Get Mystery Box with random crypto!

Гүманланыўшы 24 пуқара жәмийетлик кепиллик тийкарында шаңарақл | KarInform.uz

Гүманланыўшы 24 пуқара жәмийетлик кепиллик тийкарында шаңарақларына қайтарылды

Бас прокуратура тәрепинен Қарақалпақстанда болып өткен ўақыяларды бийғәрез түрде үйренип атырған комиссия ағзаларының усынысы ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң өтинишине муўапық, 24 гүманланыўшы жәмийетлик кепиллик тийкарында өз шаңарақларына қайтарылды. Оларға белгиленген қамақ шарасы адамгершилик принциплери тийкарында жәмийетлик қадағалаў ҳәм үй қамағы тәризиндеги шараға алмастырылды. Бул ҳаққында комиссияның рәсмий каналында мәлим етилди.

Комиссия тәрепинен болып өткен ўақыяларды ҳәр тәреплеме терең ҳәм объектив үйрениў жумыслары даўам етпекте.

Каналымызға ағза болың @karinformuz

Telegram | Facebook | Instagram | Youtube | Odnoklassniki