Get Mystery Box with random crypto!

🌹🌸MSHBSH TA'RBIYASHILARI KANALI🌸

Telegram арнасының логотипі mshbsh_tarbiyashilari_kanali — 🌹🌸MSHBSH TA'RBIYASHILARI KANALI🌸 M
Telegram арнасының логотипі mshbsh_tarbiyashilari_kanali — 🌹🌸MSHBSH TA'RBIYASHILARI KANALI🌸
Арна мекенжайы: @mshbsh_tarbiyashilari_kanali
Санаттар: Бала күтімі
Тіл: қазақ
Жазылушылар: 2.14K
Арнадан сипаттама

Mektepke shekemgi bilimlendiriw shólkemi tárbiyashilari ushun‼‼‼
Ozinizdiń sabaqliqlariniz,videorolikleriniz bolsa bizge jiberiń..Biz kanalga jaylastiramiz.
Adminka: @Indira_0504

Ratings & Reviews

1.00

2 reviews

Reviews can be left only by registered users. All reviews are moderated by admins.

5 stars

0

4 stars

0

3 stars

0

2 stars

0

1 stars

2


Соңғы хабарлар 15

2022-07-01 11:48:57 <<ҚАРАҚАЛПАҚЛАРДЫҢ ТУТЫНЫЎ БУЙЫМЛАРЫ~2>>

ТАНДЫР ОШАҚ~атының өзи айтып турғанындай ол тандырдың кишкене турқын еслетеди. Оның аўзы әташтан тәрепке қаратылады, арқа бетинде, жоқарысында қол сыяр-сыймас кемтик болып, ол түтин шығаратуғын моры хызметин атқарады.
Ошақтың бийиклиги 40-45 см әтирапында болып, дийўалы жудырықтың қарамындай қуўрақ, саз кесеклерден өриледи.
Ошақтың жоқарысына қазан асылады, ишине шай қайнатыў ушын қуман қойылады. Ошақтың аўзы қуман арқайын қойып алынғандай кеңликте болыўы тийис. Отын көбирек сыйыўы ушын ошақтың ултаны шуқырланады.

ӘТӨШКҮР~әтөшкүр ени 2-2,5 сантиметрлик, беккем темирден жасалады. Оның бас бети кишкене ярым ай тәризде исленген болып, түп бетинде темирден кийгизбели белдиги ҳәм ушында дөңгелек шыңғасы болады.
Белдик ошақтан алатуғын қозды қысып услап турыў ҳәм босатыўға арналып, ол жылжымалы ҳәрекетленеди.
Әтөшкүр~өзиниң аты айтып турғандай отты көсеў [аташ-от, күр-күрек] хызметин атқарады. Ол тандыр ошақтың қапталына қойылады.

ДҮМШЕ~дүмшелер шойын қуманлар шықпастан бурын исленген ҳәм пайдаланылған. Ол жуқа болып, суў тез қайнайды. Дүмше пайдаланыў ушын жүдә ийкемсизлеў, себеби оның тутқасы ҳәм шүндиги болмайды. Айырым жағдайда оның мойнына сымнан тутқа ислеп қойған.

ШӘЎГИМ~шәўгим полаттан исленген кишкене қазан. Оның түби жалпақ, қапталы бүйирли, қулағы жоқ болып келеди. Оны аналарымыз шай қайнатыў ушын отаўдан сырттағы арнаўлы ошақларға асып пайдаланған.

САРҚУМ~ сарқум еки түрли болады. Бири қалайы темирден исленген, екиншиси суў қабақтың тәбийғый түрде түп бети билетиң жуўанлығындай, бас бети шай демлейтуғын шайнектиң қарамындай болып өскен түринен исленеди.
Суў қабақ пискеннен кейин үзип алынып, бас бетиниң ярымы кесип тасланады да, иши ойылып, ети қырып алынады. Туби-сарқумның тутқасы есабында қалдырылады.

ҚЫРҒЫШ~қырғыш узынлығы бир қарыс шамасындағы жуқа, лекин, қатты темирден исленеди. Оның бас бети жалпақ, қыялап кесилген болып, аўқат жеп болынғаннан кейин қазандағы қаспақ ҳәм майлықты қырып тазалаў ушын пайдаланылады.

ДАСМАЛ~дасмал-суў қабақ сыяқлы "дасмалқабақ" деп аталған палыз өниминен исленеди. Дасмалқабақ үлкенлиги сарғайып писип кеткен қыярдың көлеминдей болады.
Ол пискеннен кейин ишиндеги туқымы ҳәм ети алып тасланып, қуяшқа кептириледи. Оның сыртқы териси қатар-қатар қырлы болып келеди де, қазанның майлылығын кетириўде жүдә қолайлы болады.

*******даўамы бар**********

#м_нызанов
#қарақалпақлар.

https://t.me/MSHBSH_tarbiyashilari_kanali
87 views𝙄𝙉𝘿𝙄𝙍𝘼 , 08:48
Ашу / Түсініктеме
2022-07-01 11:48:57 Бала муңы

(Ата-анасы шет еллерде ислеп жүрген баланың кеширмелери)

Сыртта жүр бизлердиң ата-анамыз,
Шығып қалар десип пуллырақ жумыс.
Ойынға тоймаған еле баламыз,
Түсинбеймиз онша нелигин турмыс.

Басымыздан сыйпап айтқанлары бар:
"Өмирде парыздур сизлерди бағыў".
Заўықсыз оларсыз өткен күн, айлар,
Билип алдық не екенин сағыныў!

Телефонның барына Аллаға шүкир,
Маўқымыз басылар етсе қоңыраў.
Үйрене басладық айтыўды пикир,
Қыйнамаймыз берип артықша сораў.

Шаппаттай балалар болсақ та бүгин,
Үлгериппиз ашшы-душшыны татып.
Турмыс арқалатып қоймақшы жүгин,
Жасай алмас екенбиз-аў бас тартып.

Ата-анам мына сөзди айтады:
"Сизлер ушын тынбай жүриппиз ислеп".
Үкелерим сорар: "Қашан қайтады?"
Әзиз инсанларын жасайды излеп.

Анамыздың таўап етип тандырды,
Таңда жапқан шөреклерин күсермиз.
Билинеди алыс кетсе қәдири,
Жолларына жанымызды төсермиз!

"Не алып келейик?" деп сорап турар,
"Меҳир алып келиң!" дегимиз келер,
Ыссы қушағына жанымыз қумар,
Ўақтымыз емес пе шағлап, еркелер?!

18-июль, 2021
Бахытлы Сарыбаев


https://t.me/MSHBSH_tarbiyashilari_kanali
83 views𝙄𝙉𝘿𝙄𝙍𝘼 , 08:48
Ашу / Түсініктеме
2022-07-01 11:48:57
Мине хақықый талант

https://t.me/MSHBSH_tarbiyashilari_kanali
82 views𝙄𝙉𝘿𝙄𝙍𝘼 , 08:48
Ашу / Түсініктеме
2022-07-01 11:48:57 Бүгинги ҳақыйқатлар

​​​​Адамлардың периштедей пәк болыўын күтпең ~ өйткени олар - адамлар, периштелер емес!!!

....Ҳәр биримиз адасамыз, қәтелесемиз, билип-билмей қайсы бир адамның кеўлине азар беремиз,

...Адамлардың кеўлине азар беретуғын адамлардың да бир жақсылығы болады,

...Бизлер жақсы деп ойлап жүрген адамлардың да бир жаман әдети болады,

... Солай екен дөгерегимизде жаман адамлар емес, жаман әдетлер бар, деп ойлаң.!!!

....Ең исенимли адамларға да ҳәмме сырларыңызды айта бермең, өзиңниң қәлбиң ғана ең исенимли, беккем қорған!!!

....Жылаў да керек, бирақ ол машқалаларыңа шешим бола алмайды!!!

... Басқаларға пайда келтире алған адам ғана ҳақыйқый мәрт адам, биреў менен жағаласып оны жеңген адам емес!!!

....Турмыста ең жоқары текшеге шекем шықпақшы болсаңыз, биринши текшеге аяқ қойыўды умытпаң!!!

....Таўдай байлығы бар адам және бир таў байлығым болса екен, дейди. Бирақ қанша байлығы болғаны менен күнине үш мәҳәлден артық аўқатлана алмайды!!!

....Қорқақ қәўип ўақтында аяғының астын ойлайды!!!

....Ҳеш қашан билмеген нәрсеңди сораўдан уялма. Сорап алым болынады!!!

.... Ахмақ пенен тартысажақсаң ба?? Онда оның ахмақларша берген жуўапларына да шыдаўың керек!!!

....Тәжирийбе ең жақсы устаз. Бирақ оның төлеми жүдә қымбат, яғный ўақыт!!!

....Садақа сениң ушын пана. Қашан ҳаўа жаман болып, жаўын жаўғанда сени паналайды!!!

.... Асығыслық көп нәрсени ўайран етеди!!!

....Китаптың атын оқып, ол ҳаққында ҳүким шығармаң!!!

.... Қыйыншылықсыз табылған пулды саўып жибергениңди де билмей қаласаң!!!

.... Биреўге сырыңды айтсаң, оның қулына айланасаң!!!

.... Наданларға тең болып, олар менен айтысып жүрмең, егер оларға жуўап қайтарсаң, олардан парқың қалмайды!!!

.... Қолыңды жаманлық қылыўдан тый, тилиңди жаманлық тилеўден тый, онысыз-ақ, дүньяда жаманлар жетерли!!!

.... Сениң кеўлиңди ренжитти ме, күйинбең, сабыр етиң, оның да кеўлин ренжитетуғынлар табылады!!!

.... Меҳирди қәлеп, басқалардан меҳирди күтпе, оның орнына өзиң меҳирли бол, сонда басқалар да саған меҳирли болады!!!

.... Шешилмейтуғын машқалаға дусластыңыз ба, онда өзиңизди артықша қыйнамаң, сабырлылық пенен жеңип өтиң!!!

Hikmetli sozler kanalinan

https://t.me/MSHBSH_TARBIYASHILAR_TOPARI
81 views𝙄𝙉𝘿𝙄𝙍𝘼 , 08:48
Ашу / Түсініктеме
2022-07-01 11:48:56 ANA HÁM WATAN

Aldımda ata-anam bar,
Ey, jaratqan, ózińe shúkir.
«Watan» degen ullı panam bar,
Ey, táńirim, ózińe shúkir.

Dúnyaǵa keltirse anam,
Bilim berdi Watanım maǵan.
Kúnnen-kúnge ósip baradı sanam,
Ne degen baxtiyar sizlerdey adam!


Gúlmira TÁJIBAEVA
QMU janındaǵı akademiyalıq liceydiń oqıwshısı

https://t.me/MSHBSH_tarbiyashilari_kanali
68 views𝙄𝙉𝘿𝙄𝙍𝘼 , 08:48
Ашу / Түсініктеме
2022-07-01 11:48:56
ALTÍNGÚL ÓTENIYAZOVA

ANAM HÁM DÁSTÚRXAN

Erterekte ele balalıǵımda
Bazar kúni-bayram shadlıq kúni edi
Anam alıp kelgen bazarlıq onda
Bala kewlimizde aǵla nur edi

Bir kúni alıptı taza dástúrxan,
Stolǵa jayıldı gúlleri jaynap,
Shetine otırdı jarasıp anam,
Qoydı dástúrxanǵa taǵamlar saylap

Baǵdaǵı qırq bir túp erikten miywe,
Almanı da ózi daraqtan tergen,
Sarı maydan búgin gúbide pisken,
Tandırǵa da ıssı nan jawıp kelgen

Qápelimde toldı taza dástúrxan,
Házir ǵana sawǵan sútten shay demler
Aldımızda asqar-tawım
ata-anam,
Úyimizde bayram zawqı seziler

"Sulıw dástúrxandı saylapsız" desek
Anam da más bizge unaǵanına,
Sonda kórik bergen Siz eken bilsek,
Ot basınıń kórki
Anajanım-á!!!

AYQULAQ kitabınan.


https://t.me/MSHBSH_tarbiyashilari_kanali
68 views𝙄𝙉𝘿𝙄𝙍𝘼 , 08:48
Ашу / Түсініктеме
2022-07-01 11:48:56
Kempir apam.

Kempir apam bar meniń
Kóp ertekler biledi.
Jıynap alıp bizlerge.
Ertek aytıp beredi.

Kóz aynegin tagıp ol.
Kóyleklerdi tigedi.
Qurı otırgandı ol.
Júdá jaman kóredi.

Shiyrin Atamuratova.


https://t.me/MSHBSH_tarbiyashilari_kanali
66 views𝙄𝙉𝘿𝙄𝙍𝘼 , 08:48
Ашу / Түсініктеме
2022-07-01 11:48:56 https://t.me/MSHBSH_tarbiyashilari_kanali
61 views𝙄𝙉𝘿𝙄𝙍𝘼 , 08:48
Ашу / Түсініктеме
2022-06-24 13:09:33
Yozgi o'yinlar.

Bizning guruhga a'zo bo'lishni unutmang

https://t.me/maktabga_tayyorlov_guruhi
294 viewsINDIRA , 10:09
Ашу / Түсініктеме