Get Mystery Box with random crypto!

Үмитсиз шайтан Имам Табаранийден рәўият қылынады: “Әбиў Фарўа | NASIYAT.UZ |Рәсмий канал

Үмитсиз шайтан

Имам Табаранийден рәўият қылынады:
“Әбиў Фарўа исмли бир адам келип, Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа салламнан:
— Бастан-аяқ гүнаға батқан, ислемеген жаман иси қалмаған бир кимсе тәўбе етсе, болады ма?-деп сорады.
Расули акрам саллаллаҳу алайҳи ўа саллам, оған:
— Сен мусылман болғансаң ба? – деди..
— Аўа.
— Ондай болса, буннан кейин жаманлықларды тасла, ҳәмийше жақсылық ет. Аллаҳ таала сениң алдыңғы ислеген жаманлықларыңды жақсылыққа айналдырады.
— Барлық қыянет ҳәм судхорлықларымды да ма?
— Аўа.
Ол адам тәкбир айта баслады ҳәм шығып кетти. Алыслап, изинен көринбей қалғанынша тәкбир айтты.

https://t.me/nasiyatuz