Get Mystery Box with random crypto!

РАСУЛУЛЛАҲ САЛЛАЛЛАҲУ АЛАЙҲИ ЎА САЛЛАМНЫҢ ПАЙҒАМБАРЛЫҒЫ Дини: | NASIYAT.UZ |Рәсмий канал

РАСУЛУЛЛАҲ САЛЛАЛЛАҲУ АЛАЙҲИ ЎА САЛЛАМНЫҢ ПАЙҒАМБАРЛЫҒЫ

Дини:
Ислам (барлық пайғамбарлардың дини Ислам болған).
Шәрияты: Муҳаммадийя.
Жолы: сиротул мустақим (туўры жол).
Пайғамбар болған сәнеси: ҳижратқа шекемги 13-жыл, рамазан айы/мил 610-жыл, август.
Пайғамбар болған жери: Мәккәи Мукаррама, Нур таўы, Ҳиро үңгири.
Пайғамбарлығы: биринши ўаҳий – «Алақ» («Иқро») сүресиниң дәслепки бес аяты түскенинде Нәбий болған.
Фатратул ўаҳий (биринши ҳәм екинши ўаҳий арасындағы үзилис мүддети): 10–40 күн арасы.
Рисалаты: екинши ўаҳий – «Муддассир» сүресиниң дәслепки жети аяты түскенде Расул болды.
Китабы: Қураны кәрийм.

Пайғамбарлық дәўири:
Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа салламның пайғамбарлық дәўири екиге бөлинеди:
1) Мәккә дәўири – он еки ярым жыл даўам еткен (ҳижратқа шекемги 13- жыл, пайғамбарлықтың биринши жылы рамазан айынан басланып, пайғамбарлықтың 14-жылы сапар айының ақырында тамамланған/мил. 610- жыл август – 622- жыл сентябрь);
2) Мадина дәўири – 10 жыл даўам еткен (ҳижрий 1-жыл, 1-рабиъул әўўәл, дүйшемби таңынан басланып, 11-жыл 12-рабиъул әўўәлда тамамланған/мил. 622-жыл 12-сентябрь – 632- жыл 6-июнь).

Мәккә дәўири үш басқышқа бөлинеди:
1) фатратул ўаҳий ҳәм жасырын динге шақырыў басқышы – дерлик үш жыл даўам еткен (ҳижратқа шекемги 13-жыл, пайғамбарлықтың биринши жылы рамазан айынан басланып, ҳижратқа шекемги 10-жыл, пайғамбарлықтың 4-жылында тамамланған/мил. 610-жыл август – 613-жыл);
2) Ислам динине ашық шақырыў басқышы – 6 жылдан асламырақ даўам еткен (ҳижратқа шекемги 10-жыл, пайғамбарлықтың 4-жылынан басланып, ҳижратқа шекемги 4-жыл, пайғамбарлықтың 10-жылы шәўўәл айында тамамланады/мил. 613-жыл – 619-жыл май-июнь);
3) Ислам дининиң Мәккә сыртына жайылыў басқышы – 3 жыл 4 ай даўам еткен (ҳижратқа шекемги 4-жыл, пайғамбарлықтың 10-жылы шәўўәл айынан басланып, пайғамбарлықтың 14-жылы сапар айы ақырында Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа салламның Мадинаи Мунаўўараға ҳижрат қылыўы менен тамамланады/мил. 619-жыл май-июнь – 622-жыл сентябрь).

Мадина дәўири де үш басқышқа бөлинеди:
1) Ислам жәмийетине тийкар салыў, оны беккемлеў ҳәм қорғаў басқышы – 5 жыл 9 ай даўам еткен (ҳижрий биринши жыл, биринши рабиъул әўўәл, дүйшемби таңынан басланып, 6-жыл зулқаъда айында болып өткен Ҳудайбия келисими менен тамамланады/мил. 622-жыл 12-сентябрь – 628-жыл март-апрель);
2) Қурайш қәўими менен келисимге келиў. Патша ҳәм әмирлерге динге шақырыў хатларын жибериў ҳәм үлкен көтерилислерди бастырыў басқышы – бир жыл 10 ай даўам еткен (ҳижрий 6-жыл зулқаъда айынан басланып, 8-жыл 17-рамазанда болып өткен Мәккә фатҳы менен жуўмақланады/мил. 628-жыл март-апрель 630-жыл 7-январь);
3) түрли үлке ҳәм қәўимлердиң елши-ўәкиллерин күтип алыў, адамлардың Ислам динине топар-топар болып кириўи, ғалаба ҳаж қылыў басқышы – еки ярым жыл даўам еткен (ҳижрий 8-жыл 17-рамазаннан басланып, 11-жыл 12-рабиъул әўўәлда Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа салламның қайтыс болыўы менен тамамланады/мил. 630-жыл 7-январь – 632-жыл 6-июнь).

«РАСУЛУЛЛАҲ САЛЛАЛЛАҲУ АЛАЙҲИ ЎА САЛЛАМ ҲӘМ ӘҲЛИ БАЙТ» китабынан

http://t.me/nasiyatuz