Get Mystery Box with random crypto!

Сентябрь айы ушын пенсия ҳәм напақа төлемлери байрамнан алдын | KarInform.uz

Сентябрь айы ушын пенсия ҳәм напақа төлемлери байрамнан алдын жүклеп бериледи

Хабарыңыз бар, Өзбекстан Республикасы Президентиниң тийисли пәрманына муўапық, Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик ғәрезсизлигиниң 31 жыллығын мүнәсип белгилеў мақсетинде усы жылдың 1-4-сентябрь күнлери дем алыс күни деп белгиленген.

Елимиздеги кексе жастағы пуқараларды, пенсия ҳәм напақа алыўшыларды және майыплығы болған адамларды қоллап-қуўатлаў, сондай-ақ, ғәрезсизлик байрамын көтериңки руўхта өткериў мақсетинде Қаржы министрлиги жанындағы бюджеттен тыс пенсия қоры тәрепинен усы жылдың сентябрь айы ушын пенсия ҳәм напақа төлемлери нақ пулсыз (банк карталары арқалы) көринисте алатуғын пуқараларға 2022-жылдың 1-сентябрь күнине шекем олардың банк пластик карталарына жүклеп бериледи.

Пенсия ҳәм напақа төлемлерин нақ пул көринисинде алатуғын пуқараларға усы жылдың 5-сентябринен баслап тастыйықланған графиклер тийкарында төлемлер басланатуғынлығы мәлим етилди.

Каналымызға ағза болың @karinformuz