2021-09-16 18:43:21
Уллы келешекке үлес қосыў бахты менен жасап атырған устазларымыз сыйлықланды
Бүгин, 16-сентябрь күни Қарақалпақ мәмлекетлик университети руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық мәжилислер залында Қарақалпақстан Республикасы жоқары оқыў орынлары профессор оқытыӯшыларына «Өзбекстан Республикасы ғәрезсизлигиниң 30 жыллығы» естелик белгисин тапсырыў мәресими болды.
Илажда Өзбекстан Республикасы Президенти мәсләҳәтшиси Турсинхан Айдарович Худайбергенов қатнасып, ийгиликли мақсетлерди әмелге асырыўда пидайылық көрсеткен устаз оқытыӯшыларымызға үлкен миннетдаршылық билдирип, бүгинги сыйлықлары менен қызғын қутлықлады.
Өзбекстан Республикасы Президенти Пәрманына тийкар Қарақалпақ мәмлекетлик университетинен профессор-оқытыӯшылар «Өзбекстан Республикасы Ғәрезсизлигиниӊ 30 жыллық» естелик белгиси менен сыйлықланды.
Олардан; Улыӯма биология ҳәм физиология кафедрасы профессоры Габбар Асенов, Улыӯма биология ҳәм физиология кафедрасы баслығы Азат Матчанов, Улыӯма экономика пәнлери кафедрасы баслығы Гулнарахан Утемуратова, Жынайый ҳуқықый ҳәм пуқаралық пәнлер
кафедрасы доценти Қурбанбай Сейтназаров,
Социаллық пәнлер кафедрасы баслығы Алима Бердимуратоваларға Президент мәсләҳәтшиси Турсинхан Айдарович Худайбергенов тәрепинен «Өзбекстан Республикасы ғәрезсизлигиниң 30 жыллығы» естелик белгиси салтанатлы жағдайда тапсырылды.
Илаж даӯамында Турсинхан Айдарович Худайбергенов сөзге шығып, Қараөзек районында “Үш әӯлад” атамасында өткизилген ушырасыӯда Қарақалпақ мәмлекетлик университетинен сыйлықланған студент жаслар қатарында Түркменстан Республикасынан келип оқып атырған студентлердиӊ де бар екенлигин үлкен мақтаныш пенен айтып өтип, университет ректоры А.Реймовқа Түркменстан Республикасы елшиханасыныӊ миннетдаршылығын билдирип өтти.
«Өзбекстан Республикасы Ғәрезсизлигиниӊ 30 жыллық» естелик белгиси менен сыйлықланған Матмурадова Гулалек Гутлымурадовна ҳәм Чарыева Айболек Тиркишдурдыевна ҳәзирги ӯақытта университеттиӊ түркмен тили тәлим бағдары 4-курсында оқып билим алып атыр.
Бундай сыйлық студент жасларымызға үлкен исеним берсе, ал, жасыүлкенлеримиздиӊ ислеген мийнетлери ушын ҳақыйқый ҳүрмет болып табылады.
ҚМУ Баспасөз хызмети.
598 views15:43