. Енди әттең айтыўдың пайдасы жоқ. Усындай жағдайларда бизлер жақсы гүман сыпатын өзимизде пайда етип алыўымыз керек.

«Ҳәй ийман келтиргенлер! Көп гүманлардан шетте болыңлар, себеби базы гүманлар гүна...» Ҳужурот сүреси.

Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам айтады:
«Гүманнан сақланың. Себеби, ол ең жалған гәп».
(Бухарий ҳәм Муслим рәўияты)

Имам Байҳақий раҳматуллаҳи алайҳи санады менен Жаъфар ибн Муҳаммад раҳматуллаҳи алайҳиден рәўият қылады:

Ол айтады:
«Егер бирәдарың ҳаққында сен жақтырмайтуғын нәрсе жетип келсе, бирден тап жетписке шекем үзир изле. Егер таўа алмасаң. Бәлки мен билмеген үзир болса керек, деп айт».

Солиҳлерден бири айтады:
«Аллаҳға ант етемен, бендеге ислеринде өзиниң нийетин билиў мүшкил. Өзгелердиң нийетлерин ол қалай билсин?!».

Аллаҳ жақсы гүманда болыўымызды Өзи аңсат әйлесин!

@nasiyatuz
129 viewsНурниязов_Нурсултан, 15:54
Ашу / Түсініктеме
2021-05-18 09:11:49
ДЫҚҚАТ ДЫҚҚАТ, ДАҒАЗА
ВИДЕОРОЛИКЛЕР ТАҢЛАУЫ
Ассалаума алейкум бир-биринен зийрек, шаққан студент-жаслар!!!
"МЕН СЕВГАН АДИБ" атамасында онлайн видеоролик таңлауын жәрияланғанын мәлим етип билдиремиз
Видеороликлер 2 (еки) басқышта 1-басқыш факультетлер кесименде анықланады. 1-орынды ийелеген талабан институт басқышына жибериледи.
2-басқыш Институт колеминде барлық факультетлерден келип тускен 1-орынды алған видеороликлер көрип шығылып Институт бойынша 1-2-3-орын жеңимпазлары анықланады.Институт ҳәм факультетлер көлеминдеги видеороликлер факультетлерде жыйналып улыўмаластирилип Шет тиллери факультети (М.Алланиязова 91 303 10 31)нде анықланады.
Видеороликлер 2 минуттан аспауы лазым
қарақалпақ, өзбек, рус, инглиз тилинде түсирилсе болады.
Муддет 19-май сәнесине шекем!
123 viewsНурниязов_Нурсултан, 06:11
Ашу / Түсініктеме
2021-05-12 12:23:29
«Ең үлгили Сәрдарлар Кеңеси» таңлаўының Қарақалпақстан Республикасы басқышы қандай өтти?

Видеоны көриң


@jaslar_isleri_agentligi
124 viewsНурниязов_Нурсултан, 09:23
Ашу / Түсініктеме
2021-05-09 00:16:22
"Қаҳарман аталарға алғыс"

(9-май Ѳзбекстанда еслеȳ ҳәм қәдирлеȳ күни, жеңисимизге 76 жыл толды)

Урыс ҳәўиж алған жағымсыз сәтте,
Саўашқа атландың, қорқпадың хәтте
Қарсы соққы бердиң аяаўсыз пәтте
Қаҳарман аталар алғыс сизлерге

Қутылдың душпанлар қойса да дузақ
Денеңде жарадан қан ақты сызат
Сонда да майданда шыдадын узақ
Қахарман аталар алғыс сизлерге

Кимиңиз хаўадан, кимиңиз жерден
Ғәнимлерди шорта уздиң сен белден
Аямастан қуўып шығардың елден
Қахарман аталар алғыс сизлерге

Қахарли қарсылас келдиң сен жауға
Душпаңды коймадың қәдем таслаўға
Жуўабына оқтан қайтардың сауға
Қахарман аталар алғыс сизлерге

Оқлар жамғырынан паналап мудам
Тисленип бәрине жеткердиң шыдам
Тунлери тынбадың, кештиң уйқыдан
Қахарман аталар алғыс сизлерге

Биринди таныйман, бирин бийтаныс
Сонда да бәринди қылдым мақтаныш
Сиздиң арқанызда елимиз тыныш
Қахарман аталар алғыс сизлерге

Нурсултан Нурниязов
Шет тиллери факультети жетекшиси
397 viewsНурниязов_Нурсултан, 21:16
Ашу / Түсініктеме
2021-05-08 17:00:25
«Саўап исти ҳәр ким, ҳәр күни ислеўи керек. Жалғыз кекселер ҳалынан хабар алыў – миннетимиз»

Шет тиллери факультети белсенди студентлери тәрепинен акция шөлкемлестирилип, қайырлы ис өткерилди.

Нөкис қаласындағы бағыўшысынан айрылған кекселер, сондай-ақ, имканияты шекленген жаслар, ҳаял-қызлар ҳалынан хабар алынып, оларға Рамазан айында азық-аўқатлық затлар тарқатты, акция еле даўам етеди.

Каналымызға ағза болың @nmpi1934
151 viewsНурниязов_Нурсултан, 14:00
Ашу / Түсініктеме
2021-05-08 02:48:37
#Nocomment

@jaslar_isleri_agentligi
208 viewsНурниязов_Нурсултан, 23:48
Ашу / Түсініктеме
2021-05-07 17:30:52 Шет тиллери факультети тәрепинен 9-май –Еслеў ҳәм қадирлеў күни байрамы мүнәсибети менен «Еслеў ҳәм қәдирлеў – муқаддес миннет» атамасында Институтымыздың киши мәжилислер залында жыйналыс өткерилди. Мәжилисти факультет жаслар мәселелери бойынша декан орынбасары М.Алланиязова кирис сөз бенен ашты ҳәм алып барды. Ол өз сөзинде ҳәзирги ўақытта екинши жәҳән урысында фашизм үстинен ерислген Жеңистиң 76 жыллығын, 9-май – «Еслеў ҳәм қәдирлеў күни» байрамын кең жәмийетшилигимиз тәрепинен көтериңки руўхта белгилеп атырғанлығын айтып өтип, жыйналғанларды және бир мәртебе байрам менен қызхғын қутлықлады. Ол бүгин өзиниң айдын раўажланыў жолына түскен ғәрезсиз елимизде ҳәр жылы дәўир талабына сай жаңа табыс, жаңа раўажланыў бағытын белгилеп, халқымыздың социаллық-турмысы жыл сайын өсип, жаңа басқышқа көтерилип баратырғанлығын айтып ѳтти. Сондай-ақ жыйналысқа Мудофа вазирлиги жанындағы жәмаатшилик кеңеси қәнийгеси Г.Палванова, Ватанпарвар шѳлкеми баслығы К.Разбековлар қатнасты. Халқымыз ѳмиринде айрықша орын тутқан бул кун, ҳәр бир орында жоқары кѳлемде ѳткерилетуғынлығы белгили. Теберик Туран диярындағы әзиз Өзбекистанның ҳәзирги дәўирдеги дүньялық көлемдеги ийелеп атырған жаңа шеклери ҳәм табыслары, халық хожалығының барлық тараўларында әмелге асырылып атырған түпкиликли реформалар нәтийжелериниң ҳәм жуўмақларының тийкары – миллий ғәрезсизлик, парахат өмир, тыныш ҳәм абадан турмысымыздың жемиси екенлиги ҳәммемизе мәлим. Ҳәзирги ўақытта халық арасында өзлериниң теберик жасларында кекселиктиң нураный гәштин сүрип атырған Екинши жәҳән урысы қатнасыўшылары, фронт артында мийнет еткен пидайылар, мийнет ветеранлары менен таныстырыȳ мақсетинде институтымыз студент-жаслары, профессор-оқытыўшылар менен биргеликте ушырасыўлар шөлкемлестириў, олардың ҳал-жағдайынан қәўендерлик хабар алып, жәрдемлер көрсетиў сыяқлы ийиликли ислер әмелге асырылып атырғанлығын ҳәм ол ҳәр жылы дәстүрге айланғанлығын атап ѳтиȳ орынлы. Мәжилис соңында студент-жасларға “ИЛҲАҚ” фильми қойып берилди
435 viewsНурниязов_Нурсултан, 14:30
Ашу / Түсініктеме