Get Mystery Box with random crypto!

Реймов Ахмед Мамбеткаримович

Telegram арнасының логотипі rektorqmu — Реймов Ахмед Мамбеткаримович Р
Telegram арнасының логотипі rektorqmu — Реймов Ахмед Мамбеткаримович
Арна мекенжайы: @rektorqmu
Санаттар: Білім
Тіл: қазақ
Жазылушылар: 1.30K
Арнадан сипаттама

Бердақ атындағы Қарақалпақ
мәмлекетлик университети ректоры,профессор
Bot:
@QMU_Rektorga_murajatbot
Facebook: https://www.facebook.com/AhmedMambetkarimovichReymov
Instagram: https://www.instagram.com/ahmedreymov/
YouTube:
Ahmed Reymov

Ratings & Reviews

3.67

3 reviews

Reviews can be left only by registered users. All reviews are moderated by admins.

5 stars

2

4 stars

0

3 stars

0

2 stars

0

1 stars

1


Соңғы хабарлар 52

2021-09-22 09:26:59
Шавкат Мирзиёев қорақалпоғистонлик сайловчилар билан учрашувдаги нутқини Бердақнинг ҳикматли сатрлари билан якунлади:

Меҳнат қилгин, туғилгансан эл учун,
Жонингни аяма улус, халқ учун,
Киндик қони томган азиз ер учун
Умр бўйи хизмат қилган яхшироқ.

Қаранг, буюк алломанинг бу доно ўгитлари айнан биз – бугунги авлодлар учун амалий ҳаракатга даъват эмасми? Янги Қорақалпоғистонни бунёд этишдек ғоят масъулиятли ва шарафли йўлда барчамизга янги ютуқ ва зафарлар ёр бўлсин!

Қарақалпақ элини ҳеш қашан берекет тарк етпесин!

QMU.UZ telegram kanaliga a'zo bo‘ling
https://t.me/www_karsu_uz
230 views06:26
Ашу / Түсініктеме
2021-09-22 09:26:59
“Бош вазир бахтли одам, пахта деган ташвиши йўқ” — Президент

Бугун Шавкат Мирзиёев Қорақалпоғистон Республикасида бўлиб турибди. Президент дастлаб Бўзатов туманига ташриф буюрди ва аҳоли билан кўришди. Суҳбатда Қорақалпоғистон Швейцарияси дейиладиган Бўзатов туманида аграр соҳани ривожлантириш ҳақида кўп фикр ва таклифлар билдирилди.

“Қишлоқ хўжалигига янгича қарашни ўрганишимиз керак. Мана, ҳозир пахта даври. Илгари бунақа пайтда ўқитувчи ҳам, шифокор ҳам, олиму академик ҳам, талабаю ўқувчилар ҳам далада бўларди.

Биз биттада 6 миллион “ихтиёрий-мажбурий” теримчини пахта даласидан чиқариб юбордик. Лекин бу билан пахта етиштириш тўхтаб қолгани йўқ. Бош вазиримизга доим айтаман, “қандай бахтли инсонсан, пахта деган ташвишинг йўқ”, деб. Чунки мен Бош вазирдан ҳеч қанақа “сводка” сўрамайман, пахта нима бўляпти, деб безовта қилмайман.

Сабаби биз ишни тўғри йўлга қўйдик, халқни мажбурламасдан ҳам пахта етиштирса бўлишини исботладик. Шунинг учун кўнглим тўқ”, - деди Шавкат Мирзиёев.
220 views06:26
Ашу / Түсініктеме
2021-09-22 09:26:59
Президент Шавкат Мирзиёев қарақалпақ тилинде сөйледи

Президент Шавкат Мирзиёев Бозатаў районында сайлаўшылар менен ушырасыўында сөзге шығып, қарақалпақ тилинде сөйлеген:

«Ҳүрметли жасыүлкенлер! Әзиз апа-сиңлилер! Наўқыран жаслар!

Сайлаў алды ушырасыўларын ең дәслеп Қарақалпақстан елинен баслап атырғаным, әлбетте, бийкарға емес. Алдын да айтқанман, бүгин де үлкен мақтаныш пенен тәкирарлайман – мен өзимди қарақалпақ халқының да перзенти деп билемен!»
219 views06:26
Ашу / Түсініктеме
2021-09-22 09:26:59
Шавкат Мирзиёевтиң суў мәселеси бойынша айтқанлары

«Түркменстанлы досларымыз бенен биргеликте «Түйемойын» гидроузелиниң «Султан Санжар» дамбасын беккемлеў есабынан 1 миллиард куб метр қосымша суў резерви жаратылады.

Бул 50 жыллық мәселе. Биз трансшегаралық суў бассейнлеринде биргеликте ислеймиз. Жақында Түркменстан Президенти елимизге сапар шеңберинде келеди».

Каналымызға ағза болың @kknews_uz
213 views06:26
Ашу / Түсініктеме
2021-09-22 09:26:59 Шавкат Мирзиёев: «Қарақалпақстанның ең үлкен мәселелериниң бири – жаңа жумыс орынларын жаратыў, халықтың дәраматларын көбейтиў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў»

5 жыл даўамында Қарақалпақстанды социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыўға улыўма 17 триллион сум бағдарланған. Бюджеттен 4 триллион сум, халықаралық қаржы шөлкемлеринен 444 миллион доллар және 10 триллион сум банк кредитлери ажыратылған.

Шавкат Мирзиёев Қарақалпақстанның ең үлкен мәселелериниң бири – бул жаңа жумыс орынларын жаратыў, халықтың дәраматын көбейтиў ҳәм бул арқалы кәмбағаллықты қысқартыў болып табылады, - деди.

- «Темир дәптер»ге кирген 32,5 мың шаңарақтың мийнетке жарамлы болган 45 мың жумыссыз ағзасының бәнтлиги тәмийинленди. Соның менен бирге, жыл басынан «социаллық реестр» енгизилип, 100 мыңнан аслам шаңараққа (улыўма шаңарақлардың 24 проценти) социаллық напақа ҳәм жәрдем бериў жолға қойылды. Бул алдынғы жылларға салыстырғанда 2,5 есеге көп.

Себеби, алдын бундай шаңарақларды есапқа алыў, социаллық жақтан жәрдем бериў өлшемлери анық ҳәм әдил емес еди. Ақыбетинде, жәрдем көлеми жылына 40 мың шаңарақтан көп болмаған.

Бундай жумыслар менен шекленип қалмастан, усы шаңарақлардағы 80 мыңнан аслам халықты кәсип-өнер ҳәм исбилерменликке үйретип, қаржылай жәрдемлесип, олардың турақлы дәрамат дәрегине ийе етиўимиз керек. Келеси бес жылда 200 мың жас мийнет базарына кирип келиўин де есапқа алыўымыз керек, - деди Ш.Мирзиёев.

Каналымызға ағза болың @kknews_uz
226 views06:26
Ашу / Түсініктеме
2021-09-22 09:26:59
«Баслаған ўақтымызда ҳеш ким бизге исенбеди» – Шавкат Мирзиёев Аралдың қурыған ултанында жасыл тоғайлықлар пайда етиў ҳаққында

- Баслаған ўақтымызда ҳеш ким бизге исенбеди. Имканиятларымыз да жетерли емес еди. Мийнеткеш Қарақалпақстан халқы менен қолды-қолға берип, биргеликте аўызбиршилик пенен усы машқаланы шешиў ушын жеңди түрип кирискенимиз бәршеңизге мәлим.

Соңғы жыллары Арал теңизиниң қурыған ултанында 1,6 миллион гектарлық майданға сексеўил ҳәм шөлге шыдамлы басқа өсимликлерди егип, тоғайлық пайда етиўге еристик.

Тәңриниң инаяты менен Өзбекстанның барлық ўәлаятлары қатнасыўында қысқа ўақыт ишинде усы районда үлкен жумысларды әмелге асырдық.

Көплеген мәмлекетлерден, халықаралық шөлкемлерден маған хат жазады: Сол рас па? Келип көрип кетиң, деймен.

Каналымызға ағза болың
https://t.me/joinchat/AAAAAERIzOESrE0olZr7Ng
233 views06:26
Ашу / Түсініктеме
2021-09-22 09:26:58 Қарақалпақстанда мәденият тараўына байланыслы Шавкат Мирзиёевтиң усыныслары

- Дүнья жүзинде «Саҳрадағы Лувр» деп даңқ шығарған Савицкий музейи бойынша АҚШ, Россия, Уллы Британия, Францияның жетекши илимий-мәдений мәкемелери менен биргеликте арнаўлы изертлеўлер әмелге асырылып, шет тиллеринде китап ҳәм альбомлар басып шығарылады. Сырт еллердеги абыройлы мәденият орайларында оның көргизбелери шөлкемлестириледи;

- Елликқала районындағы пайызлы Ақшакөл бойларында Дүрмен, Замин ҳәм Паркенттеги сыяқлы дөретиўшилик үйи қурылады;

- Өзбекстанның басламасы тийкарында усы жылдың ақырына шекем ЮНЕСКОның 2023-жылы энциклопедист илимпаз, биринши Ренессанс дәўириниң уллы тулғасы Әбиў Райхан Берунийдиң туўылғанының 1050 жыллығын дүнья бойынша кең түрде белгилеў ҳаққында қарар қабыл етилиўи күтилмекте. Бул халқымыз бенен биргеликте уллы бабамыздың атына мүнәсип тәризде кең түрде белгиленеди;

- Мойнақ районы аймағында Хожа Ахмед Яссаўийдиң шәкирти, тәсаўўыф философиясының ири тулғасы Сулайман Бақырғаный мақбарасы жайласқан. Келеси жылы Сулайман Бақырғаныйдың туўылғанына 900 жыл толады. Бақырғаный мақбарасы абад етилип, шығармалары баспадан шығарылады.

Каналымызға ағза болың https://t.me/joinchat/AAAAAERIzOESrE0olZr7Ng
243 views06:26
Ашу / Түсініктеме
2021-09-22 09:26:58
Шавкат Мирзиёев Алланияз Өтениязовтың атын мәңгилестириў бойынша усыныс берди

Шавкат Мирзиёев пидайы қарақалпақстанлыларды жасларға үлги сыпатында ядқа алып, Алланияз Өтениязовтың атын мәңгилестириў бойынша усыныс берди, - деп жазбақта блогер А.Қурбонова

Алланияз Өтениязов өмири даўамында ҳадал мийнетиниң арқасында топлаған жеке қаржылары есабынан мүтәж адамлар ушын 42 турақ жай, 4 мектеп, 4 балалар бақшасы ҳәм 4 медициналық пункт қурып берген.

Сырт еллердеги көплеген адамлар да бундай сақыйлық ҳәм кеңпейилликке тән берип, Алланияз Өтениязовқа хатлар жазған.

Мәселен, аргентиналы миллионер Х.Сапун Алланияз атаға жоллаған хатында оның ийгиликли жумысларынан өрнек алып, өзи де буннан кейин әпиўайы адамларға жәрдем бериўге қарар еткенин мәлим еткен.

Каналымызға ағза болың
https://t.me/joinchat/AAAAAERIzOESrE0olZr7Ng
261 views06:26
Ашу / Түсініктеме
2021-09-22 09:26:58
Президент Шавкат Мирзиёев қарақалпақ тилинде сөйледи

Президент Шавкат Мирзиёев Бозатаў районында сайлаўшылар менен ушырасыўында сөзге шығып, қарақалпақ тилинде сөйлеген:

«Ҳүрметли жасыүлкенлер! Әзиз апа-сиңлилер! Наўқыран жаслар!

Сайлаў алды ушырасыўларын ең дәслеп Қарақалпақстан елинен баслап атырғаным, әлбетте, бийкарға емес. Алдын да айтқанман, бүгин де үлкен мақтаныш пенен тәкирарлайман – мен өзимди қарақалпақ халқының да перзенти деп билемен!»

Каналымызға ағза болың
https://t.me/joinchat/AAAAAERIzOESrE0olZr7Ng
279 views06:26
Ашу / Түсініктеме
2021-09-22 09:26:58
Президент Қарақалпақстанға жетип келди

Президент Шавкат Мирзиёев 21-сентябрь күни Қарақалпақстан Республикасына келди.

Президент баспасөз хызметиниң хабар бериўинше, мәмлекетимиз басшысы дәслеп Нөкис қаласындағы «Шорша баба» қойымшылығына барып, Муса Ерниязовтың мақбарасын зыяратлады. Қуран оқылды.

Муса Ерниязов көп жыллар даўамында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы лаўазымында ислеген. Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты Баслығының орынбасары, Өзбекстан Қаҳарманы болған.

Президентимиздиң көрсетпесине муўапық, марҳумның естелигине мақбара қурылды. Бүгин бул орын абад зыярат орнына айланған.

Буннан соң Президент Ш.Мирзиёев Бозатаў районына қарай жол алды.

Каналымызға ағза болың
https://t.me/joinchat/AAAAAERIzOESrE0olZr7Ng
436 views06:26
Ашу / Түсініктеме