Get Mystery Box with random crypto!

ҚАРЫЙДАР ПУЛДЫ БЕЛГИЛЕНГЕН МҮДДЕТТЕ БЕРЕ АЛМАСА СОРАЎ: Әкем | NASIYAT.UZ |Рәсмий канал

ҚАРЫЙДАР ПУЛДЫ БЕЛГИЛЕНГЕН МҮДДЕТТЕ БЕРЕ АЛМАСА

СОРАЎ: Әкем мәҳәллелесимизге үй сатқан еди, 2020 жыл ақырына ҳәмме пулды бериўин айтқан еди, лекин бермеди. Енди биз басқа адамға сатсақ бола ма, яки сол адамға ўақтында бере алмағаны ушын баҳасын асырсақ бола ма? Өзи де айтқан басқаға сата бериң деп.

ЖУЎАП: Бисмиллаҳир Роҳманир Роҳим.
Негизинде қарыйдар пулды белгиленген мүддетте бере алмаса, ол дыянат көз-қарасынан нуқсанға жол қойған болады. Бирақ, ҳүким қылыў тәрепинен оған шәрий жаза жоқ. Оның қолындағы мүликти оның разылығысыз сатып болмайды. Яки мүддет өтип кеткени ушын оннан өз алдына ҳақ өндирип болмайды. Егер сол сатылған нәрсени гиреўге алып қойылған болса, сонда оны сатыў мүмкин.
Егер өзи разы болып, сол машинаны сатыўға жәрдемлесиң сизиң пулыңызды соны сатып беремен десе, өзиниң разылығы менен сатыў дурыс болады. Ўаллаҳу аълам.

Өзбекстан мусылманлары басқармасы Пәтўа орайы.

http://t.me/nasiyatuz