Get Mystery Box with random crypto!

Мешитлеримизде хатмы Қуран ѳткерилди Қуран мисли теңсиз илаҳ | Paziyletuz | Рәсмий канал

Мешитлеримизде хатмы Қуран ѳткерилди

Қуран мисли теңсиз илаҳий китап. Онда үмметтиң еки дүньясын гөззал етиўге хызмет етиўши тәлим бар. Қуран мысалы нур. Наданлық қаранғылығын жақтыландырып, ийесин Ҳидаятқа баслайды. Қуранды оқыў, тыңлаў, жақсы көриў булардың ҳәммеси ибадат есапланып, артынан шексиз саўаплар келтиреди.
Рамазан айында Қуранды хатым етиў биз үмметтиң сүннети болып табылады. Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа саллам да ҳәр Рамазан айында Қуранды хатым етип, Жәбрайыл алайҳиссаламға оқып берер еди. Оннан кейин саҳабалар да, табеийнлер де бул сүннетке садықлық пенен әмел етти ҳәм кейинги үмметке де сол әдетти қалдырды.
Бул жылғы Рамазан айында Өзбекстандағы 2000 нан артық мешитлерде тараўиҳ намазы, ал 1 600 ден зыят мешитлерде 27 күн даўамында Қурани кәрийм хатым етилди.
Усы мешитлерде 3 000 нан зыят хош ҳаўаз қарыйлар Қуран оқыды.
Қарақалпақстан республикасында болса 64 мешиттиң ҳәммесинде тараўиҳ намазлары, 49 мешитте 27 күн даўамында Қурани кәрийм хатым етилди.
Хатмы Қуран ѳтилген 49 мешитте 100 ге жақын қарыйларымыз Қуран тиләўат етип, хызмет етти.
Бүгин, усы 49 мешитлерде Қуранды хатым етиў кешеси болды. Онда Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты Бахрамаддин Разов «Қәдир кешеси пазыйлети» атамасында ҳәдис ҳәм аятлардан мысаллар келтирип, баянат жасады.
Кеше ѳткен жыллардағыдай берекетли ҳәм пайызлы ѳтти. Мешитлерде ҳәмме қолайлықлар ҳәм имканиятлар жаратылған. Ҳәммениң кейпияты кѳтеринки.
Кеше соңында Аллаҳ тааладан елимиздиң тынышлығын сорап дуўалар қылынды. Рамазан айында хызмет еткен қарыйларымызға, мешитлерде пуқараларымыздың қәўипсизлигин тәмийинлеген тараў хызметкерлерине Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты атынан миннетдаршылық билдирилди.

Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты



     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

Интернет сайтымыз: paziylet.uz