Get Mystery Box with random crypto!

🌹🌸MSHBSH TA'RBIYASHILARI KANALI🌸

Telegram арнасының логотипі mshbsh_tarbiyashilari_kanali — 🌹🌸MSHBSH TA'RBIYASHILARI KANALI🌸 M
Telegram арнасының логотипі mshbsh_tarbiyashilari_kanali — 🌹🌸MSHBSH TA'RBIYASHILARI KANALI🌸
Арна мекенжайы: @mshbsh_tarbiyashilari_kanali
Санаттар: Бала күтімі
Тіл: қазақ
Жазылушылар: 2.14K
Арнадан сипаттама

Mektepke shekemgi bilimlendiriw shólkemi tárbiyashilari ushun‼‼‼
Ozinizdiń sabaqliqlariniz,videorolikleriniz bolsa bizge jiberiń..Biz kanalga jaylastiramiz.
Adminka: @Indira_0504

Ratings & Reviews

1.00

2 reviews

Reviews can be left only by registered users. All reviews are moderated by admins.

5 stars

0

4 stars

0

3 stars

0

2 stars

0

1 stars

2


Соңғы хабарлар 14

2022-07-02 22:20:10
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев бүгин Нөкис қаласына келди. Жоқарғы Кеңес депутатлары, Қарақалпақстан Республикасының нураныйлары менен болған мәжилисте Президент Конституцияның 70-71-72-73-74-75-статьялары өзгериссиз қалдырылатуғынын атап өтти.

Каналға ағза болыў:
388 viewsDjumatova Gulmira, 19:20
Ашу / Түсініктеме
2022-07-01 18:39:04 Ҳүрметли пуқаралар, әзиз заманласлар мен ушын ҳәр бир заманласым Қарақалпақстанлылар қәдирли өтиниш көшелерде нызамсыз митинглерде жүрмең, бүгинги митингиңиз бул нызамсыз есапланады, сизлердей болып менде қыйналып атырман сизлерге Д. Тажимуратов ҳақыйқатында да қаншелли қәдирли болса маған қарақалпақ қызы Лола Қаллыханова да оннан да артық қәдирли. Бүгинги митингиңиздиң темасы тек Тажимуратовтың азатлығы болып тур, көпшилигиңиз тек соны қорғап атырсыз лекин өзге қалада және бир жерлесиңиз бар екенин умытпаң!
Ҳәзир ғана бир заманласым телефон арқалы хабар берди қала орайында ҚР Жоқарғы Кеңес баслағы М. Камалов ҳәм сиз қәўетер алып атырған Д. Тажимуратов халық алдында бирге екен, сәўбетлесиў болып атырған. Не болсада ел менен екен лекин әйне ўақытта ЛОЛА ҚАЛЛЫХАНОВА Ташкент қаласында ол қандай аўҳалда екенин билмеймиз соның ушын бағана Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў министри Марьям Ахмедова менен тел арқалы сәўбетлестим барлық имканиятларыңызды иске салып сол қызыңызды қорғаң, айыбы болса қарақалпақстанлы ҳаял-қызлар бәримиз мойнымызға алайық оны айырықша жағдайлардан қорғайық дедим. Нәтийжени күтемиз! ТИЙМЕСИН ҚАРАҚАЛПАҚ ҚЫЗЫНА, АЙЫБЫ БАР БОЛСА ӘШКАРА АЙТСЫН, ОНЫҢ ҲУҚЫҚЛАРЫНА ҚОЛ ҚАТЫЛМАСЛЫҒЫН СОРАЙМАН !
2.1K viewsDjumatova Gulmira, 15:39
Ашу / Түсініктеме
2022-07-01 11:49:03 Тәрбияшы апамыз
Бизге кушак ашады
Айналайын айым деп
Бауырына басады

Бағымдағы гуллерден
Турли гуллер теремен
Сол гуллерден алып мен
Тәрбияшыма беремен

Тәрбияшы апамыз
Бакшадағы анамыз
Еркелетип бизлерди
Аймалайды куанып

Биз бахытлы баламыз
Ашылған гул лаламыз
Бакшамызга хәркуни
Кешикпестен барамыз


https://t.me/MSHBSH_tarbiyashilari_kanali
515 views𝙄𝙉𝘿𝙄𝙍𝘼 , 08:49
Ашу / Түсініктеме
2022-07-01 11:48:58 Қалады
Сөз айта алмадым халықтан асып,
Кеўилге ҳәр гәпи турар нур шашып,
Өмирдиң китабы жатпас шаң басып,
Адамзатқа мийрас болып қалады.

Жанға азық болып татлы мийўеси,
Оятып көплердиң арзыў-ҳәўесин,
Ўатанның көркине қосып үлесин,
Жақсыдан қулпырған бир бағ қалады.

Сызлатып кеўилди салған жарасы,
Сәл жақынлап кетсек жуғып қарасы,
Ата-бабам айтып кеткен ырасын,
Жаман адамлардан тек дақ қалады.

Жаңа әўладлардың жүриўи ушын,
Ибрат алып өмир сүриўи ушын,
Ырыс-несийбесин териўи ушын,
Изде ойлы-бәлент жоллар қалады.

Ўақыттың нызамы етпестен тәсир,
Сөнбестен өтсе де қаншама әсир,
Узақ жасаўында бардай бир тәсил,
Қуяш ҳәм жулдызлар мәңги қалады!

12-июль, 2021
Бахытлы Сарыбаев

https://t.me/MSHBSH_tarbiyashilari_kanali
369 views𝙄𝙉𝘿𝙄𝙍𝘼 , 08:48
Ашу / Түсініктеме
2022-07-01 11:48:57 ЕВРОПА ЕЛИКЛЕСИН БИЗЛЕРГЕ.

(Европа мәдениятына еликлеушилерге)

Биз едик пәлектиң сырларын ашқан
Дүньяға зеб-зийнет илимин шашқан.
Олар бүгин билди, биз болса қашшан
Европа еликлесин бизлерге.

Несине еликлеймиз сайыз санаға
Перзенти бойсынбас ата-анаға.
Баласын тапсырған жетимханаға
Европа еликлесин бизлерге.

Баласы үйленген жынысласына
Қарсы дауа ашқан тууысқанына.
Қуяшы бет бурған зимистанына
Европа еликлесин бизлерге.

Эй, ғапыл заманлас, көз ашып қара!
Ауырыуың асқынар қылмасаң шара.
Аз болдыма жетпис төрт жыллық жара?
Европа еликлесин бизлерге.

Дерлик бәрше илимниң негизи бизден
Бизде ақланбайды өз жанын үзген.
Достының жубайына көзлерин сүзген
Европа еликлесин бизлерге.

Әке турса бизде бала сөйлемес
Анасын хүрметлеп, билер муқәддес.
Оларда қоңсысын танымас, билмес
Европа еликлесин бизлерге.

Бизде жетимлерди сирә жылатпас
Хәтте мал сойсада теуип қулатпас.
Неке қылмай хәтте қолын тутқызбас
Европа еликлесин бизлерге.

Бизде жолда қалмас жолаушы мискин
Ийт-пышықты қоймайды перзенттен үстин.
Күнде катастрофа, руухы түскин
Европа хәуес қылсын бизлерге.

13-Войн. 08.01.2019.

https://t.me/MSHBSH_tarbiyashilari_kanali
278 views𝙄𝙉𝘿𝙄𝙍𝘼 , 08:48
Ашу / Түсініктеме
2022-07-01 11:48:57 Бала:

Сабактан кеш калып койдын'
Саган билезик алып койдым
Папкан'ызга салып койдым
Байрам сауга. Класслас кыз.

Кыз:

Сабактан кеш калганым жок
Билезигин'ди алганым жок
Сеннен сауга сораганым жок
Кайтарып ал билезигин'ди.

Бала:

Озин' агла окыушысан'
Не кылады сауга алсан'
Бир билезик сауга кылсам
Ал саугамды класслас кыз.

Кыз:

Не кылыпты агла болсам
Жаксы окып сауга алсам
Бермейсен'бе томен окысам
Керек емес билезигин'.

Бала:

Кызысан'го сен класстын'
Касына мен китап костым
Байрам саугасы деп достын'
Сен алагой билезигин'ди.

Кыз:

Касын'а сен китап коссан'
Онда озин' жаксы доссан'
Билезигин'ди колга таксам
Якшы алдым билезигин'ди.


https://t.me/MSHBSH_tarbiyashilari_kanali
181 views𝙄𝙉𝘿𝙄𝙍𝘼 , 08:48
Ашу / Түсініктеме
2022-07-01 11:48:57 Қызлар:
Хүрлимандай бақсы болып шығамыз
Халқымызға жақсы болып шығамыз.
Президент исенимин ақлаймыз
Бул дәргайдың нағысы болып шығамыз.

Балалар:
Бақсы болып қолға алып дуутарды
Қосық айтып, сөйлетиңлер сым тарды.
Итибардан шетте қалып кетпейик
Қосып айтың бизлердей мәрт суңқарды.

Қызлар:
Сүуретшилик, сазенделик тарауда
Умтылыңлар ел кәрине жарауға.
Мектебимиз аты шықсын дүньяға
Дүнья сиздей мәрт улларды сорауда.

Балалар:
Қоллап турғай Әжинияздай бабамыз
Бердақ қосығынан мәдет табамыз.
Бизге берген имкәният себепли
Гүллей бергей бул Шоманай қаламыз.

Қызлар:
Ел басының нәзерине түскен дәргай
Даңқы жети журтқа жетип барғай.
Елеспесиз бир шетте турған болсақта
Итибарға алындық, кәрамат бардай.

Балалар:
Әлбетте бабалар қоллап турыпты
Президент сәлемин жоллап турыпты.
Биздей жаслар емин-еркин билим алсын деп
Әскер ағаларымыз қорғап турыпты.

Қызлар:
Онда асығыңлар билим алыуға
Имкәнияттан пайдаланып қалыуға.
Жумабай атадай дүнья таныған
Ғобызды сөйлетип нама шалыуға.

Балалар:
Дуутар алып келип сизлер қосылың
Айтайық Ибрайымның көплеп қосығын.
Басқа қалаларға билдирейик биз
Усы оқыу журтының жөни-жосығын.

Биргеликте:
Эй әзийз халқымның үмит нәлшеси
Қолымызда имкәнлардың бәршеси.
Оқыу журтымызға мәрхамат келиң
Жаңа жылда президент аршасы.


https://t.me/MSHBSH_tarbiyashilari_kanali
153 views𝙄𝙉𝘿𝙄𝙍𝘼 , 08:48
Ашу / Түсініктеме
2022-07-01 11:48:57Қарақалпақлардың бас кийими қандай болған?

Көрген болсаңыз, жыраўлар жырлағанда басына шөгирме кийгизип қояды.
Қобыз ески саз əспабы болғанлықтан ,режиссерлар шөгирме узақ өтмишти билдиреди деген ой менен кийгизетуғын шығар.
Олай болса қарақалпақ жыраўларының бабасы Соппаслы Сыпыра жыраў неге шөгирме киймеген?


Т. Қайыпбергенов ойыншылар шөгирме кийип шыққанда күйип-писип:
- Не ушын булар шөгирме кийеди?Шөгирме қарақалпақлардың миллий бас кийими деп ойлайма екен?!
Қарақалпақлар басына бөрик кийген. Шөгирме түркименлертики!- дегенинде биз онша қоллап қууатламай "Келип-келип,шөгирмени де түркменлерге бережақ ғой" деп гүналар едик.
Енди ойлап турсам ,алпысыншы-жетписинши жыллары бизиң аўылымыздың ғаррылары да шөгирме кийгенлиги есиме түседи. Сонда олар, жақсы шөгирме хəм сеңсең тон сатып алыў ушын Гөне Үргеништиң ямаса Ташаўыздың базарына барар еди.
Усы ўақыяларды еслеп, жақыннан берли сол ақсақал жазыўшымыздың пикиринде жан барма, деген қыялға берилемен. Олай деўимниң себеби,қ арақалпақлар Шыңғыз хан шабылыўынан кейин Едил Жайық бойларына көшеди, ноғайлар менен бирге болады, Кавказды жайлайды. Ҳәзир Кавказ халықының көбиси соппас кийеди. Бул бəлки бизиң, яки Кавксзлардың бизге тəсири емеспе екен?

Буяғын тарийхшылар ойлап көрер. Сонда да сөзимниң дəлили иретинде, 1991-жылы "Арал" журналында басып шығылан сүўретти усынбақшыман.

Қараңлар, қайсысының басында шөгирме бар?! Бəри соппаста. Булар художник салған сууретлер емес. Россия империясы Орта Азияны жаулап алғаннан кейин генерал Кауфман қарақалпақ бийлерин Хийуаға шақыртады. Бул сол ўақытта түсирилген фотодан көширме.
Соған қарап шөгирме бизге, ХХ- əсирдиң басларында қоңсылас Хорезмлилер хəм түркименлерден кирип келди ме деген ойға бараман.

МУРАТБАЙ НЫЗАНОВ

https://t.me/MSHBSH_tarbiyashilari_kanali
125 views𝙄𝙉𝘿𝙄𝙍𝘼 , 08:48
Ашу / Түсініктеме
2022-07-01 11:48:57Ерте заманлардан-ақ тийкарынан жер егип, отырықшы турмыс кеширген қарақалпақлардың турақ жайы қара үй болды.

Улыўма, қара үй халықтың дәстүрине кирген турақ жайы есапланған. Қара үйдиң ҳәзирге шекем қарақалпақларда кеңнен қолланылыўы усының менен дәлилленеди.

Қара үйди усталар соққан, оны халық «үйши» деп атаған.

Қара үй Қарақалпақлар ушын ерте ўақытлардан баслап-ақ, комплексли хожалық – шарўашылық, дийқаншылық ҳəм балықшылық раўажланған.

Қарақалпақлардың қара үйи ағаштың айрықша сортынан - үй тал ямаса тоғай талдан соғылып, кереге, уўық, шаңарақ және маңлайша ҳәм табалдырық пенен бирге ергенектен қуралған. Υйдиң негизи кереге болып, ол бир неше қанаттан ибарат. Υйдиң көлеми қанатлардың санына байланыслы. Қара үй төрт қанатлы, алты қанатлы, сегиз қанатлы болып, қанатлар дөнгеленип орнатылып бир-бирине жүнен тоқылған дизбе менен байланып беккемленген. Υйдиң төбесиндеги шаңарақ пенен керегелерди төменги жағы ийилинкиреп келген уўықлар тутастырып, үйге гүмбез форма береди.

Уўықлардың саны үйдиң неше қанаттаң ибарат болыўына байланыслы. Олар керегениң басларына байланып, шаңарақты көтерип турады. Шаңарақтың айлана дөгерегинде уўықлардың ушлары кирип туратуғын тесиклери болады. Шаңарақ үйдиң уўықларын жоқарғы жақтан бириктирип услап турады. Шаңарақ тоғының үстинги ергенегинен бир-бирине кесе 5-7, ортасы дүнки хада орнатылған. Υйдиң керегеси сыртынан, орта белинен 40-50 см енлиликте жүннен нағыслап тоқылған «ақ басқур» тартып байланған. Уўықтың керегеге бекитилген жериниң жоқарылаўынан, уўықтың иймейинкиреген жеринен қызыл басқур тартып байланған. Бул қурлар үйге сән бериў менен бирге уўық ҳәм кийиз- үзик пенен, ал шаңарақ кийиз түник пенен бастырылған. Керегениң сырты ший менен оралған. Түнлик жатарда жабылып, жақты түсириў ҳәм от жағылған ўақытта түтин шығыўы ушын азанда ашылады. Қара үйге кирип шығыў ушын еки тәрепли ергенек қойылып, оның үстинен арнаўлы тоқылған ший есик жабылады.

Дерек: @QresMinistrlerKenesi


https://t.me/MSHBSH_tarbiyashilari_kanali
107 views𝙄𝙉𝘿𝙄𝙍𝘼 , 08:48
Ашу / Түсініктеме
2022-07-01 11:48:57 Халық бар ма, бизиң Қарақалпақтай?


Кеўлинде ырғалса жәннети бостан,
Елдиң иши талантларға сығасқан,
Жүз томлық дәстаны менен сырласқан,
Халық бар ма, бизиң Қарақалпақтай?

Шаршағанды қолтығынан демеген,
Өзи ҳарып - талыўды ҳеш билмеген,
Пышығына өзгениң пиш демеген,
Халық бар ма, уллы Қарақалпақтай.

Кеңлигине пүткил әлем жайғасқан,
Жаў көринсе табан тиреп айқасқан...
Билгиң келсе ҳаслы тегин байқаслаң,
Қарақалпақ жаны беккем урпақтай.

Алтын балық түспесе де аўына,
Кемтарлығы мегзеп Қара таўына,
Өмиринше кек тутпаған жаўына,
Халық бар ма, уллы Қарақалпақтай?

Қонақтың ҳүрметин билип зыяда,
Мийман десе орын сазлап уяда,
Хызметинде зыр жуўырған дүньяда,
Халық бар ма, бизиң Қарақалпақтай?

Ҳақ жолдасын ойлап қыснақ өткелден,
Тарыспастан әўел достын өткерген,
Ийинлесип аўыр жүгин көтерген,
Халық бар ма, бизиң Қарақалпақтай?

Аспандағы Айқулақтай рәңбә - рәң,
Мәденияты жилўаланған сәнбе - сән,
Көкирегинде диянаты толы кән,
Халық бар ма, бизиң Қарақалпақтай?

Үстиртинде кемип кийик, маралы,
Көз жасындай болсадағы Аралы,
Дым теберик билген усы кәраны,
Халық бар ма, бизиң Қарақалпақтай?

Из қалдырып массагеттиң қүдирети,
Келгенинде қуў қобыздың ирети,
Таў тасларын теңселдирген ҳәсирети,
Халық бар ма, бизиң Қарақалпақтай?

Көк аспандай ашық қалып түңлиги,
Көкирегине көшсе саҳра, қумлығы,
Ҳеш заманда көринбеген сумлығы,
Халық бар ма, бизиң Қарақалпақтай?

Әпиўайы ҳәм садалығы бир төбе,
Қазанындай қайнаса жарма гөже,
Шүкир дейип соғанда төзе - төзе,
Жүрген халық бар ма, Қарақалпақтай?

Бул теберик шайырлардың ўатаны,
Бастан өтип шым - шытырық заманы,
Туўып берген Бердақ киби бабаны,
Халық бар ма, бизиң Қарақалпақтай?

Ҳеш бир елат жетпес туўған уяға,
Деп толқынлап жар салғанда қыяға,
Ҳаўаз қосып мақтанаман дүньяға,
Халық бар ма, уллы Қарақалпақтай?

Автор : Азат Даўышбаев.

https://t.me/MSHBSH_TARBIYASHILAR_TOPARI
100 views𝙄𝙉𝘿𝙄𝙍𝘼 , 08:48
Ашу / Түсініктеме