Get Mystery Box with random crypto!

​​Қәдир түни ушын 27 мәсләҳат: 1. Түнлерде сергек турыў ушын | Paziyletuz | Рәсмий канал

​​Қәдир түни ушын 27 мәсләҳат:

1. Түнлерде сергек турыў ушын песиннен кейин бираз дем алың;
2. Ибадатыңызға кесент етпеўи ушын ифтарлықта көп аўқат жемең;
3. Бул түнди ибадатта өткергениңизде көбирек тәўбе қылың;
4. Ҳәмме мөмин еркеклер ҳәм мөмин ҳаяллар ушын истиғфарды ҳәм дуўаны көбейттириң;
5. Ҳәмме ағзаларыңыз бенен Аллаҳға жүзлениң, ҳәттеки ақылыңыз ҳәм қәлбиңиз бенен;
6. Жәнжел ҳәм тартысыўлардан узақласың, сизиң ҳақыңызға қыянет қылғанларды кешириң;
7. Пикириңизди бир жерге жәмлеп ибадат қылың, Қәдир түнинде қыялыңыз басқа жақта болып, жүз рәкаат намаз оқығанның пайдасы жоқ;
8. Дуўа ҳәм ибадатты ихлас пенен қылың;
9. Қәдир түнинде илажы барынша таҳәратлы болың;
10. Дуўаларыңыз қабыл болатуғынына анық исениң. Себеби қабыл болыўына исенбеслик дуўаның арасына тосық болады;
11. Аллаҳ дуўаларыңызды қабыл қылып, әмелге асыўына исенимиңиз кәмил болсын;
12. Дуўада шын жүрегиңиз бенен жалбарынып сораң, себеби Аллаҳ таала жалбарынып дуўа қылған бендесин жақсы көреди;
13. Ҳәр бир гүналарыңыз ушын Аллаҳ таалаға истиғфар айтың, Ол сизди әпиў етиўин сораң;
14. Пайғамбар саллаллаҳу алайҳи ўа салламға, Оның шаңарақ ағзаларына көп-көп салаўатлар ҳәм сәлемлер айтың, саҳабаларға Аллаҳтан разылық сораң (яғный «Разыяллаҳу анҳу» деп айтың);
15. Пайғамбар саллаллаҳу алайҳи ўа салламға салаўат айтып изинен: «Аллаҳумма иннака ъафуўўун, туҳиббул ъафўа фаъфуў ъәннәә” (яғный «Я Аллаҳ, әлбетте Сен гүнәларды әпиў етиўшисең, әпиў етиўди жақсы көресең, бизлерди әпиў ет»), дуўасын көп айтың;
16. Аллаҳ таала ҳәмме мусылманларды дозақтан азат етиўин көп сораң;
17. Ҳадал ырысқыны аңсат етип бериўин ҳәм жағдайларыңды жақсы тәрепке өзгертириўин көп сораң;
18. Өткен ата-аналарыңыздың ҳаққына көп дуўа қылып, Аллаҳ тааладан гүналарын кешириўин сораң;
19. Дуўа қылғанда усы дуўаларды да айтың: «Роббәнәә ҳәб ләнәә мин әзўәәжинәә ўә зуррийятинәә қуррота әъйўн», (яғный, Я Рәббимиз, бизларга жупты- ҳадалларымыздан, перзентлеримизден көз қуўаыншларын бер).
20. Ерли-зайыплылар бир бириниң ҳаққына гөззаллық, нәпси ҳәм пикирдиң рәҳәтин тилеп дуўа қылыў керек;
21. Сәжде қылған ҳалыңызда көп дуўа қылың. Себеби бендениң Рәббисине ең жақын болған ҳалаты сәжде қылған ҳалаты;
22. Сәждеде узақ ўақыт дуўа қылып турың. Себеби Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: «Беллериңиз гүналарыңыз бенен аўырласып кеткен. Оларды сәждеде узақ турыў менен жеңиллетесиз»-деп айтқан;
23. Бир мәўриттиде зая кеткизбең, ўақытты ғәниймет билиң, себеби рейим есиклери бул түнде ашық болады;
24. Қәдир болғаныңызша Қуран оқың;
25. Қәдир түнинде ибадат пенен өткериў таң атқанша даўам етеди. Сол ўақытта периштелер аспаннан түсип-шығып турады;
26. Аллаҳ таала бул түнди ибидат пенен өткериўге жеткергенине шүкирлер айтың, себеби қаншадан-қанша адамлар бул бахыттан бос қалды;
27. Қәдир түнинде имкәныңыз болғанынша садақа бериң, бул түнде қылынған ҳәр бир әмелдиң саўабы уллы.

https://t.me/paziyletuz